Жасы 60 лардың шамасында апа келди.
– Инимниң баласы ҳәзир 10 класста оқыйды. Кеше мектепте сабағында отырып, есинен танып жығылып қалған. Балалар емлеўханасына алып бардық. Буғақ кеселлиги (зоб) бар екен. Ҳәзир жағдайы тәўир, бирақ шыпакерлер баланы психологқа көрсетиў керек деди. Соған келип едим, баланы алып келейин бе?
– Апа, дәслеп улыўма жағдайды айтып бериң. Қаяқта жасап атыр, ким менен…
– Жасы 40 тан өткен иним бар. Ол ҳәзир ең киши қызы ҳәм ҳаялы менен Қазақстанда жумыс ислеп атыр. 3-4 жыл болып қалды. Еки қызын ҳәм жалғыз улын өзинен киши инисине тапсырып қойыпты. Оларды Қазақстанға алып кете алмайды… Перзентлерин толық тәмийинлеп қойыпты. Кийим бар ма, телефон бар ма, ақшадан кемлик жоқ.
Шыпакерлер «Балаң аўыр өспиримлик дәўирди басынан кеширип атыр» демекте. Мен 40 жыллық педагогпан, өзим де түсинип турман – балаға ата-анасының меҳри ҳәм муҳаббаты жетпей атыр…
– Енди түсиникли болды, апа. Бириншиден, өзи жалғыз бала. Жалғыз бала туўған ата-анасы менен жасағанның өзинде түрли руўхый аўытқыўлар менен өседи. Өйткени, қәлеген ата-ана жалғыз улын әширепилейди. Екиншиден, баланының ата-анасы жалғыз баласын биреўге тапсырып қойыпты. Бул – бала ушын аўыр руўхый соққы. Үшиншиден, буғақ кесели – руўхый түскинлик, үмитсизликке берилген адамда қәлиплеседи. Оның есинен кеткени де усының көрсеткиши. Өзиңиз де дурыс айттыңыз апа – балаға ата-анасы жетпей атыр. Ата-аналар ойлайды: «Мен перзентлеримди тәмийинлеп қойыппан, парызымды өтедим. Енди оларға не керек?» деп. Бирақ, меҳир ҳәм муҳаббаттың орнын ҳеш нәрсе баса алмайды. Бийшара балада турған гәп жоқ, оны аяң, оған бақыра бермең.
– Вай-боооо, иним, ол балаға бақырмаған адамның өзи жоқ.
– Бала менен мениң сөйлесиўимниң кереги де жоқ. Баладағы жағдай – бул тек ақыбет-ғой. Ал, себеп – ата-анасының қасында жоқлығы. Бала ата-анасына қосылыўдан, барлығы өз орнына түседи ҳәм кеселликлери жоғалады.
– Оның ата-анасы мени тыңламайды, енди не ислесем екен?…
– Апа! Баланың ата-анасына қоңыраў етип, мениң телефонымды бериң, маған олардың биреўи қоңыраў етсин, өзим сөйлесейин.
Апа шығып кетти. Арадан 30 минут өтип, Қазақстаннан қоңыраў келди.
– Алло? Мен Пәленшеев Төленшениң анасыман. Мениң улымның жағдайы аўыр ма?
– Ҳәзир тәўир. Деген менен, сиз бенен ойласылатуғын мәселелер бар еди… Туўарын туўып болып, жалғыз улыңызды неге таслап қойыпсыз? Қәлеген перзент өз ата-анасы менен жасаўы тийис! Я Нөкиске қайтып келиң, я ўақтынша болса да перзентлериңизди жаныңызда алып жүриң.
– Бизлер Нөкисте жумыс таба алмай, усы жаққа келип қалдық. Нөкисте аштан өлип қаламыз.
– Ҳеш ким ашырқап атырған жоқ, усы Нөкисте мийи жоқ шымшықлар да өз нанын таўып ушып жүрипти дым жақсы болып… Өйтип қапылта бермең! Адам деген сықмарлық ҳәм ашкөзлигин жеңиўи тийис. Сизге бала әҳмийетли ме яки пул?
– Не, жағдай сол дәрежеде аўыр ма?
– Ҳәзирше дым аўыр емес. Бирақ, егерде сизлер бул мәселени дурыс шешпесеңиз, онда балаңыздың кесели улғаяды ҳәм тапқан қәрежетлериңиз оны Ташкент яки Москва қалаларында емлеўге жумсайсыз. 10 сум шығымнан қашып, 1000 сум шығынға ушырап жүрмең деп атырман.
– Түсиндим, рахмет аға.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…