ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

RA-img

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…


ОРГАНИЗМГЕ ҚӘЎИП САЛА МА?

Улыўма алғанда, зыянсыз дәриниң өзи жоқ. Тек базылары азырақ, айырымлары көбирек кери тәсирлерге ийе. Бул жағдай наўқастың өзбасымшалығы ҳәм шыпакер көрсетпелерине қаншелли әмел еткенине байланыслы.

Ҳеш бир наўқас шыпакер көриги ҳәм көрсетпесисиз дәри алып ишпеўи керек. Ҳәр қандай дәриниң де өзине жараса қарсы көрсетпелери, ишиў тәртиплери болады. Ол ҳәр бир наўқастың индивидуал қәсийетлеринен келип шығып баҳаланыўы тийис. Мәселен, егер наўқастың асқазанында жарасы болып, ол қандай да бир дәрини билмеген ҳалда ишип қойыўы ақыбетинде жарасы ашылып кетиўи мүмкин. Бул болса дәрт үстине дәрт дегени.

Егер наўқас күн даўамында бир неше дәри қабыл етиўине туўры келсе, оларды бир ўақытта ишиў де организмге унамсыз тәсир көрсетеди. Бундай жағдайларда қабыл етилетуғын дәрилерди аралық сақлап, түрли ўақытларда тутыныў керек.

Наўқас бир дәрини де азанда ҳәм кеште ишиўи керек болып, азандағысын ядынан шығарса, оның орнын толтырыў ушын кешқурын еки есе қабыл етиў дурыс емес. Бул – организм ушын үлкен зыян!

 

ДӘРИЛЕРДИ НЕ МЕНЕН ҚОСЫП ИШПЕЎ КЕРЕК?

Көпшилик таблетка дәрилерди туўра дус келген суйықлық: шай, суў, сок, компот, кофе сыяқлылар менен қабыл етиўге әдетленген. Бул жақсы емес. Себеби бундай суйықлықлар қурамындағы химиялық элементлер дәридеги элементлер менен өзара реакцияға кирисиўи ҳәм күтилмеген қолайсызлықларды келтирип шығарыўы мүмкин. Анықрағы бундай дәрилер өз шыпалық қәсийетин жойтыў менен шекленип қалмай, ҳәтте дене ушын зәҳәрли дерекке айланыўы да мүмкин.

Дәрини шай менен ишиў усыныс етилмейди. Өйткени шай қурамындағы танин элементи көплеген дәрилер менен өзара тәсирге кирисиўи ақыбетинде шөкпе пайда етеди. Ҳәмде, бундай араласпалар жүрек-қан тамыр системасына қәўипли тәсир көрсетиўи мүмкин. Әсиресе, қурамында азот сақлайтуғын дәрилерди шай менен ишип болмайды.

Кофе де қурамындағы танин себепли шайға уқсас тәсирге ийе. Бирақ кофе менен дәри қабыл етиў және де қәўиплирек. Өйткени, айырым жағдайларда кофе базы дәрилердиң тәсирин күшейттирсе, ал басқаларын әззилетеди. Нәтийжеде дәрилердиң кеселликке тәсири кескин өзгереди.

Тап усындай, дәрмақларды сок менен ишпеген мақул.

Тийкарында, дәрилерди бөлме температурасында турған, қайнатып суўытылған әпиўайы суў менен ишиў – ең зыянсызы. Басқа ҳәр қандай суйықлықлар менен дәрилерди ишиў шыпакер-қәниге тәрепинен буйырылса ғана қолланылыўы мүмкин.

 

МҮДДЕТИ ПИТКЕНИ ОРГАНИЗМ УШЫН ҚӘЎИПЛИ

Дәрилер жыллап сақланатуғын өним емес. Олардан билип-билмей зыянланып қалмаў ушын дәрилердиң жарамлылық мүддетин қадағалап барыў керек. Орамы ашылған ҳәм аты, ислеп шығарылған сәнеси өшип кеткен дәрилерди де таслап жибериң.

 

ТЕК ИРИ ТАРМАҚЛЫ ДӘРИХАНАЛАРДАН САТЫП АЛЫҢ!

Ҳәзирги күнде түрли қандай да бир атама астында өзлерин белгили етип атырған фирмалар тәрепинен айырым кеселликлерди даўалаўшы, алдын алыўшы дәрилер ислеп шығарылмақта. Олар гүманлы. Сондай екен, базар-көшелер, рәсмий емес шөлкемлер ҳәм гүманлы адамлардан зинҳар дәри сатып алмаў керек! Себеби бундай дәрилердиң  зыянсыз ҳәм нәтийжелилиги оларды тасыў-сақлаўдағы шәрт-шәраят себепли кепилленбеген болады. Дәри-дәрмақларды шыпакер буйрығына көре, илажы барынша ири тармақлы дәриханалардан сатып алыў керек.

ЕСЛЕТПЕ!

Шыпакер көрсетпеси менен алынған дәрилерди ағайин яки досларыңызға өз басламаңыз бенен бермең. Сизге пайдасы тийген нәрсе басқаларға кери тәсир етиўи мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

КЕЙПИЯТТЫ ЖАҚСЫЛАҢ!

Дүнья жүзи илимпазларының атап өтиўинше, келешекке үмит пенен қарайтуғын адамлардың узақ ҳәм саламат өмир сүриўи ушын имканиятлары көбирек болады екен.

Категориялар