Сельдерейди ҳәр ким қәлеўинше пайдаланады: биреў писирип, ал және биреў шийкилей жейди. Ең абзалы, сельдерейди тазалап, шийкилей, таяр тағамға пияздай етип туўрап жеў. Сонда оның қурамындағы пайдалы затлар µз күшин жоғалтпайды. Шийкилей жеўди хош кµрмейтуғынлар сельдерей тамырын қайнап-писип турған тағамға салып, қазан қақпағын беккем жабыўы керек. Сонда селде-рейдиң қурамындағы витаминлер де сақланады, таярлаған тағамыңның да дәми шығады.
Сельдерей адамның жумыс ислеў қәбилетин күшейтеди, нервин тынышландырады, уйқысын жақсылайды. Оның қурамындағы эфир майы шаршағанды шығарады, актив бирикпелер стресс гормонын кемейтеди.
Жаңа сығылған сельдерей суўы организмди токсинлардан тазалайды, сидикти айдаў қәсийетине ийе. Қартайыўды пәсейтеди. Зат алмасыўды нормалластыратуғын болғанлықтан, семизлик ҳәм қантлы диабетте, тери кеселликлеринде усыныс етиледи. Селдерейдиң суўын күнине 100 мл.ға шекем ишиўге болады.
Сельдерей суўына 1 ас қасық пал араластырып, аўқаттан алдын ишсеңиз, сиңимли болады ҳәм иммун системасы беккемленеди. Сондай-ақ, араласпа иштейди де кемейттиреди — бул қәсийети жағынан ол семизликтен қутылыўға умтылған адамларға жүдә пайда береди. Артықша салмақты машқала етип жүргенлерге сельдерейдиң пақалы ҳәм суўы да қол келеди.
Сельдерейди сатып алғанда жаңа үзилгенлерин таңла. Тамыр ҳәм пақалының пүтинлигине итибар бер. Пақалы ҳәм жапырақлары жылтыр және сәл жасыл болыўы зәрүр. Қойыў жасыл пақаллысы да пайдалы, µйткени қурамында А витамини кµбирек.
Солыған, сары пақаллы сельдерейди сатып алмаң.
Шириген сельдерейде канцероген затлар болады.
Жаңа сельдерейди гезлемеге, целлофан қалтаға яки алюминий фольгаға орасаңыз, музлатқышта 2 ҳәптеге шекем сақлаўға болады. Солыған жапырақларды пайдаланыўдан алдын салқын суў жәрдеминде оларды «жанландырыў» керек. Әсте қайнатсаңыз, сельдерей тәбийийлигин жоғалтпайды.
Бир кишкене сельдерейдиң пақалында витамин А ҳәм С ның 6-7% күнлик муғдары ҳәм кµп муғдарда витамин В1, В2, К және РР бар. Сондай-ақ, ол басқа пайдалы затларға да бай: темир, калий, магний, фосфор, фолат кислотасы, каротин, фитонцид, флавоноид. Тамырының қурамында 14 процентке шекем белок бар. Басқа палыз µнимлеринен парықлы, сельдерейдиң қурамында ас дузының орнын басыўшы органик натрий бар. Сельдерей тамырынан таярланған дуз аўқаттың организмге сиңиўин аңсатластырады. Ең әҳмийетлиси — ол ас дузындай болып буўынларда топланбайды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…