«МАМА, РАСЫН АЙТЫП АТЫРМАН…»

RA-img

ЯМАСА БАЛА НЕГЕ ЖАЛҒАН СӨЙЛЕЙДИ?


«Жас балалар не ушын өтирик сөйлейди? Балаға жалғанның зыяны, ҳәр дайым рас сөйлеў кереклигин қандай түсиндириў мүмкин?»

Наргиза Алиева, Нөкис қаласы

«Балам көзиме тик қарап турып жалған сөйлеп атыр», «Өтирикши бала үлкейгенде ким де болар еди?!», «Биз балалығымызда ата-анамызды алдаўға айбынатуғын едик»… Бул сыяқлы гәплерди ата-аналар сөйлеўинде тез-тез ушыратып турамыз.

Ҳақыйқатында да, баланың жалған сөйлеўи ойландыратуғын мәселе. Бирақ «кишкене жалғаншы»ны жазалаў усыллары ҳаққында емес, ал мәселениң тамыры қайерге барып тақалыўы бойынша бас қатырыў керек.

 

МАШҚАЛА ҚАЙЕРДЕ?

Баланың өтирик сөйлеўине себеп болыўшы 6 фактор:

·       Ата-ананың ҳәдден тыс қаттықоллығы – «Қорқытпаған – алданбайды» нақылы усы жағдайда жүдә орынлы. Бала берилиўи аттан анық жазалардан қорыққанлығы ушын жалған сөйлейди. Жаза шараларының кескин көринислери қолланылатуғын шаңарақларда бул жағдай көп ушырайды. Ата-анасының ўақты келип бар ҳақыйқаттан хабардар болыўын билсе де түрли шеклеў ҳәм жазаларға илинбеўге болған үмит баланы өтирик сөйлеўге шақырады.

·       Баланың сезим-туйғылары менен ойнасыў – перзентиниң күнделик дәптеринде қанаатландырарсыз баҳаны көрген ата-ана жүрегин қуўыслап қалады ямаса бас аўырыўынан, нервларының шаршағанлығын айтып баслайды. Өзи ушын қәдирли болған ата-анасының бундай жағдайға түсиўинде өзин айыплы сезген бала ҳақыйқатты жасырыўға урына баслайды.

·       Өз-өзине кеўли толмаў – мектепте де, үйде де «Сен мәңгүрсең, қолыңнан ҳеш нәрсе келмейди», сыяқлы «мазалы» сөзлер менен «сыйланатуғын» бала өзин көпшилик алдында жақсырақ етип көрсетиў, өзиниң әҳмийетлилик дәрежесин асырыў ушын да жалғанға мүрәжәәт ете баслайды. Бул жағдай 11-16 жастағы өспиримлер арасында, әсиресе, көп ушырайды. Атақлы инсанды ушыратып қалғанлығы, ата-анасының «майлы» жерде ислеўи, соңғы модадағы кийимди сатып алғанлығы ҳаққында аўыз көпиртирип мақтаныў жолына өтеди. Буның негизинде ҳәммени аўзына қаратыў қәлеўи жатады. Ақыры ҳәмме де өзин ардақланыўын, оған ҳәўес пенен телмириўлерин қәлейди.

·       Еркин шеклеп қойыў – көпшилик ата-аналар перзениниң үлкейип атырғанлығын тән алыўды қәлемейди. Еле ҳеш нәрсени еплей алмайды, деп есаплайды. Жас баладай мүнәсибетте болыўы өспиримниң жинине тийеди, өз теңлеслери арасында уялып қалыўына алып келеди.

·       Фантазия күши – баланың жалған сөйлеўи биле тура ҳақыйқатты жасырыўға урыныў емес, ал тек ғана фантазияның байлығы себепли болыўы мүмкин. Айырым балалар өз көз алдыларына ерк береди, ҳәр түрли ўақыяларды ойлап табыўды жақсы көреди. Бундай зыянсыз жалғанның негизинде күшли талант жатқан болыўы да мүмкин. Өйткени оригинал сюжетлерди ойлап табыў, жаңалықлар жаратыў ҳәммениң де қолынан келе бермейди. Келешекте бундай балалар дөретиўши шахс болып жетисиўи мүмкин. Бундай жағдайда ата-ана олардың қәбилетин өз ўақтында көре алыўы ҳәм дурыс баҳалаўы керек болады.

·       Шаңарақлық мүнәсибетлердеги кризис – саламат мүнәсибетлер орнамаған, ата-ана өзара көп жәнжеллесетуғын, сондай-ақ, айырылысыў босағасында турған шаңарақта бала ашыўшақ болып өседи. Тек ғана жалған сөйлеў емес, ал майда бийзарылық, пул урлаў сыяқлы иллетлер де оған «жабыса» баслайды. Жаңа перзент туўылып, итибардан шетте қалған, бала ата-анадан бири менен бөлек жасайтуғын жағдайларда да сол сыяқлы ҳал жүзеге шығыўы мүмкин. Бундай шәраятта ата-аналар бала тәрбиясы ҳаққында  салдамлы бас қатырып көриўи керек.

ЖАҒДАЙДЫ ӨЗГЕРТИҢ

Бала сизди алдамайды, егер де:

·       Ата-анасының қәҳәринен, олардың еркелеўлеринен айырылып қалыўдан қорықпаса;

·       Оны өз айыбы ушын кемситип, намысына тиймеўине исеним кәмил етсе;

·       Ҳәр қандай жағдайда да жақынлары оны қоллап-қуўатлаўына, жалғыз қалдырмаўына көзи жетсе;

·       Мақтаў ҳәм мазалы сөзлерден айырып тасланбаса;

·       Ата-ана ҳәм перзент ортасында өзара бирин-бири түсинисиў. Беккем исеним болса.

 

ШЕШИМ

Балалар менен ислеўши психологлар перзентин ҳәр дайым рас сөйлеўге үйретиў нийетинде болған ата-аналар ушын бир қанша усынысларды береди:

·       Сәўбетлеспестен алдын ҳәмме гәптен хабарыңыз барлығы ҳаққында баланы ескертиң. Сонда ол ҳәр қандай жалғанлар пайдасыз екенлигин сезеди.

·       Қылған исиниң тийкарғы себебин жасырмастан айтса, ашыўыңыз келмейтуғынын ҳәм жазаламайтуғыныңызды айтың.

·       Жазаламаў ҳаққындағы ўәдеңизге садық қалың, бул менен расгөйлик үлгисин көрсетесиз, және баланың сизге болған қорқыўы жоғалады.

·       Балаға еркинлик бериң, бирақ норманы умытпаң. Оны түсиниўине ҳәрекет етип атырғанлығыңызды сезгеннен кейин, ол да соған мүнәсип жуўап қайтарыўға урынады.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар