КҮЛКИТЕРАПИЯ

RA-img

Бир еркек дәриханаға келип, лық-лыққа қарсы дәри сорапты. Дәриханашы оның бетине шапалақ пенен салып қалыпты.

– Не ислеп атыраң?

– Әне! Енди лық-лық тутпай атыр!

– Мен өзиме емес, ҳаялыма сораған едим!


***

– Мениң кеселиме дәри табылмаса керек, – деп налынды наўқас.

– Қорықпаң, дәрилеримиз сол дәрежеде көп, олардың базыларына еле кеселлик табылмай атыр, – деп жуўап берди шыпакер.

***

Баласы анасынан сорап атыр:

– Апа, склероз қандай кеселлик?

– Нени сорадың?

– Қашан?

***

– Доктор, енди маған не болады? Операция, Ампутация?

– Ҳәзир бәрин айтсам, кейин сизге қызығы қалмайды.

***

– Доктор, жәрдем бериң! Қызыл менен жасыл реңди ажырата алмай қалдым, түсинип атырсыз ба, мен оларды алжастырып жиберип атырман. Не ислейин?

– Тынышланың, мен сизге 2 таблетка жазып беремен. Оларды күнине 2 мәҳәл ишесиз. Азанда қызылын, кеште жасылын.

***

Бир адамның түсине футбол ойнап атырған тышқанлар киреди екен. Бир күни шыпакерге мүрәжат етипти.

– Доктор, ҳәр күни түсиме футбол ойнап атырған тышқанлар киреди. Не ислейин?

– Бүгиннен баслап мына таблеткаларды ишиң.

– Яқ, бүгин финал!

***

Еки шыпакер сәўбетлесип атыр. Бириншиси басынан өткен ўақыяларды еслей баслады:

– Менде усындай жағдай болды, – деди ол, – бундай диагнозлар менен 10 жыл алдын өлип кетиўи шамаланған наўқас еле тири!!!

– Несин айтасаң?! – деп жуўап берди екиншиси, – егер адам жасаўды қәлесе, буның алдында медицина ҳеш нәрсе ислей алмайды.

***

Азанда дәстурхан басында ери ҳаялына:

– Кеше футболды күтпей уйқылап қалыппан. Интернеттен нәтийжесин билип алыўым керек, – десе, ҳаялы:

– Бизлердики 2:1 етип утылды, – депти.

Ери: – Не, сен футбол көрдиң бе? Ҳаялы:

– Яқ, қоңсымыз түнде бир мәрте «Гол» ҳәм еки мәрте «Ҳә, оңбаған!» деп бақырғанын еситтим.

***

Шыпакер: ‒ Сизге еки жаңалық бар, бир жақсы, бири… Наўқас:

‒ Өтиниш, сол жақсысынан баслай бериң!

Доктор:

‒ Қаныңыздан табылған вирусты сизиң атыңыз бенен атасақ, соған не дейсиз?

***

Шыпакер алдына келген текст териўшиге:

‒ «А» дең, қәне…

‒ Үлкен «А» ма яки киши «а»?

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар