«Бул бизиң еркинлигимиз!»
Жақында Хиндистан хаққында ҳүжжетли көрсетиўлер циклын көрип шықтым. Мысал ушын Дискавери каналы көрсететуғын, барлығы тәртипли, шырайлы ҳәм керекли затлар түсирилген Хиндистан ҳаққында емес, ал негизги, ишки Хиндистан ҳаққында.
Көрсетиўлердиң бас қаҳарманы көп қызықлы орынларға барады, көп адамлар менен ушырасады, соның ишинде дервиш йогалар менен де. Оған қарап тамашагөйлерде де Хиндистанға барыўды қәлеў сезими пайда болары турған гәп.
Бирақ, гәп ол ҳаққында емес. Көрсетиўдиң баслаўшысы ҳәр бир ҳиндистанлыға бәрқулла өзин қыйнап турған «Не ушын, илимдеги ҳәм техникадағы дүнья жүзилик улыўма раўажланыў болып атырған ўақытта ҳәм илимий-техникалық раўажланыўдың сөзсиз қолайлығына қарамастан, сизлер бәри бир мың жыллар болған технологиялардан пайдаланасыз?» деген бир сораўды береди.
Ол адамлардың электроэнергиясы болыўына қарамастан, кийимлерин ишинде шоғы бар болған үлкен утюглар менен басып атырғанын көреди. Олар автомашиналардан пайдаланыў имканияты болыўына қарамастан, үлкен жүклерди велосипедлерде алып жүреди. Кирди дәрьяда, урып жуўыў усылы менен жуўады… Не ушын?
Адамлардың дерлик барлығы, оған: «Бул бизиң еркинлигимиз!» деп жуўап береди.
Таң қаларлы жуўап, дурыс емес пе? Бул олардың еркинлиги. Олар нефттен, газден, бензиннен еркин. Мейли, дүнья жүзи нефть баҳасының көтерилгенинен ақылдан азаберсин. Оларға болса бәри бир.
Олар азанда малдың тезегин шаппатлап, оны қуяшта кептиреди. Ал керек болған ўақытта, олар усы шаппатланған тезек пенен әпиўайы печьти қыздырады ҳәм әпиўайы аўқатты писиреди. Электроэнергия жоқ болып кетсе де, олардың пәрўайы пәлек. Ҳиндистанлылар оннан да еркин. Олардың шыра жағыўға керек майды беретуғын маллары бар. Оларға көп затлар керек емес.
Әне усындай адамлардан бизиң дүньямыздағы саўдегерлер қорқады. Сол ушын да олар сизди жасалма затлардан пайдаланыўға мәжбүрлейди. Биз миллиардлаған адамларды өзине бойсындырған бир топар адамлардан ғәрезлимиз. Ал жоқарыда атап өтилген, мың жыллар даўамында дәрьяда қолы менен кийимлерин жуўған ҳәм усы тәризде жуўыўды даўам еттирип атырған адамлар болса – еркин. Бул олардың еркинлиги. Олар сизлерди де еркинликке үйретеди. Жаңа айподларыңыз, мерседеслериңиз бенен мақтаңбаң. Буның барлығы сизиң қуллықта болғаныңыз. Бул затлар сизди еркин етпейди. Сиз бул затларсыз жасай алмайсыз.
Биз ҳәзирги заманда адамлардың аўыллардан қалаларға келип атырғанының, бул жерде олардың ҳәр бири машина, квартира, компьютер, айфон көринисиндеги арзымас нәрселерге ерисип, еркинликлеринен айырылып атырғанының гүўасы болмақтамыз.
Сизге еркинликтиң жолын көрсететуғын бирден-бир нәрсе бул – жаны жоқ затларсыз жасаў уқыплылығыңыз. Жаны жоқ затлар сизди де жансыз етеди.
Бул жерде гәп тек ғана ҳиндистанлыларда емес. Тап усындай затты сизге тибетлилер, сибир төрлериндеги орыслар да айтады.
Еркин болып қәлиплесиң. Өмириңизди усындай сырты жылтырақ, ал иши сизди қул етип, сиздеги баслы нәрсе болған – еркинликти набыт ететуғын, арзымас затларға алмастырмаң.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…