ҚОЛДЫ ДУРЫС ЖУЎЫЎДЫ БИЛЕСИЗ БЕ?

Примбетова Салтанат Жалғасбаевна, 1-санлы Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы Жәмийетлик Саламатлық техникумының 1-категориялы Тери ҳәм венерик кеселликлери пәни оқытыўшысы
RA-img

15-октябрь – Пүткил дүнья жүзилик қол жуўыў күни деп жәрияланған. БМШ ҳәм Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў Шөлкеминиң экспертлери берген мағлыўматларға қарағанда, қолды жуўмаў машқаласы аянышлы ақыбетлерге алып келеди.


Не себептен буншелли зәрүр?

Патас қоллар Азия ҳәм Африкада балалар өлимшилиги жоқарылығының тийкарғы себеплеринен бири есапланады. Патас қоллар арқалы адам организмине бир қанша вирус ҳәм бактериялар, кеселлик қозғатыўшылары жуғады.

Илимпазлардың өткерген изертлеўлерине қарағанда, қолларымыз бенен бактериялардың дерлик 4700 түрин тасыйды екенбиз! Көпшилик инфекциялар қолларды жуўмаў себепли келип шығады. Қолларды аўқаттан алдын, ҳәжеттен кейин, ҳайўанлар ямаса наўқаслар менен байланыста болғаннан соң, жәмәәтлик транспортта жүргеннен кейин, әлбетте, сабынлап жуўыў керек.

Адамлар қолларын аз жуўғаннан кейин квартира инфекция жетилистиретуғын орынға айланып қалады. Өйткени, микроблар есиктиң тутқышлары, электр үскенелериниң өширип-жағатуғын жерлери, столдың үсти, ванна, ҳәжетхана, кийим-кеншек, көрпе-төсек ҳәм сүлгилерге жыйналады. Патас қоллар асқазан-ишек инфекциясының тийкарғы себепшиси болып табылады.  

 

Қолды дурыс жуўыў керек!

 Қол қалайынша дурыс жуўылады?

– кранды ашың;

– қолды сабынлаң;

– кран тутқышын сабынлаң;

– кран тутқышы менен қолдағы сабынды жуўың;

– қолды және сабынлаң – алақанлардың ишки ҳәм сыртқы тәреплерин жуўың;

– тырнақларды да естен шығармаң – олардың астын сабынлаўға ҳәрекет етиң;

– сабынды кем дегенде 30 секунд ысқалаң;

– сабынды жуўың;

– кранды өшириң;

– сүлгиден пайдаланың.

Бул қағыйдалар жәмәәтлик ҳәжетханалар ушын екенлиги түсиникли. Үйдеги кран ҳәмийше таза болыўы керек.

Қолды жуўыў керек:

– қолыңызда ҳеш нәрсе қалмасын, әсиресе, тағыншақларды шешиң ҳәм оларды бөлек жуўың;

– сабынлап жуўың. Сабын молекулалары патаслықларды бийғәрез жоқ ете алады;

– көпиртип жуўың – сабын көбиги қаншелли көп болса, тери соншелли тазаланады. Олар тийкарғы патаслықты тазалайтуғын қураллар. Яғный, көбик патас нәрселерди механик рәўиште жоқ етеди;

– көп суў менен жуўың – өйткени, қолға сабын ысқаланғаннан кейин көбикти жақсылап жуўыў керек. Суў тек ғана патас нәрселерди емес, ал сабын қалдықларын да тазалайды.

 

Пайдалы мәсләҳәтлер

Ҳәзирги ўақытта ғалаба ен жайған бактерицид сабынлардан көп пайдаланыўға болмайды. Олар теридеги зыянлы микроблар менен қосып пайдалыларын да жоқ етип таслайды. Сол себепли, бактерицид сабынды тек ғана жараланған, тырналған, жарылған, кесилген жерлерди жуўыў ушын қолланың.

Аллергияда ҳәм тери оғада тәсиршең болғанда ҳәр түрли қосымшаға ийе сабынлардан пайдаланбаған мақул. Бундай ҳалатта балалар сабыны менен жуўыныў усыныс етиледи. Ол өзине тән усылда таярланады.

Териси қурғақ адамларға сабынның арнаўлы түрлерин сатып алыўды мәсләҳәт беремиз. Майсызланған терини тиклеўге мөлшерленген сабынға ланолин, спермацет ямаса өсимлик майы қосылады. Егер тери майлы болса, қандай да бир косметикалық сабыннан пайдаланыўыңызға болады.

Не болғанда да, сабын сатып алып атырғанда тәбийғый ямаса синтетик екенлигине итибар қаратың. Синтетик сабын терини ҳәдден тыс жақсы жуўыўы мүмкин. Ол пүткил май қатламын да тазалап жибереди, сол себепли олар қурғақ териге туўра келмейди.

Қызықлы мағлыўмат

Колорадо университетиниң илимпазлары изертлеў өткерип, ер адамларға салыстырғанда ҳаяллардың қолында 1,5 есе көп микроб жасайтуғынлығын анықлады.

Ҳаял адамның қолы ҳәр қыйлы микроорганизмлер өмир сүриўи ушын ең жақсы орталыққа ийе екен. Ал, ер адамның қолындағы кислоталылық дәрежесиниң жоқарылығы микроблардың жасаўы ушын оншелли туўра келмейди екен.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар