Нәресте күн сайын өсип, ана қолында жатыўшы пассив тамашагөйден дуньяны түсиниўши белсенди қатнасыўшыға айлана баслайды. Бурылыў, думалаў, еңбеклеў, жүриў, жүгириў… Бул балаға тән билимлердиң әсте-ақырын өзлестирилиўи ата-анаға бир әлем қуўаныш бағышлайды.
ОМЫРТҚАНЫ БЕККЕМЛЕЙДИ, ЖАЗЫЎЫН СУЛЫЎ ЕТЕДИ…
Еңбеклеў – раўажланыўдың қызық ҳәм әҳмийетли басқышы. Бул арқалы бала тек ғана булшық етлери менен омыртқасын емес, ал үлкен-киши моторикасын да раўажландырады. Ҳәрекетлер оны пикирлеўге де шақырады. Қалаберсе, енди ол өз денесин басқарыўға өтти. Еңбеклеўдиң руўхыятқа унамлы тәсири сонда, бала ол арқалы өзин еркин, ғәрезсиз сезеди, анасының қорғаўынан шыққан ҳалда жөнелис ҳәм де ҳәрекетти таңлайды.
Бала өмириндеги бул әҳмийетли процессти ерте баслаған ҳәм көп еңбеклеген баланың келешекте жазыўы шырайлы болады, вестибуляр аппараты жақсы раўажланады, геометриядан билими күшейеди. Бул шынығыўдың бас мий менен байланыслылығы да бар. Еңбеклеген сайын мий искерлиги раўажланады, бас мий үлкен ярым шарлары арасындағы байланыс беккемленеди. Еңбеклеўге өш балалар жуўырыў, ойынға түсиў, топ тебиў, түрли шынығыўлар ислеўде қәбилетли болады.
ЕҢБЕКЛЕЎ – ЖҮРИЎДЕН АБЗАЛ!
Базы аналардан: «Балам еңбеклемей жүрген», деген гәпин еситемиз. Бул да нормал жағдай. Бирақ бала ушын жүриўден көре еңбеклеў пайдалырақ. Егер кишкентай мүддетинен алдын жүрсе, салмағы аяқшаларға жүк таслап, зорықтырып қойыўы мүмкин. Еңбеклеў болса қашан басланыўына қарамастан, улыўма зыянсыз. Онда қолдағы раўажланыўға жуўапкер ноқатлар массаж алып, баланың ой-өрисиниң өсиўине жәрдем береди.
Перзентиңиз бурылыў ҳәм домалаўға уста болса, бул ҳәрекети өзинде хошкейпият пайда етсе, оннан тез арада еңбеклеўди күтиў мүмкин. Бул шама менен 5-6-айларға туўры келеди. Әдетте 7-8 айлық балалар еңбеклеўди өзлестирип алады. Неврологлар еңбеклеў ушын ең кеш ўақыт баланың 9 айлық дәўири деп есаплайды. Еңбеклеўдиң 1 жасқа дейин пайда болмаўы педиатр ҳәм ортопед көригин талап етеди. Бул көбинесе рахиттиң белгиси. Егер бала сол ўақытқа дейин аяғынан жарақат алған болса, еңбеклегенде аўырыў сезиледи ҳәм де ол еңбеклеўге асықпайды.
БУНЫ ҮЙРЕТИЎ МҮМКИН БЕ?
Шыпакерлер балаға қәдем таслаў үйретилиўин қаралайды. Бала өзи қәлегенде ҳәм таяр болғанында жүриўи керек. Еңбеклеўди үйретиў мүмкин, сонда да мәжбүрлеп емес, буған бала ҳәрекетлерин шеклемеў арқалы ерисиледи. 5-6 айлық баланы ҳә дегеннен коляскада салып яки көтерип жүре бермей, жерге қойың. Ол аўнасын, жамбасласын, қарны менен жатсын, домаласын, еркин ҳәрекетленсин…
Баланың қолының қасына ойыншықлар қойың. Умтылып, қолын созсын, алыўға ҳәрекет етсин. Бул ўақыт баланың көз нуры жетерлише өткир болып, өзинен узақлаўда турған буйымларды биймәлел көре алады.
Усы ўақтында бала жақсы еситеди. Оны шақырып, сиз тәрепке умтылыўына шақырың.
Шаңарақтағы үлкен балаларға еңбеклеўди буйырың. Балалар бир-биринен көрип үйрениўлери тәжирийбеде дәлилленген.
Бала аяғын массаж етиў пайда береди.
Бундай жәрдемлерди 7 айдан асқан балаларға көрсеткен мақул. Оған дейин баладан еңбеклеўди күтиў ҳәм буны кешигиў деп есаплаў дурыс емес.
АНАНЫҢ ЖУМЫСЫ КӨБЕЙДИ…
Бала еңбеклеўден алдын қарны менен сырғалады, отырады, кейинги басқышта төрт аяқлап жүриў, яғный еңбеклеўге өтеди. Баланың еңбеклеўи ҳәм отырыўы көбинесе бир ўақытта жүз береди. Егер кишкентай еңбеклей алып, бирақ отырыўды келистире алмаса, демек, омыртқа ҳәм булшық етлери жетерли беккемленбеген. Егер де кеўилдегидей еңбеклеп, жүриўинен дәрек болмаса, күтиң. Ҳәммеси басқышпа-басқышлыққа тийкарланған, баланың жаңа көнликпелери нәўбет күтип турыпты.
Көп балалар жаңа әдетлери менен ата-аналарын қуўантыў қатарында тәшўиш те келтиреди. Мәселен, енди ғана бул көнликпелерди өзлестирип атырған кишкентай уйқысында домалап, кроваттан жығылады. Демек, еңбеклеўди баслаған баланың ата-анасынан сергекликти асырыў талап етиледи.
Перзентиңиз еңбеклеўди баслаўы менен қәўипсизлик шараларын көриң. Жерге жумсақ гезлеме жайың, майда нәрселерди баланың алдынан жоғалтың. Сол ўақыттан баслап жекке гигиенасы ҳаққында бас қатырың. Мудамы жерге қойылатуғын қолын тез-тез жуўып турың. Бала өз қолы менен таўып, аўзына салатуғын ойыншықлары таза сақлансын.
БАЛА ҚАШАН ТӨРТ АЯҚЛАП ЖҮРЕДИ?
Ата-аналар ортасында «Бала неше айда еңбеклеўи керек?» деген сораў туўылады. Гәп сонда, отырыў, еңбеклеў, турыў, жүриў сыяқлы ҳәрекетлерди қай ўақыттан баслаўды баланың өзи шешеди. Мийден буйрық келмегенше, дене өз-өзинен ҳәрекет ете алмайды. Ата-аналардың бул бойынша мийнети баланы шынықтырыў, сүйеклерин беккемлеў, рахиттен қорғаўға барып тақалады.
Демек, еңбеклеў ушын анық бир ўақытты улыўма тәризде белгилеў қыйын. Бирақ бул мәселе бир қанша факторларға байланыслы болады. Мәселен:
* баланың улыўма саламатлығы;
* физикалық ҳәм жекке қәсийетлери (арық-семиз, актив-пассив);
* шаңарақтағы психологиялық орталық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…