Не ушын бизлер турмысымыздан қанаатланбаймыз?
Сиз турмысыңыздан, ерискен жетискенликлериңизден ыразысыз ба? Өткерилген тексериўлер соны көрсетеди, адамлардың тек 30% ти турмысынан кеўли тоқ екен. Ҳәм, бул түсиникли – бизди кишкенелигимизден әтираптағылар (ТВ, реклама, жәмийет…) қатардан алда болыўға умтылдырады: әўметли болыўың керек, қатарыңнан алда болыўың керек, үлкен жумыста ислеўиң керек Пәленшелердей болып…, деп. Кишкене баллар досларыникинен де қыямет ойыншық әпер дейди, өспиримлер заманагөй кийингиси келеди, оларда қатарынан алдыда болғысы келеди, ересеклер болса – урыслардан шаршап, қыялында өзлерине басқа өмирлик жолдасты күсейди… Коучлар, психологлар ҳәм басқа кеңес бериўшилер бизлерге «Қәлегениңе ерисе аласаң! Қолыңнан келеди!» деп исендирмекши болады. Исбилерменлер товарларын реклама етип, «Нәрсең қанша жаңа болса, таза болса, заманагөй болса – сонша жақсы, сонша сен әўметлисең» деп исендиреди. Яғный, усылайынша бизлерде сықмарлық ҳәм ашкөзлик ениўине толық жол ашылады.
Кимдур ойланып көрдиме – кейинги 100 жыл даўамында адамзат қанша жетискенликлерге еристи? Барлық тараўда жетискенлик 100 жыл алдынғыға салыстырғанда – 100-1000 есе жоқары. Ырастанда, бизлер аталар ҳәм апаларымызға қарағанда 100 есе жақсы жасап атырмыз. Дурыс па? Бирақ, бизлер сол ата ҳәм апаларымыздан 100 есе жоқары бахытлы болалдық па? Айтпаса да – түсиникли.
Бизлерде сондай пикир бар – қоңсының мәккеси мазалырақ, басқаның жоңышқасы жасылырақ, басқаның перзентлери – кишипейил, басқаның зайыбы… Бизлер барына шүкирлик етпеймиз, кәсибимизден налыймыз, оқымадық деп налыймыз, жайым киши деп… Себеби, басқалар меннен жақсы жасап атыр деп ойлаймыз. Ҳәм – усы бизди қапа етеди.
Кесел арттырмай, қыйналмай, емин-еркин ҳәрекет етип, қолыңыз қай жерге шекем жетеди? Соған шүкирлик етиң! Ерискениңизден ыразы болып үйрениң! Данышпанлар айтады: сиз мүнәсибинен артық алалмайсыз! Егерде сиз бүгин белгиленнен артық алып қойсаңыз – келешекте сизге кемейтип бериледи. Тәбият нызамы бул. Оны гүресип жеңе алмайсыз. Жеке раўажланыўыңызға дыққатланың, табыслы, әўметли емес, ал жақсы инсан болың, мийиримли болып үйрениң. Шаңарағыңызды беккемлең, онда уйғынлы қатнасықларға ерисиң.
Данышпанлардың және мына даналығына итибар бериң: аяғында кийими бар адам майда өткир таслардан ҳәм жантақ-тикенеклерден қорықпайды. Тап сондай, өз турмысынан қанаатланған, миннетдар, шүкирлик ететуғын инсан стресс, депрессиядан қыйналмайды! Ол өзин бәрқулла бахытлы сезинеди! Турмысынан қанаатланыўшылық – сизди барлық өмирлик тәшўишлерден сақлайды!
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…