Үй шараятында суўды тазалаў

Ганиева Айсара, Нөкис қалалық медицина бирлеспеси көп тармақлы поликлиника мийирбийкеси
RA-img

Бизиң саламатлығымыз тиккелей ишип атырған суўымыздың тазалығына байланыслы. Төменде суўды үй шараятында тазалаўдың бир неше усыллары көрсетилген.


• Суўды қайнатыў – суўды зыянсызландырыўдың ең кең тарқалған усылы есапланады. Дурыс, бул усылды жүдә нәтийжели деп болмайды, себеби қайнаў процесинде тек ғана базы микроорганизмлер өледи, қалған барлық зыянлы химиялық бирикпелер болса қалып кетеди. Дыққат! Қайнаған суўды бир суткадан артық сақлаўға болмайды, кери жағдайда, онда зыянлы микроорганизмлер көбейе баслайды.

• Суўға гүмис қасықты салып тазалаў мүмкин – бул металл бактерияларды өлтиреди, бирақ олардың пайдалы ҳәм зыянлысын айырып болмайды, нәтийжеде организмдеги микрофлора бузылыўы мүмкин.

• Суўды тындырып қойыў ондағы хлордың ушып кетиўине жәрдем береди. Буның ушын түнде жатыўдан алдын шелекке суў толтырып, қақпағын жаппаң. Азанға дейин хлор ушып кеткен болады.

• Суўды музлатыў жәрдеминде де тазаласа болады. Ыдысқа суў толтырып, оны музлатқышқа қойың. Суўдың ярымы музлағаннан кейин еле музлаўға үлгермеген ҳәм түрли химиялық бирикпелер, дузлары болған суўды төгип жиберемиз.

Ыдыста қалған суў таза болып есапланады.

 

Неге суўды екинши мәрте қайнатыўға болмайды?

Краннан ағып атырған суў қурамында хлорлаў себепли пайда болатуғын дуз кислоталары ҳәм де 0,045% аўыр суў деп аталыўшы элемент (дейтерий оксиди) болып, олар денсаўлық ушын пайдалы емес. Қайнағанда суў пуўланады, аўыр водород молекулалары концентрациясы болса көбейеди. Нәтийжеде әпиўайы суў әсте-ақырын өли суўға айланады. Бул инсан ушын қорқынышлы емес, бирақ ҳәр сапары суўды қайнатыўдан алдын, мақулы, жаңа суўдан пайдаланған мақул.

Водопроводта аўыр металл дузлары (қорғасын, стронций, рух сыяқлы), түрли хлорорганикалық бирикпелер, мәселен, диоксинлер, сондай-ақ, нитратлар, натрий фториди ҳәм басқа элементлер болыўы мүмкин. Жоқары температура тәсиринде бул элементлердиң барлығы канцероген бирикпелер пайда етип, рак клеткалары келип шығыўына түртки береди. Аз ғана муғдардан да зыянсыз элементлер, мәселен, кальций дузы жоқары температура нәтийжесинде қәўипли элементке айланады: бүйректе тас пайда етеди, артроз ҳәм артритке себеп болады

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар