Денсаўлықтың дәрежелери
Әдетте, бизлер улыўма кесели жоқ адамды денсаўлықлы деп есаплаймыз, деген менен ҳәзирги дәўирде кесели жоқ адамды табыў мүшкил ис ҳәм адам кесел бола тура саламат болыўы мүмкин. Мысалы, денесинде бир нуқсаны ямаса созылмалы кесели бар, бирақ жумыс ислей алатуғын адам – аўырыў ма яки саламат па? Егерде адам жумыс ислей алса, жәмийетте өз-өзин әмелге асыра алса, өз өмир жолын таба алса, жәмийетке пайдасы тийсе – оны кесел яки майып деп айтыўға бола ма? Буны түсиниў ушын биз саламатлық туўралы билимимизди кеңейтиўимиз тийис.
Демек, адам кесел бола тура саламат болыўы мүмкин. Саламатлықтың не екенлигине кеңирек тоқталып өтсек. Оның төрт дәрежеси болады.
Ҳәр бир дәреже алдыңғы дәрежеге салыстырғанда жоқарырақ ҳәм алдыңғы дәрежелерди өз ишине алады.
Денсаўлықтың биринши дәрежеси – бул физикалық жақтан азапланбаў, яғный физикалық саў-саламатлық. Адамның ҳеш жери аўырмайды, денесинде ҳеш бир кемшилик жоқ, ол өзин жақсы сезеди, организмдеги барлық көрсеткишлер нормада. Бизлер буны денсаўлық деп түсиниўге әдетленгенбиз. Сизиң денеңиздеги барлық көрсеткишлер нормада, анализлериңиздеги барлық көрсеткишлерде нормада, бирақ сиз өзиңизди жаман сезип турсыз – бундай жағдайда сиз кесел деп тән алынбайсыз ҳәм сизди қалай емлеўди де билмей турады, гейде сизге гүманланып қарайды. Себеби физикалық саламатлық – бул денсаўлықтың ең минимал ҳәм бирлемши дәрежеси. Деген менен, тек физикалық саламатлықтың өзи жетерли емес. Оның болғаны жақсы, бирақ ол жетерли емес.
Денсаўлықтың екинши дәрежеси – бул социаллық саламатлық. Яғный адам өзин керекли сезеди ҳәм өз исинен кеўли тоқ.
Егерде адам өз жумысын сүймесе, өз исинен кеўли толмаса, бул көпшилик жағдайда жүрек кеселлигине алып келеди. Илимпазлар бул үстинде изертлеў жумысларын өткерип, жүрек тутыўы көбирек қайсы ўақытта, ҳәптениң қайсы күнинде жүз бериўин анықлаған. Көбинесе бул жағдай дүйшемби күни азанғы саат 9 да жүз береди екен. Адам жақтырмайтуғын жумысты тағы ислеўге мәжбүр екенин ойлап стресске түседи. Сол себептен ҳәмме дем алыс күнлерин асығып күтеди, кейин мийнет дем алысын күтеди, напақаға шықсам бир дем аламан деп ойлайды. Бирақ напақаға жеткенде ол қатты шаршаған болады.
Жүрек тутыўы жүз беретуғын және бир ўақыт – кешки саат 8. Бул ўақытта адам жумыстан үйине қайтады, үйинде жақынлары оны күтип отырады. Жүрек кеселлигиниң екинши себеби – бул адамның өз жақынлары менен қарым-қатнасықлардан кеўли толмаўы. Социаллық саламатлыққа буны да қосып қойыў керек. Бизлер усындай ата-анамыз, усындай перзентлеримиз, усындай зайыбымыз барлығынан бахытлы болып жасаўымыз керек. Бирақ ҳақыйқый өмир көпшилик жағдайда бизге буның керисин көрсетеди. Ең аўыр тартыслар ең жақын инсанларың менен болған қарым-қатнасықта жүз береди.
Солай етип, жәмийетте абадан турмыс кешириў, өз исиңнен, қарым-қатнасықлардан, жасап атырған жериңнен кеўлиң толып жасаў – булар оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бизлер жасап атырған мәканымызды сүйиўимиз керек. Бар ҳүкиметимизди, бар басшымызды, бар баслығымызды ҳүрмет етиўимиз лазым.
Солай етип, денсаўлықтың екинши дәрежеси – бул социаллық саламатлық. Егерде адам бул дәрежеге жетиссе, ол биринши дәрежеге өз-өзинен ериседи.
Кеселленген адамлардың көп айтатуғын мына бир гәпи бар: «Мен жумысымды сондай жақсы көремен, ҳәттеки аўырыўға да ўақытым жоқ». Бундай адамда физикалық кемшилик болса да, ол өз өмиринен кеўли толып жасайды. Бундай адамлар таңда ерте турады.
Егерде адам өз исинен кеўли толса, ол азанда аңсат турады. Таңда ерте турыўдың саламатлыққа унамлы тәсир ететуғыны ҳәммеге мәлим. Егерде биз өткен күннен, басқа адамлар менен қарым-қатнасықтан кеўлимиз толса, кешқурын аңсат уйқылап қаламыз. Ал егер кеўлимиз толмаса, уйқылай алмаймыз. Күнимиз өтти, бирақ жүрегимизде бахыт ҳәм қуўаныш жоқ. Көрип турғаныңыздай – күнимиздиң қалай өтиўи, жәмийетте басқалар менен қатнасымыз бизлердиң денсаўлығымызға тиккелей тәсир етеди. Күн даўамындағы ҳәрекетлеримизден кеўлимиз толмағанлықтан өзимизди бийжағдай сезип үйге қайтып келемиз. Қандайда мәнисте қабарған кеўилди жубатыў ушын үйдеги ең күшли транквилизатор – музлатқыш пенен телевизорға келемиз.
Бизлер көпшилик адамлардың бахытсыз екенин көремиз. Денсаўлық ҳәм бахыт – булар екеўи уқсас түсиниклер. Саў-саламатлық ҳәм бахытсызлық ямаса бахытлы ҳәм кеселлик бирге болыў мүмкин емес. Сонлықтан, егерде биз таңда жеңил оянсақ ҳәм кеште аңсат уйқылап қалсақ, демек өз ўазыйпамыз неде екенин түсинемиз ҳәм оны дурыс атқарып атырмыз.
Денсаўлықтың үшинши дәрежеси – сезимлердиң тынышлығы. Адам өзиниң бар екенлигине қуўананады, өз-өзине кеўли толады. Ол қуўаныш дәрегин сырттан излемейди. Бул дәрежеге ерисиў ушын адам өзиниң руўхый тәбиятын аңлаўы керек. Екинши дәрежеде адамның кеўли – жумыс, қарым-қатнасықлар, материаллық объектлерлер сыяқлы сыртқы дәреклерден толады. Енди көз алдыңызға бул дәреклерди жоқ деп келтириң. Жақсы көрген жумысың, сүйикли шаңарағың, жақсы қарым-қатнасығың, материаллық байлығың бар, бирақ булар бирден жоқ болып кетиўи мүмкин. Өмирде бундай жағдайлар ушырасады. Бирақ ҳақыйқый саў-саламат адам өзин жойытпайды. Оның сезимлери тыныш болады, ол ҳәттеки шаңарағы, үйи, жумысы, байлығы – бәринен айырылса да, бәрибир қәнәәтли. Ҳәттеки денесинен айырылса да – қәнәәтин жойытпайды.
Солай етип, үшинши дәреже – бул сезимлердиң тынышлығы, ишки қәнәәт. Адам өзиниң бар екенлигинен қәнәәтленеди. Бул жүдә жоқары дәреже.
Деген менен, қәнәәтли болыўдың өзи жетерли емес, сонлықтан денсаўлықтың төртинши дәрежеси бар ҳәм бул бахыт, қуўаныш, кеўил тоқлығы, яғный әпиўайы бахыт емес, ал – руўхый бахыт.
Денсаўлықтың төртинши дәрежеси руўхый тынышлықты нәзерде тутады. Бул бәрқулла артып барыўшы бахыт сезими. Ҳәр күни, ҳәр сәтте сизиң бахтыңыз, қуўанышыңыз ҳәм рийзалығыңыз артып барады. Бул дәрежеге ерисетуғын адамлар көпшиликти қурамайды. Саламатлықтың бул дәрежесине ерисиў ушын адам руўхый ҳәм диний билимлерге ийе болыўы керек. Сонда адамның кеўилинде қәтержамлық орнайды.
Жуўмақлап айтқанда, саў-саламатлық – бул тек дене саўлығы ғана емес. Саў-саламатлық – бул ҳәм денсаўлық, ҳәм социаллық саламатлық (шаңарақта аўызбиршилик, жәмийетте басқалар менен унамлы мүнәсибет, жумыста өзиңди әмелге асырыў…), ҳәм сезимлердиң тынышлығы (өзиңниң қәдириңди сезиниў, космоста өз орныңды, жағдайыңды аңлаў) ҳәм руўхый тынышлық.
Саламатлықтың усы дәрежелерине ерисиўге сизлерге әўметлер тилеп қаламыз.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…
Дүнья жүзи илимпазларының атап өтиўинше, келешекке үмит пенен қарайтуғын адамлардың узақ ҳәм саламат өмир сүриўи ушын имканиятлары көбирек болады екен.