Саўлыгынгизга ғамхорлық етиң : туўры аўқатланыў, ўаизикалық активлик, жақсы уйқы. Стрессти басқаринг, жеңиң үзликсиз медициналық көриклер. Уйқас мунасәбетлер ҳәм ғамхорлық - узақ, бахытлы турмыстың гилтлери.
Соңғы ўақытларда ашыўшақ ҳәм шыртылдақ инсанға айланып қалып атырғаныңызды өзиңиз де сезип жүрсиз бе? Бәлким, нервыңыз шаршаған шығар? Бул тест сораўларына «Аўа» ямаса «Яқ» деп жуўап бериў арқалы машқалаларыңыздың нерв пенен байланысы бар яки жоқлығын билип алыўыңызға болады. Ҳәр бир «Аўа» жуўабы ушын 1 балл, «Яқ» деген жуўапқа болса 0 балл берип, есаплап шығың.
Не ушын бизлер турмысымыздан қанаатланбаймыз?
Биз сүт дегенимизде пәклик белгиси болған, адамзаттың туўылыўынан баслап өмириниң ақырына шекемги аралықта оның өнип-өсиўинде әҳмийетли орын тутатуғын тәбияттың бизге берген инамын түсинемиз. Инсан өмири сүттен басланады ҳәм сүт пенен даўам етеди. Мине, қанша дәўирлерден берли адамлар сүттен түрли өнимлерди таярлаўды үйренип, өзиниң күнделикли турмысында пайдаланып келмекте.
Ҳаяллар саламатлығы
Бир еркек дәриханаға келип, лық-лыққа қарсы дәри сорапты. Дәриханашы оның бетине шапалақ пенен салып қалыпты. – Не ислеп атыраң? – Әне! Енди лық-лық тутпай атыр! – Мен өзиме емес, ҳаялыма сораған едим!
Инсан өмириндеги физикалық активликтиң қунын мына данышпанлық пикир сәўлелендирип тур: «Ҳәрекет – дүньядағы барлық дәри-дәрмақлардың орнын басады, бирақ дүньядағы барлық дәри-дәрмақлар ҳәрекеттиң орнын баса алмайды».
Дүнья халықлары арасында ең узақ өмир көретуғынлар Кавказ ҳәм Орта Азияда жасайды екен. Бул қатарда бизиң адамлар да бар екенлиги адамды қуўандырады. Узақ өмир көриў себеплеринен бири – бул көк шөплерди молдан қабыл етиў екен. Әлбетте, көк шөплердиң қандай қәсийетлери бар ҳәм олар нелерге пайда екенин билгеннен кейин, неге көк шөп жейтуғынлар узақ өмир кешириўин билип аласыз.
Физикалық белсендиликтиң азлығы ерте ме ямаса кеш пе саламатлықтың жаманласыўына ҳәм ҳәр түрли кеселликлердиң раўажланыўына себеп болады. Жүрек-қан тамыр системасындағы машқалалар, артықша салмақ, артериялардағы қан басымының ойнаўы (гипертония ҳәм гипотония) – булардың барлығы ҳәрекеттиң азлығынан келип шығады. Егер адамның жумысы тек ғана отырыў менен байланыслы болса, қалайынша бул машқалалардың алдын алыўға болады? Демек, усы ҳалаттың шешимин табыўға жәрдем беретуғын усыллардан бири – жуўырыў. Бирақ, илимпазлардың соңғы изертлеўлери жуўырыў саламатлықты сақлап қалыўдың бирден-бир шешими емеслигин дәлиллеп берди. Сондай-ақ, бир қатар кеселликлерде емлеўши шынығыўлардың қурамына жуўырыў усыныс етилмеген.
1. Түнге қарай ҳештеңе жемей, аш қарынға уйықлап көр. Сонда сен бир-еки ҳәпте даўамында жеңил-жарқын түслер көре баслайсаң. Ҳәр күни таңда көтериңки кейпият пенен көзиңди ашасаң, қандай да бир исти орынлаўға илҳамланасаң, азанда уйқың қанып, орныңнан жеңил турасаң.