Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.
Кишкене ғана ыдыстағы йод еритпеси ҳәр бир шаңарақтың дәри қутысында табылатуғын шығар. Өйткени, оның ыдысы кишкене болғаны менен жәрдеми әдеўир үлкен. Бүгинги темамыз усы ҳаққында.
Бала тәрбиясында ушырасатуғын кемшиликлер
Нәресте дүньяға келгеннен кейинги дәслепки қырқ күн – нәресте ушын да, анасы ушын да әдеўир әҳмийетли ҳәм қәўипли. «Қырқынан шықпаған бала жердиң баласы емес» деп те айтады базы апаларымыз. Итибар берип қарасаңыз, қырқынан шықпаған баланың көзи қай жерге қарап турғаны белгисиз болып турады. Ал, қырқынан шығарғаннан соң оның көзинен нур таралып, кәдимгидей жан-жағына көз жуўыртып қарайды, көзинде от пайда болады. Халқымыз қырқынан шықпаған баланы ҳеш жерге шығармаған.
«Бул бизиң еркинлигимиз!» Жақында Хиндистан хаққында ҳүжжетли көрсетиўлер циклын көрип шықтым. Мысал ушын Дискавери каналы көрсететуғын, барлығы тәртипли, шырайлы ҳәм керекли затлар түсирилген Хиндистан ҳаққында емес, ал негизги, ишки Хиндистан ҳаққында.
Басқа халықлар киби, бизиң халқымыз да қызларының қулағын тесип, сырға салыўға да үлкен итибар қаратқан. Қулағында сыңғырлаған сырғасы бар қызлар басқаша сулыў көринеди. Сырға таққан қызларға арнап шайырлар қосық жазса, бақсылар сол қосықларды намаға салып жырлаған.
Қыз баланың тәғдири, тәрбиясы ҳаққында сөз еткенде…
«Балалық ўақтымнан баслап тислерим қыйсық өскен. Буннан тысқары, төмендеги еки жақ тисимди де алдырып тасладым. Мине, арадан бир неше жыл өтип, алдыңғы тислеримниң арасы ашылып қалды. Жақында стоматологқа көринсем, брекет тағыўды мәсләҳәт берди. Бул нәрсе ҳақыйқатында да тислеримди алдыңғы қәлпине келтире ала ма? Маған усы бағдарда мәсләҳәт берсеңиз… » Меҳрибан, Нөкис қаласы
Сельдерейди ҳәр ким қәлеўинше пайдаланады: биреў писирип, ал және биреў шийкилей жейди. Ең абзалы, сельдерейди тазалап, шийкилей, таяр тағамға пияздай етип туўрап жеў. Сонда оның қурамындағы пайдалы затлар µз күшин жоғалтпайды. Шийкилей жеўди хош кµрмейтуғынлар сельдерей тамырын қайнап-писип турған тағамға салып, қазан қақпағын беккем жабыўы керек. Сонда селде-рейдиң қурамындағы витаминлер де сақланады, таярлаған тағамыңның да дәми шығады.
Мы все думаем, что употребление в пищу фруктов означает просто покупать фрукты, разрезать их и просто вставлять в наши рты. Это не так просто, как вы думаете. Важно знать, как и когда есть фрукты. Каков правильный способ употребления фруктов? ЭТО ОЗНАЧАЕТ, ЧТО НЕЛЬЗЯ ЕСТЬ ФРУКТЫ ПОСЛЕ ТОГО КАК ВЫ ПОЕЛИ ДРУГУЮ ПИЩУ! ФРУКТЫ ДОЛЖНЫ БЫТЬ СЪЕДЕНЫ НА ПУСТОЙ ЖЕЛУДОК! Если вы едите фрукты на пустой желудок, они будут играть важную роль в детоксикации вашей системы, снабжая вас большой энергией для снижения веса и других видов жизни.
Баланың руўхыйлығын анализ етиўде, бәринен бурын, оған сүўрет салыўы ушын реңли қәлемлер сатып алып бер. Қәлемлерди қай дәрежеде басып ислетиўине ямаса сызықлардың, белгилердиң кµплигине, сондай-ақ үлкен-кишилигине қарап, оның ишки дүньясын, қыйнап атырған машқалаларын билип алыўыңа болады.
15-октябрь – Пүткил дүнья жүзилик қол жуўыў күни деп жәрияланған. БМШ ҳәм Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў Шөлкеминиң экспертлери берген мағлыўматларға қарағанда, қолды жуўмаў машқаласы аянышлы ақыбетлерге алып келеди.
Адам ишиў ҳәм шегиўди тасламаса, өмирдеги барлық ҳәдийселерди оған ашып беретуғын ақылый тынықлықты жоғалтып, бузық дүньяқарасқа ийе болып барады. Соның менен бирге, өзине кеселликлерди, атап айтқанда, туберкулёз ҳәм ракты арттырады.