НӘРЕСТЕНИҢ ҚАРНЫ ЖЕЛЛЕССЕ…

RA-img

Көпшилик нәрестелерде өмириниң дәслепки күнлеринен баслап қарнының желлесиўи бақланады. Бүгинги темамыз усы метеоризмниң себеплери ҳәм оннан қутылыўдың жоллары ҳаққында болады.


Базы бир ата-аналар нәрестедеги метеоризмди кеселлик деп есаплайды. Бирақ, тийкарында бул кеселлик емес, ал енди ғана қәлиплесип киятырған ас сиңириў системасында бақланатуғын ҳалат ямаса қандай да бир кеселлик белгиси болыўы мүмкин. Метеоризм – ишек системасында артықша газ топланыўы себепли пайда болады.

Ишеклерде артықша газ топланғанда ишектиң дийўаллары тартысады ҳәм ас сиңириў ўазыйпасы бузылады. Бул өзгерислер болса, тәбийий рәўиште баланың қарны аўрыўына себеп болады. Ол көп жылап, тынышсызланады. Аяқларын қарны тәрепке бүгип алады, қарны да ҳаўа толтырылған шардай болып исине баслайды.

 

Тийкарғы себеби не?

– Нәрестелерде ас сиңириў системасы толық қәлиплесип, сыртқы орталыққа бейимлесемен дегенше қарын қуўыслығында газ пайда болыўы мүмкин. Ўақыт өткен сайын бул жағдай өз-өзинен жоғалып кетеди.

– Әдетте, бала жасына сай рәўиште аўқатландырылмаған жағдайда да оның ишеклеринде газ пайда болады. Нәрестелердиң ас сиңириў системасы оғада нәзик ҳәм сыртқы тәсирлерге бейимлеспегенлиги себепли, ҳәр қандай өнимди де сиңире алмай қалады. Оны ересек адамлар тутынатуғын аўқатқа үйретемен дегенше де ишеклеринде газ топланатуғыны турған гәп.

– Жаңа туўылған нәрестелерде аўқатты жутыў рефлекси жетерлише раўажланбаған болады. Емген ўақытта сүт пенен ҳаўа жутыўы да газ топланыўына алып келеди.

– Баланың ас сиңириў системасында аўқатты сиңиретуғын ферментлердиң жетиспеўшилиги де метеоризмниң себепшиси болыўы мүмкин.

– Асқазан-ишек системасының инфекциялық кеселликлери, дизбактериоз сыяқлылар да ишеклерде газ топланыўына тийкар жаратады.

 

Жас аналар ушын…

Баланың дәслепки күнлеринде ол ушын ең жақсы аўқат – көкирек сүти. Бала өзине керек болған барлық витаминлерди сол сүт арқалы алады. Баланы емизген ўақытта аналар бир қанша көрсетпелерге әмел етсе, перзенти метеоризмнен жәбир тартпайды. Атап айтқанда, бәринен бурын, баланы дурыс емизиўге ҳәрекет етиўи лазым. Яғный, баланың аўзына көкиректиң ушын дурыс тутыўды билиў керек.

Сондай-ақ, емизиўли ана балада артықша газ топланыўына, ас сиңириў системасының бузылыўына себеп болатуғын өнимлерди (қара нан, капуста, лобыя, картошка ҳәм т.б.) де илажы барынша азырақ тутыныўы керек.

 

Қарны желлескен балаға қандай жәрдем бериў керек?

– Нәрестени емизерден алдын 10-15 минут қарны менен жатқарып қойың. Баланы аўқатландырып болғаннан кейин, тик ҳалатта көтерип жүриң.

– Нәрестениң қарны исинип, тынышсызлана баслағанда, қарның саат стрелкасы бойлап әсте-ақырынлық пенен уўқалаў да оның жағдайын жеңиллестириўге жәрдем береди.

– Ишеклердеги газларды жоқ ететуғын гимнастика да бар. Буның ушын бала шалқасына жатқарылады ҳәм аяқлары қарны тәрепке бүгилип, қайтадан созылады. Бул шынығыўды 5 минут даўамында орынлаў газлардың шығып кетиўине тийкар жаратады.

– Баланы аўқатландырып болғаннан соң, дәрриў жатқарып тасламаң. Арадан 30-40 минут өткеннен кейин жанбасына жатқарып, уйқылатыўыңызға болады. Сонда оның қарны желлеспейди.

– Егер перзентиңиз түнде иш аўырыўынан оянып, жылай басласа, қарнына ыссы компресс қойың. Буның ушын аз ғана утюг пенен қыздырылған таўар баланың ишине қойылады. Бирақ, оның териси күйип қалатуғын дәрежеде ыссы болмасын.

– Нәрестени ромашка қайнатпасы салынған ваннада шомылдырыў да метеоризмнен қутқарыўы мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар