Сораў – жуўаплар

RA-img

   


ЕМИЗИЎЛИ АНА МАШҚАЛАСЫ

«5 айлық нәрестем бар. Оны ҳәрдайым көкирек сүти менен емиземен. Бирақ усы күнлерде көкирегим исип, оннан сүт кем келетуғын ҳәм аўыратуғын болып қалды. Бул неден болыўы мүмкин?»

Наргиза, Нөкис

‒ Емизиў дәўиринде көкиректе сүттиң көбейиўи ҳәм бала сүтти ақырына дейин емиўге үлгере алмай қалыўы көкиректе сүт жыйналып қалыўына алып келеди. Бул болса сүттиң кейинирек сүт жолларын бекитип қойыўына себеп болады. Нәтийжеде көкиректен сүт аз келеди яки улыўма келмей қалыўы мүмкин. Ақыбетте ҳаял көкиреги сезилерли дәрежеде исип кетеди, ҳәттеки жеңил сыйпалағанда да аўырыў сезиледи.

Көкиректе сүт жыйналып, лактостазға себеп болмаўы ушын балаға сүтти ақырына дейин емиўине имкан бериң яки емизип болғаныңыздан кейин сүтти ақырына дейин саўып таслаўға ҳәрекет етиң. Көкиректе исиклер байқалса, искен жерлерин саат айланыўы бойынша жеңил массаж етиўиңиз мүмкин.

Егер де көкиректе сүт жыйналмастан бурын, ақырғы тамшысына дейин саўып тасланса, лактостаз 1-2 күнде өтип кетеди.

 

СПИРАЛЬ ЖАҚПАСА…

«Туўыўдан кейин спираль қойдырған едим – негедур жақпады. Қыйнала бергеннен кейин алдырып тасладым. Бир танысым: «Олардың түри көп, өзиңе масын таңласаң, машқала болмайды», деди. Маған спираллар ҳаққында мағлыўмат берсеңиз. Олардың қандай заманагөй түрлери бар?»

Феруза, Нөкис

Спираль – жатыр иши қуралы, яғный жүклиликтен сақлаўшы. Ол туўған ҳаялларға усыныс етиледи. Спиральдың түрлерине келетуғын болсақ, ҳақыйқатында да ҳәрқыйлысы бар. Буларға гүмис, гормонал, мыс қурамлыларын киргизиў мүмкин. Буннан тысқары, Т-, О- түри ҳәм 1-2 өлшемлилери де бар. Ең көп қолланылатуғыны мыслысы. Жатыр иши қуралы қойылыўынан алдын ҳаял арнаўлы тексериўден өтиўи, яғный киши дәрет жолы, жатыр мойны ҳәм қында асқынланыў бар-жоқлығы үйренилиўи тийис. Егер асқынланыў анықланса, биринши гезекте оны емлеў, тәўир болғаннан кейин ғана спираль қойдырыў мүмкин. Сонда машқала болмайды.

 

ҚЫЗ БАЛАДА ДА КИСТА БОЛА МА?

«Жасым 20 да. Шыпакерлер менде жатыр кистасы бар екенлигин анықлады. Еле турмысқа шықпағанман. Бул кейин перзент көриўиме тәсир етпей ме? Емленгеннен кейин киста және қайталаўы мүмкин бе?»

Камила, Тақыятас районы

‒ Турмысқа шықпаған қызларда да киста пайда болыўы мүмкин. Әдетте, киста кемқанлық, қалқан тәризли без искерлигиниң бузылыўы, зоб ҳәм түрли инфекциялық кеселликлер белгиси сыпатында көринеди. Қалаберсе, көп қызларда кистаның раўажланыўы иммунитеттиң пәсейиўи менен жүзеге келеди. Буннан тысқары, көпшилик қызлар етек келиўи циклинде пайда болыўшы өзгерислерге, аўырыўларға итибар қаратпайды. Бул да кеселликтиң раўажланып кетиўине себепши болыўы мүмкин.

Кеселликтен тәўир болыўға келетуғын болсақ, егер киста өз ўақтында анықланып, өз ўақтында емленсе, кистадан бироталаға қутылыў мүмкин. Себеби базы фолликуляр киста кеселликлери дәри-дәрмақлар қабыл еткеннен кейин өз-өзинен сорылып кетиўи итималы бар. Кистаның қайта өсиўи болса организмдеги белгили гормонал өзгерислер, емлеў усылын ақырына дейин алып барыў яки алып бармаў ақыбетинде пайда болады.

Кеселлик қайталанбаўы ушын наўқасларға ҳәр 6-7 айда шыпакер көригинен өтип турыў усыныс етиледи. Кеселликтен емленгеннен соң қыз баланың турмысқа шығыўы ҳәм аналық бахтына ерисиўинде ҳешқандай машқала болмайды.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар