ҚЫЗЫҢЫЗ ИТИБАРҒА МҮТӘЖ ЕМЕС ПЕ?

RA-img

Қыз баланың тәғдири, тәрбиясы ҳаққында сөз еткенде…


Бул тема инсанды тереңирек ойланыўға мәжбүрлейди. Себеби, қыз тәрбиясы – ҳәмме ушын бирдей жуўапкерли процесс. Жасы үлкенлеримиз шаңарақта қыз перзент дүньяға келсе, қуўанышы көкирегине сыймай кетеди. Бул тегин емес, әлбетте. Өйткени, қызы бар шаңарақта өзгеше бир пайыз, қут-берекет, татыўлық, ең әҳмийетлиси, мийрим-шәпәәт орталығы ҳүким сүреди. Кекселер қызларды «Артымнан жоқлайтуғыным усы» деп қуры айтпаған. Қыз бала қәйтсе де туўысқанларына, ата-анасына меҳрибан болып келеди. Мине усындай ийбели, мийрим-шәпәәтли қызларды дурыс тәрбиялап шығарыў ата-ананың ең тийкарғы ўазыйпасы.

Ҳәзир «Ғалабалық мәденият» деген нәрсе пүткил дүнья жүзинде ен жаймақта. Бул жағдай, әсиресе, қызларға өз тәсирин тийгизбей қалмайды. Ҳәр бир қыз басқалардың итибарын тартатуғын кийим менен көшеге шықпастан алдын, өзи менен бирге шаңарақтың ар-намысын да көтерип жүргенлигин умытпаўы лазым. Қызлар сабырды, жүрис-турысты ҳәм машқалаға дурыс шешим табыўды, бәринен бурын, анасынан үйренеди. Анасында унамлы қәсийетлер жақсы қәлиплескен болса, бул – перзент ушын ең жақсы үлги.

Ана – ҳәр бир қыздың өмириндеги дәслепки устазы, садық досты, керек жеринде сырласы. Қызлар анасының изинен адымлайды, ислеген жумысларын үйренип барады, сабақ алады. «Анасын көрип, қызын ал» деген нақыл да усыннан. Психологлар ҳәмийше «Ана менен қыздың арасындағы дослықты беккемлеў керек» деп айтады. Керисинше жағдайда, қызлар меҳирди – досты менен көшеден излейди. Тәрбияны көшеден алыў қыз бала ушын ҳеш қашан да мақул ис болған емес.

Жоқарыда атап өткенимиздиң бәршеси қыз баланың тәрбиясындағы психологиялық жағдайлар еди. Енди медициналық мәселелерге де тоқталып өтемиз.

Қызлардың денсаўлығына айрықша итибар қаратыў керек болған мәўрит – өспиримлик дәўири. Өйткени, бул дәўирде қызлар организминде гормоналлық өзгерислер бақланып, гинекологиялық раўажланыў процеси жүз береди. Айырым қызларымыздың нерв, асқазан-ишек системаларында бузылыўлар бақланыўы мүмкин. Базылары бул дәўирде ашыўшақ болып кетсе, басқалары аўыр-басық минезли болып қалады.

Өспирим жастағы қызлардың ең жақын көмекшиси – анасы болыўы керек. Оларға жеке гигиена қағыйдаларын үйретип барыў, дурыс аўқатланыў ҳәм кийиниўин қадағалаў ҳәр бир ананың тийкарғы ўазыйпасы. Егерде буларға анасы итибарсыз болса, қызларында жынысый кеселликлер жүзеге келиўи мүмкин. Әсиресе, бул жастағы қызларда семирип кетпеў ушын аз аўқат жеў, тар кийим кийиў жағдайлары бақланады. Бул болса, өз гезегинде, организмде витамин ҳәм минераллар жетиспеўшилигин келтирип шығарады. Тар кийимлер сүйектиң өсиўине тосқынлық етип, организмниң толық раўажланыўына кери тәсирин тийгизеди.

Бүгинги күнниң жасларына жаратылған имканиятлар, шараятларды көрип, көзиң қуўанады. Ҳаял-қызлар ушын бәрше есиклер кең ашылған. Олар билим алыў, дөретиўшилик бағдарында жоқары шеклерди биймәлел ийелеўи мүмкин. Бул болса, елимизде инсан мәплери раўажланып атырғанлығын билдиреди.

Бирақ, заман раўажланған сайын шаңарақларда қызлар тәрбиясына итибарсызлық бираз күшейип баратырғандай. Интернет, социаллық тармақлар адамлардың жеке (тийкарында сыр тутылыўы керек болған) мүнәсибетлери жәрияланатуғын минберге айланып үлгерди. «Ғалабалық мәденият» – мине усы жерде күн сайын ен жаймақта. Гейде мектеп ямаса колледжде оқып атырған қызлардың гәп-сөзлерин еситип, жүрис-турысын, өзин тутыўын көрип, бетиң қызарып кетеди. Еле 15 жасқа да толмаған қызлар муҳаббат ҳаққында сиз бенен биймәлел гәп сатысыўға, ҳәттеки, даўласыўға да таяр. Әсиресе, социаллық тармақлардағы жас қызлардың өзин реклама етип турған сүўретлерин көрип, «Не ушын халқымыз ҳаял-қызларына тән ийбелиликти жер менен жексен етип атырсаң?!» деп урысқың келеди. Булар нениң белгиси? Тәрбия мәселеси бүгин қайсы тәрепке аўысып кетти?

Усы орында бир сораў қыйнайды: аналар бул ўақыяларда қандай орын ийелемекте? Еле мектеп жасындағы қызына заманагөй телефон алып берип, оның социаллық тармақларда «жулдыз»ға айланып атырғанлығынан бийхабар әкелер қай жерде алжасты екен?

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар