Пайдалы сораў-жуўаплар
Қәўетерлениў! Бундай сезим саған таныс па?
«Қандай да бир исти баслайын десем, мени негедур қәўетер баса береди. Исимниң жүриспей қалатуғынан қорқып, дәрҳал ҳәрекетлеримди тоқтатаман. Нәтийжеде қәбилетлеримди жүзеге шығарыў имканиятынан журдай боламан. Бундай сезим мени тутқанда не ислесем екен?»
Исми-шәрийпи, 31 жас, мәкан жайы
«Соңғы пайытлары бундай сезимди көп адамларда ушыратып жүриппен» десем, асыра силтеген болмайман. Қәўетерге түсип, гөзленген мақсетке қарай қәдем атпаў — инсанның өз-өзине деген исеними жоқлығынан дәлалат. Соның ушын да, қандай да бир исти баслаўдан алдын, пайда структурасы бойынша режелер ислеп шығыў талап етиледи. Бул не дегенимиз? Мәселен, қандай да бир иске қол урыўдан алдын ойлан: «Усыннан исим жүрисип кетип, табысларға ериссем, қандай ийгиликлерди қолға киргиземен?», «Баслайын деп атырған исимниң өзиме ҳәм басқаларға қандай әҳмийети ҳәм пайдалы тәреплери бар?» Усы мәселелерди көрип шыққаннан кейин сенде өзиңди-өзиң аңлаў процеси басланады. Бир исти басламақшы болғанлар «Мениң ерки-ықрарым төмен, исти ақырына шекем жеткере алмайман» деген пикирди мийинен шығарып таслаўы керек. Инсан өзине өзи:
Бул ис қолымнан келеди!
Исти ақырына жеткерип, нәтийжесин көремен!
Нәтийжеси табыслы болады!
Буннан тек мен ғана емес, ал басқалар да пайда көреди!
деп, алға умтылдырыўшы сөзлерден пайдаланыўы керек. Бул усыл психологияда «өз-өзин программаластырыў» деп аталады. Ҳәр қандай жағдайда да инсан өз ҳәрекетлерин анализ ете билиўи зәрүр. Инсанның саналы искерлиги оның сана алды түрткиси менен басланады. Дәслеп сана алды менен не ислеў кереклиги ойлап алынсын. Режелестириў күнлик, ҳәптелик ямаса жыллық болады. Ҳәпте басында нелер қылыў кереклиги ҳаққында реже дүзип алыў дәркар. Ал, ҳәпте соңында орынланған ислердиң есабын алыў дәркар. Бундай пайытларда психологлар күнделик тутыўды мәсләҳәт береди.Усындай тәриздеги қадағалаў инсанға өзин-өзи басқарыўға жәрдем береди.
«Баўырымнан шықпай атырған балам…»
«Қызым 8, ал улым 7 жаста. Кейинги ўақытлары балаларым ҳәрдайымдағыдай көбирек еркелеткенимди, баўырыма басыўымды қәлеп атыр. Өзим үй бийкесимен, ҳеш жерде ислемеймен. Перзентлеримди итибар менен тәрбиялап атырман, олар менен ойнайман, кишкене машқалаларын еситемен. Соның ушын да, олардағы бул өзгерислерди түсине алмай қыйналып атырман».
Исми-шәрийпи, 27 жас, мәкан жайы
Психология пәни балада 5 пенен 7 жас аралығында раўажланыў кризиси жүз беретуғынын тастыйықлайды. Бул жаста анасын қызғаныў күшейеди. Нәтийжеде бала анасына сүйкеледи, оның ҳәрдайымдағыдан да өзин көп сүйип, баўырына басқаның қәлейди. Әжапа анасын үкесинен, ал үкеси, өз гезегинде, әжапасынан қызғанады.
Егер ана бийгана баланы еркелетсе, онда перзентиниң қәлбинде бул өзге инсанға душпанлық сезими пайда болады. Анасын қызғанады. Перзентиниң жүрегинде «Ол тек меники болыўы тийис!», «Мениң анам — мен ушын!» деген сүрен, уран пайда болады.
Психология пәни баланың мектепке шығыўы менен онда жатсыраў процесиниң басланатуғынына да итибар қаратқан. Ол өзге, мектеп шараятына сәйкеслескиси келмейди, көбирек анасының қушағында болыўды қәлейди. Сол себепли, мектептен келе сала, анасының қушағына атлығады, оның сүйип еркелетиўлерин қәлейди.
Аналарға мәсләҳәтим: «Балаңызды сүйип, еркелете турып, “Мениң үлкейип қалған балам”, “Мектепке барып жүрген балам” деп айтып турың. Сонда балада «Енди үлкейип қалған екенмен» деген уғым пайда болып, әстелик пенен сизден узақласа баслайды».
«Қызымды русша оқытпақшыман…»
«Быйыл қызым мектепке шығады. Оны русша оқытатуғын мектепке бермекшимен. Танысымның айтыўына қарағанда, қызымды русша оқытсам, тәрбиясы бузылып кетеди екен. Ырасында да сондаймекен?»
Ҳаялдың исми-шәрийпи, 35 жас, мәкан жайы
Рус тилиндеги класста оқыйды ма ямаса англичан тилине қәнигелескен класста оқыйды ма, ең дәслеп биз тәрбия тийкарын баламыздың шаңарақтан алатуғынын умытпаўымыз лазым. Егер өсип-өнип киятырған бала миллий қәдириятлар тийкарында турмыс кеширсе, әдеп-икрамлылығы қадағаланып турылса, онда ол әтираптағы базыбир унамсыз ҳәдийселерден (мәселен, бизге жат кинофильмлерден, сондай-ақ Голливуд «өнимлеринен») үлги алмайды. Ата-ананың биринши ўазыйпасы — перзентине дурыслы тәрбия бериў. Мектеп бунда көмекши болады. Бул хатты жазған ҳаялға беретуғын ақыл-кеңесимиз: ҳеш нәрседен шоршынбастан, перзентиңди қәлеген профильдеги мектебиңе бериўиң мүмкин.
Гейпара ата-аналар, балаларында рус тилин билмесе де, рус тилине ҳәм мәдениятына қәбилет (бейимлилик) болмаса да, аталмыш мектепке бериўге ҳәрекет қылады. Нәтийжеде бала өзи аңлап жетпейтуғын орталыққа түсип қалады. Yлкен стрессти басынан өткереди. Тилди билмеўи себепли, пәнлерди өзлестириўи артта қала баслайды. Өз пикирин жетерлише баян ете алмаўы салдарынан классласлары арасында масқараға ушырайды. Ең ашынарлысы, шала саўат болып есейеди.
Басланғыш класста балада ишки сөйлем қәлиплеседи, соның менен бирге, жазба сөйлем де раўажланады. Егерде бала тилди түсинбесе, онда сабақ өзлестириў менен бирге, сөйлеўиниң қәлиплесиўинде де кемшиликлер гүзетиледи.
Бундай ата-аналарға мәсләҳәтимиз: перзентиңизди өз пикирин баян ете алмайтуғын рус тилине қәнигелескен мектепке бермекши болсаңыз — онда, райдан қайтыңыз! Бул ҳәрекетиң менен жигербентиңниң руўхыятына, өзлериңиз де аңламаған ҳалда, зыян келтиресиз!
Айырым ата-аналар итибарсызлық етип, «Хештағымайды, үйренип кетеди» деп, өз билдигинше ис тутады. Бул — жүдә надурыс! Бала, ҳеш болмады дегенде, рус тилине қәнигелескен мектепке шекемги тәлим мәкемесинде (балалар бағшасы, ясли) русшаны үйрениўи лазым. Егер балаң усындай таярлықсыз, фундаментсиз, русша мектепке бара ғойса, онда қатты қыйналып қалады.
«Қәйненем мени түсинбейди…»
«Турмысқа шыққаныма үш айдың шамасы болды. Ҳәмиледарман. Токсикоз себепли, базыбир ислерге үлгере алмай қала беремен. Буннан қәйненемниң ашыўы шығады, «Жумысларыңды тез-тез бежерсең-ә! Неге гибиртиклей бересең?! Биз ҳәм ўақтында келин болғанбыз. Жүклилик кеселлик емес» дейди. Ол кисиге жағдайымды қандай қылып түсиндирсем болады?»
Исми-шәрийпи, 22 жас, мәкан жайы
«Қандай қылып түсиндирсем болады?» деп берген саўалыңыз негедур маған ерси болып еситиледи. Қандай, қандай — әлбетте, сөйлесип түсиндириўиң керек!!! Бирақ, бизде келинниң жумыс буйырған қәйненеге қарап, өз жағдайын түсиндирип отырыўы әдепсизликке кириўи мүмкин. Бундай пайытта күйеў жуўапкершиликти қолға алыўы керек. Өйткени, туўылайын деп турған перзентке тек ананың өзи ғана жуўапкер бола алмайды-ғой. Бунда еркектиң де қатнасыўы зәрүр. Бирақ, гейбир жағдайларда улы ҳаялының тәрепин алып сөйлесе, бул жағдай анасының оғада ашыўын келтиреди. Ана қәпелимде өзин ҳүрмет-итибардан шетте қалған инсан деп сезсе, аўҳалды беттер түс алдырып жибермеўине ҳешким де кепиллик бере алмайды. Көбинесе қәйненелер өзлериниң келинлик дәўирлеринде жуўырып-желип хызмет еткенлерин айтып-еслеседи.
Қыз бала өзге шаңараққа келин болып түсиўден баслап-ақ үлкен стрессти бастан кеширеди. Оның үстине, сондай пайытларда жүкли болып қалағойса, организми еки барабар зорығады. Ақыбетте организм физикалық жақтан да, руўхый жақтан да қыйналады. Ҳәзир келинди илажы барынша қоллап-қуўатлаў керек.
Қайната ше? Ол — Шаңарақбасы, хожалықтың үстини. Туўылажақ ақлығының атасы. Күйеў оны бир шетке шығарып алып, ҳаялының жағдайын айтып берип, анасын тынышландырып қойыўды өтинип көрсе болады. Бирақ, ҚӘЙНЕНЕ деген мәртебеге ерискен қартайған ана қартайған ериниң гәплерин еситип болып, «Ҳе, бул шаңарақта ҳәмме маған қарсы екен-дә!» деп түймейди, жәнжел көтерип кетпейди, деп ҳешким де кепиллик бере алмайды.
Мен себеп пенен қәйненелерге тиккелей мүражат етиўди лазым деп билемен: «Сизлер де бир ўақытлары келин болғансызлар. Ҳәзирги келиниңизге дәкки берип, оған наразы болыўдан алдын сол пайытларын ядқа алыңыз!»
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…