ӨКПЕГЕ ГИРТ ТҮСПЕСИН

RA-img

Адам ишиў ҳәм шегиўди тасламаса, өмирдеги барлық ҳәдийселерди оған ашып беретуғын ақылый тынықлықты жоғалтып, бузық дүньяқарасқа ийе болып барады. Соның менен бирге, өзине кеселликлерди, атап айтқанда, туберкулёз ҳәм ракты арттырады.


Француз илимпазларының мағлыўматларына қарағанда, жетик жаста өкпе туберкулёзине жолыққан жүз наўқастан 95 и шегиўшилердиң есабына туўра келеди екен.

Илимпазлар күнине 1 қуты сигарет шегетуғын адамлар өз өмирин 5 жылға қысқартады, деп жәриялады. «Егер адамлар улыўма шекпей қалса, – дейди атақлы англиялы илимпаз Джорд Дан, – бундай жағдайда рак кеселликлеринен өлиў дәрежеси 3 есе азайған болар еди. Өкпе ҳәм дем алыў жолларының базы кеселликлери әмелде улыўма жоғалып, жүрек кеселликлеринен өлиў болса, 4 есе азаяр еди».

30 жылдан аслам ўақыт рентгенолог болып ислеген адамнан: «Саламат адамның өкпеси рентгенде қандай болып көринеди?» – деп соралды. «Саламат адамның өкпеси рентгенде көк шөплерге бүркенген даланлыққа уқсап көринеди. Узақ жыллар темеки шеккен адамның өкпеси болса, тап қурым басқан қараўсыз гөне жайға уқсайды», деди ол.

АҚШлы илимпазлар тексериўлерден соң мынадай жуўмаққа келди: күнине 20 дана сигарета шегетуғын адам шекпейтуғынларға салыстырғанда өкпе рагы менен 20 есе көп наўқасланады екен.

Турақлы шегетуғын адамлардың организми зәҳәрленеди. Темекиниң түтини өкпениң силекейли қабатына отырып, оны қышыта баслайды, нәтийжеде адам турақлы жөтелип, қақырық таслап жүреди. Кейин-ала тезирек жүрсе, жуўырса қыслығатуғын болып қалады. Соңынан болса, бас мийдиң жумысына тәсир ете баслайды – еслеў қәбилети төменлейди, уйқысы бузылады, бас тез-тез аўыратуғын болып қалады.

Тек ғана темеки емес, ал басқа зәҳәрли элементлер де ҳәр кимге ҳәр қыйлы тәсир етеди. Бир шегетуғын адамның организми темеки тәсиринде 40 жылда изден шықса, басқасы 10 жылда изден шығыўы ҳәм аўыр кеселликлерге жолығыўы мүмкин.

Сигарета шегетуғын адамның өзине емес, әтирапындағы инсанларға көрсететуғын тәсири оғада күшли. Әсиресе, өжирениң ишинде шегип атырған болсаңыз, оның түтинин басқалар да жутыўға мүжбүр. Шегетуғын адамлардың перзентлеринде дем алыў жоллары кеселликлери, ҳаялында болса өкпе рагы еки есе көп ушырасады екен.

Сигаретаның түтини суўдан өткенде, ол зыянлы элементлерден қутылып, суўыйды. Бирақ, толық емес. Түтиндеги көплеген қурам бөлеклер суўда еримейди. Бул көплеген зыянлы элементлер шегиўшиниң өкпесине тиккелей өтеди, дегени.

Сигаретаның түтининде азот, кислород, углерод оксид, никотин, қытықлаўшы ҳәм ракты қозғатыўшы канцерогенлер және басқа да элементлер бар.

Демек, өкпе кеселлигине жолықпайын десеңиз, шегиўди таслаўыңыз тийис. Егер өзиңизге күшиңиз жетпесе, сөзиңиздиң үстинен шыға алмасаңыз, гүмис нитраттың күшсиз еритпеси менен аўызыңызды шайың. Соңынан шегиң. Сонда өз-өзинен сигаретаны таслап жибересиз. Ҳәр бир адам шегиўди таслайман десе, шекпей жүре алады. Сондай-ақ, шегиўди тасламақшы болсаңыз, заманагөй дәри препаратлары да бар.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар