Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.
Нәресте күн сайын өсип, ана қолында жатыўшы пассив тамашагөйден дуньяны түсиниўши белсенди қатнасыўшыға айлана баслайды. Бурылыў, думалаў, еңбеклеў, жүриў, жүгириў… Бул балаға тән билимлердиң әсте-ақырын өзлестирилиўи ата-анаға бир әлем қуўаныш бағышлайды.
ЯМАСА БАЛА НЕГЕ ЖАЛҒАН СӨЙЛЕЙДИ?
Биз адамлар өз ис-ҳәрекетлеримиз, тәртип-интизамымыз бенен өзгелерге үлги боламыз, өз гезегинде олардан өрнек аламыз. Нәзер салың, ҳәр нәрседе үлги бола алған инсан узақ ҳәм бахытлы өмир кешириўде де басқаларға өрнек бола алыўы мүмкин екен. Төменде буны табыслы орынлай алғанлардан бул ҳаққындағы қызық усынысларын итибарыңызға усынамыз.
Адам баласының туўылғаннан баслап ер жетемен дегенше булшық ет ҳәм сүйеклериниң көлеми артып барады. 35 жастан кейин инсан организми өсиўден тоқтайды. Мине, тап усы дәўирден баслап (ямаса оннан алдын) дене салмағына итибар қаратыў, оны бир нормада сақлаў керек. Өйткени, денедеги булшық ет тоқымаларының орнын май тоқымалары ийелей баслайды. Булшық ет тоқымалары денедеги энергияны сарплаўға хызмет етсе, май тоқымалары оны организмге топлайды. Ақыбетинде инсан семире баслайды.
Әййемги грек шыпакерлери асқазан асты безин «pancreas» – «турысы менен гөш», деп атаған. Кеселлик аты да соннан келип шыққан. Бул бездиң организмдеги ўазыйпасы – аўқатты сиңириў. Сондай-ақ, ол энергия алмасыўы және басқа да бир қатар әҳмийетли процесслерде қатнасады. Мәселен, бул бездиң ферментлери ишеклерде белок, май ҳәм углеводларды сиңириўге жәрдем береди. Ондағы гормонлар болса (инсулин, глюкагон ҳәм басқалар) қандағы глюкозаның дәрежесин қадағалайды.
Көпшилик нәрестелерде өмириниң дәслепки күнлеринен баслап қарнының желлесиўи бақланады. Бүгинги темамыз усы метеоризмниң себеплери ҳәм оннан қутылыўдың жоллары ҳаққында болады.
Әўмет – биз оның ҳәмийше жанымызда жүриўин қәлеймиз. Ата-бабаларымыз пәтия берген ўақытта да «әўмет» сөзине айрықша итибар қаратып келген. Бирақ, әўметтиң де инсан пазылетлеринен бирине айланыўы ушын оны тәрбиялаў керек екенлигин билесиз бе? Буның ушын оның өзине жараса қағыйдаларына бойсынсаңыз, болғаны. Демек, перзентлеримизди әўметли инсан етип тәрбиялаўды баслаймыз. Оның биринши қағыйдасы – мийнетсүйгишлик.
Мы часто слышим, что зелень просто необходима при определенных заболеваниях и конституциях тела. Однако в большинстве случаев мы проходим мимо зеленых прилавков, а наш повседневный рацион ограничивается укропом и петрушкой. Поэтому предлагаем узнать 10 интересных фактов о зелени, о которых вы, возможно, не догадывались.
Қатық — бәршемизге бирдей сүйикли ҳәм пайдалы өним. Оның қурамында белок, минерал дузлар ҳәм бир қанша витаминлер бар. Кеселликтиң алдын алыў ямаса емлеў ушын оны ишкенде, организмге аңсат сиңеди, ишеклер тәрепинен тез сорылады. Жас балаларда көп ушырасатуғын дисбактериоз ҳәм диареяны емлегенде де қатықтан пайдаланыўға болады. Соның менен бирге, ол денемизди бир қанша кеселликлерден қорғайды.