Мақалалар

Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.

Photo
Тақлаў:
Image

Үй шараятында суўды тазалаў

Ганиева Айсара, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиника мийирбийкеси

Бизиң саламатлығымыз тиккелей ишип атырған суўымыздың тазалығына байланыслы. Төменде суўды үй шараятында тазалаўдың бир неше усыллары көрсетилген.

Image

ЦИНК ЭЛЕМЕНТИ ҲӘР БИР ОРГАНИЗМ УШЫН ЗӘРҮР

Бабажанова Сапура, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиника ЛОР шыпакери

«Шыпакер менде цинк элементи жетиспеўин, түрли қолайсызлықлар себеби усы екенлигин айтты. Бул элемент нениң қурамында болады? Оның орнын қалай толтырыў мүмкин?» Дилбар Нийетуллаева, Шоманай

Image

Сизлерге бала керек пе яки…

    

Image

МИРОВЫЕ НОВОСТИ МЕДИЦИНЫ

    

Image

Егер де баланың аўқат сиңириўи ҳәлсиз болса, онда оны қандай да бир секцияға бериў тийис. Усылайынша ҳәр күни 1,5-2 саат даўамында жедел ҳәрекет еткен баланың аўқат сиңириўи нормалласады.

    

Image

Сораў – жуўаплар

   

Image

УЛ БАЛА – ӘКЕНИҢ ИЗБАСАРЫ, ОНЫҢ ТӘРБИЯСЫН ДУРЫС АЛЫП БАРЫЎ КЕРЕК

Интернет тармақларында бир хабар тарқалды: «…Шет ел мәмлекетлериниң биринде компьютер ойынларына берилип кеткен 11 жаслы бала өз үкесиниң өлимине себепши болды…»  Үкесин өлтирген баланың сүўретине қарасаңыз, нәзеринде қылған исинен пушайманлық, қорқыў, тынышсызлық сезилмейди. Сонда «Playstation»ларда экранға үңилип, тынымсыз ур-жық, өлтир-өлтир ойынларға берилген өз балаларымызды ойладым-дә қорқып қалдым: олар да ерте ме кеш пе…Яқ, Қудай сақласын!..

Image

154 ЖАСЛЫ АТАНЫҢ УЗАҚ ЖАСАЎ СЫРЫ

   

Image

Физикалық шынығыўлар көп дәрилердиң орнын басады, бирақ бирде-бир дәри физикалық шынығыўлардың орнын баса алмайды!

  

Image

Ҳаял шашларының күши...

Саза журналы

Әййемги заманлардан ҳаяллар узын шашлы болған екен. Шашлар қаншелли узын болса – ҳаял-қызға соншелли жақсы болады. Шашлардың арқалы энергия жыйналады яки шашылады. Сонлықтан, заманагөй ҳаялларда шашларын ҳәзирги күнлеринде де пайдалы тәрептен қолланыўына болады. Мәселен:

Image

Күлкитерапия

    

Image

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.