ОРГАНИЗМГЕ НЕ КЕРЕК ЕКЕНЛИГИН ӨЗИ БИЛЕ МЕ?
«Айтыўларына қарағанда, организм оған не кереклигин өзи биледи екен, сол себепли, қандай да азықлықты унатсаңыз яки кеўлиңиз күсеп қалса, нәпсини тыйыўдың кереги жоқ екен. Сол дурыс па? Өйткени, айырымлар биз зыянлы деп билген мазалы затларға өш болады. Организмниң ҳақыйқый мүтәжлигин ынжықлықтан қалай парықлаў мүмкин?»
‒ Егер биз пәмлирек болғанымызда еди, тәбийий жемис пенен азықланған, таза ҳаўадан дем алған ҳәм көп ҳәрекет еткен болар едик. Сонда, растан да, жемис таңлаўда ишки сезгилеримизге сүйениўимиз мүмкин еди. Бирақ ҳақыйқатында да заманагөй турмысымыз сондай дүзилген, тек қәлеўлеримизге сүйенсек болмайды. Пончик қәлеп атырғаныңызды қаяқтан билесиз? Бәлким, қанда глюкоза дәрежеси пәсейип кеткен шығар яки қантқа қарам болып қалған шығарсыз. Және бир орынлы сораў туўылады: неге барлық мазалы өнимлер арасынан тәбийий қант дәреги есапланған мийўелер орнына тап сол зыянлысы – пончикти таңлайсыз?
Белгили өнимлерге талпыныў, аўқатланыў әдетиңиз (азықлыў пенен жубанасыз) қайсы бир витаминлер жетиспей атырғанынан да (организм оларды аўқаттан алады), микрофлора бузылыўынан да (базыда мазалы гүлшени өзиңиз емес, ишеклериңизге жайласып алған патоген бактериялар талап етеди) дәрек бериўи мүмкин. Ҳәр бир жағдайды айрықша үйренип шығыў керек.
ГӨШ ӨМИРДИ УЗАЙТА МА?
Ҳәзир гөшти көп қабыл етиў зыянлы екени айтылмақта. Бирақ Кавказда, мәселен, гөшти жүдә көп қабыл етеди, соған қарамай узақ өмир көреди…
Ҳәммеси сиз ойлағандай емес. Изертлеўлердиң көрсетиўинше, узақ өмир көриўшилер тийкарынан гөш аз қабыл ететуғын аймақларда жасайды. Бул салыстырғанда нашарлаў аймақлар болып, ол жерде халықтың ҳәр күни қой сойыўға имканияты жоқ. Олар тийкарынан сүт өнимлери, от-шөп, тамыр, палыз өнимлери қабыл етеди. Бул нызамлық узақ өмир көриўшилер көпшиликти қурайтуғын барлық аймақларға тән: Япония, Италия, Кавказ…
ӨМИРДИ УЗАЙТЫЎШЫ 5 КРИТЕРИЯ
1-критерия – кем калория;
2-критерия – кем гөш;
3-критерия – көп мийўе-палыз;
4-критерия – кем дуз ҳәм қант;
5-критерия – көп ҳәр қыйлылық.
ПАЙДАЛЫ ФАСТФУД
Ҳәзирги күнде көпшилик дурыс аўқатланыў нелигин түсинип жетип атыр. Бирақ ўақыт тығызлығы себепли көпшилик жағдайларда фастфуд пенен аўқатланыўға туўры келеди. Буның шарасы бар ма?
Ҳәтте тағамды тез таярлайтуғын орынларда аўқатланыўға мәжбүр болсаңыз, бургер я қуўырылған картошка орнына салат яки палыз өнимлери салып оралған лаваш жеў мүмкин. Яки өзиңиз бенен алмурт, алма, гешир алып жүрсеңиз болады. Бул жақсырақ аўқат таярлайтуғын жерге жетип барыўға имкан демек. Өзиңиз бенен ҳәмийше суў алып жүриң. Себеби ашлық деп ойлаған ҳалат көбинесе шөллеў болып шығады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…