ҮЛКЕН ҚАРЫН – ЕРКЕКЛЕР ДУШПАНЫ

RA-img

Адам баласының туўылғаннан баслап ер жетемен дегенше булшық ет ҳәм сүйеклериниң көлеми артып барады. 35 жастан кейин инсан организми өсиўден тоқтайды. Мине, тап усы дәўирден баслап (ямаса оннан алдын) дене салмағына итибар қаратыў, оны бир нормада сақлаў керек. Өйткени, денедеги булшық ет тоқымаларының орнын май тоқымалары ийелей баслайды. Булшық ет тоқымалары денедеги энергияны сарплаўға хызмет етсе, май тоқымалары оны организмге топлайды. Ақыбетинде инсан семире баслайды.


Ер адамларда семизликтиң келип шығыўының өзине тән себеплери бар. Бул дизимге, бәринен бурын, нормадан зыят аўқатланыўды киргизсе болады. Бунда аўқаттың қурамындағы калория адамның физикалық ҳәрекетлерине сәйкес келмейди. Анығырақ етип айтатуғын болсақ, сонша аўқат жесе де, қыймылдағысы келмейди. Буған қосымша рәўиште организмде жүз берип атырған гормоналлық өзгерислер және эндокринлик кеселликлер (мәселен, қантлы диабет) семизликтиң келип шығыўына имканият жаратып береди.

Илимпазлар ер адамлардың ҳаялларға салыстырғанда 70 процент көбирек аўқат жейтуғынын анықлаған. Буның себеби әпиўайы: ер адам организминиң булшық ет массасы ҳаялларға салыстырғанда аўырлаў. Усыған бола, ер адам организми көбирек энергияға мүтәж. Бирақ, иштейим жақсы деп, қарнымыз айланып кеткенше аўқатланыўға болмайды.

 

Қарын қойған еркеклер кеселлиги

Еркеклер аз ғана семиргеннен қарын қояды. Бирақ, усы бел ҳәм қарын саласында артықша май жыйналыўы денсаўлық ушын оғада зыянлы. Өйткени, бул майлар баўырда топланып, зат алмасыўының бузылыўына алып келеди. Нәтийжеде холецистит, қантлы диабет, жүрек-қан тамыр кеселликлери (әсиресе, гипертония)не жолығыў қәўпи жүзеге келеди. Түнде дам алыўдың тоқтап қалыўы (апноэ) да семиз еркеклерде көп бақланады.

Сондай-ақ, семизлик еркектиң жынысый өмирине де унамсыз тәсир етеди. Артықша салмақ ер адамдағы тестостеронның муғдарын азайтады. Нәтийжеде олардың сақалы да әстен өсе баслайды, жынысый мейиллиги де әззилейди.

 

Азыўға байланыслы усыныслар

Азыў ушын, бәринен бурын, күнделикли аўқатыңыздың қурамында май ҳәм углеводлардың азырақ болғанына итибар берген мақул. Майлы гөш, консерваланған балық, сары май, нан, қамырлы тағамлар, сыр, шоколад, музқаймақ ҳәм басқа да мазалы нәрселерди илажы барынша азырақ жеўге ҳәрекет етиң. Өйткени, бул өнимлердиң қурамында углевод көп болып, олар семириўге алып келеди.

Азыў мақсетинде мийўе сокларын ишиў оғада пайдалы. Қайнатпа сорпа ҳәм палыз өнимлеринен салат таярлап жеў де азыўға жәрдем береди. Семиз еркеклер сулы ямаса тарыдан таярланған каша жеўи, кисель ишиўи де мүмкин. Бул өнимлер ишеклерди зыянлы шлаклардан тазалап, витаминлердиң қанға сиңиўине жәрдем береди. Сондай-ақ, азыўға физикалық шынығыўлардың роли оғада үлкен.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар