Бала тәрбиясында ушырасатуғын кемшиликлер
Өтирикши адам қайдан шығады?
Бала ўақтында сиз оны «Ойнатып атырман» деп, итибар бермей, алдай бересиз. Қолыңызда жоқ болса да, «Балам, берман кел, шоколад беремен» деп өтирикти айтасыз. «Қаяққа барасыз?» деп есиктен жылап, шығарып салып турған балаңызға «Ҳәзир келемен» деп узааақ хызмет сапарларға кетесиз. Усы тәризде баланың бойына өтирикти сиңдирип, жәмийетте ўəдесинде турмайтуғын және бир өтирикшиниң көбейиўине үлес қосасыз.
Парахор адам қайдан шығады?
Қандай да бир жетискенликке ерискен балаға саўға берип, жыллы сөз айтып, арқасынан қағыўдың жаман жери жоқ. Ҳәттеки, бул нәрсе оның және де раўажланыўына түртки болады. Бирақ, сиз балаңызға көбинесе саўғаны келисимли шәрт пенен алыўды үйретесиз. Қалайынша дейсиз бе? Мəселен, «Балам, сабақты жақсы оқысаң, велосипед алып беремен» ямаса «Мусорды төгип келсең, музқаймаққа ақша беремен» ҳәм т.б. Бул жағдай келешекте де бир нәрсе алмаса, ҳеш кимниң жумысын питкермейтуғын парахордың келип шығыўына түртки болады.
Мийримсиз адам қайдан шығады?
Балаңыздың қолына сүйикли нəрсесин алып берип, «Енди əкең жақсы ма, анаң жақсы ма?» деген сораўды қойыў арқалы екеўин тең жақсы көретуғын баланың психологиясына қаншелли дәрежеде зыян тийгизетуғыныңызды билесиз бе? Сол ўақытта өзине керегин алыў ушын сизге иши жылып турған балаңыздың «Əкем жақсы» деген сөзин еситип, мəс болғаныңыз бенен, ертең дүньясы бар адам менен жыллы сөйлесип, дүньясы жоқ адам менен қол алыспайтуғын, мийримсиз адамды тəрбиялап атырғаныңызды сезбейсиз.
Өсекши адам қайдан шығады?
Жылап атырған балаңызды жубатыў ушын «Мениң балам жыламайды, жылай беретуғын қоңсының баласы Саламат, ол қашан көрсең жылап жүреди» деп басқа адамның сыртынан өсек айтатуғын да өзиңиз. Ямаса, кешки шайға ҳәмме жыйналған ўақытта балаңызды шақырып алып, «Қәне балам, Мурат қәйтип қурылдайды, Айгүл қәйтип жүреди, бир көрсетип бер» деп басқаларды ермеклеп, мазақлаўды үйрететуғын да сиз. Сондай-ақ, ара-тура өмирлик жолдасыңыз бенен бирге балаңыздың көзинше қоңсыңызды ямаса кәсиплесиңизди де жаманлап аласыз ҳәм усы тәризде бир өсекшил адамды таярлап шығарасыз.
Пәтиўас сөйлейтуғын адам қайдан шығады?
Егер билсеңиз, перзентиңиз сизиң айнадағы сәўлеңиз болып есапланады. Сиз өзиңиз балаңыздың көзинше сөгинип сөйлейтуғын болсаңыз, перзентиңиз келешекте аўызынан ақ ийт кирип, қара ийт шығатуғын нағыз пәтиўасқа айланады. Соның ушын да, бәринен бурын өзиңиздиң сөйлеў мәдениятыңызды дурыслаң.
Жуўмақлап айтқанда, балалар барлық нәрсени ата-анасынан, әтирапындағы жасы үлкенлерден көрип үйренеди. Сиз ериншек болсаңыз, балаңыздың мийнетсүйгиш инсан болыўы қыйын. Өзиңиз үйге ишип келсеңиз, оған арақтың жаман нәрсе екенлиги ҳаққында қанша лекция оқығаннан пайда жоқ. Сонлықтан, дәслеп өзлеримиз перзентлеримизге жақсы үлги болыўымыз керек. Өйткени, өмирдеги үлкен қәтеликлердиң барлығы – кишкене қәтелерден басланады. Усыны умытпаң қәдирли ата-аналар!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…