АНА СӨЗИ МЕНЕН ЕМЛЕЙДИ: "Мен сениң кеселиңди таслап жиберемен!"

RA-img

Белгили балалар психиатры, профессор Борис Зиновьевич Драпкин ана өз перзентине ҳәттеки ең аўыр кеселликти де жеңиўине жәрдем береди деген пикирде, буның себеби ана менен перзент арасындағы тығыз байланыс!

Және, ана өз перзентин бахытқа бағдарлай алады ҳәм перзенти бахытлы, әўметли адамға айланады.

Ананың даўысы перзентиниң ишки ҳаўазына айланады. Егерде ана бәрҳәма ашыўлы, ғәзепли болса, перзентине «сен ондайсаң, бундайсаң» деп урысса, ол өсип атырған перзентин сәтсизликке ҳәм кеселликке бағдарлайды. Керисинше, ана перзентин бәрқулла қолласа, мақулласа, оны бахытқа, саламатлыққа бағдарлайды, барлық психоэмоционаллық процесслер жөнге түседи.


БАХЫТҚА БАҒДАРЛАЎ

Булар әйтеўир гәплер емес. Ҳәр бир сөз ойланылған ҳәм тексерилген, оларды өзгертиўге болмайды. Балаға сиңдирилетуғын бул исенимниң тийкарғы бөлеги 4 блоктан ибарат болып, олар барлық балаларға пайдалы, ҳәттеки ең саламат ҳәм ең бахытлы бала ушын да пайдалы.


1-БЛОК
Ана меҳири витамини

Бул сөзлер жәрдеминде ана өзиниң меҳир-муҳаббатын баласына сиңдирип барады:

"Мен сени қатты-қатты жақсы көремен. Сен мен ушын ең қәдирли, жүрегиме ең жақынымсаң. Сен мениң бир бөлегимсең, мениң қанымнан жаралғансаң. Мен сенсиз жасай алмайман. Мен де, әкең де сени қатты жақсы көремиз".

2-БЛОК
Физикалық саламатлыққа бағдарлаў
Бала бираз кесселленгенде усы бир ғана "ана-терапия" менен-ақ бала ҳеш қандай дәрилерсиз тәўир болады:
"Балам (қызым), сен күшли, саў-саламатсаң, сулыў баласаң (қызсаң). Сен аўқатты жақсы жейсең, соның ушын тез өсип атырсаң, раўажланып атырсаң. Сениң жүрегиң, көкирегиң, қарның беккем ҳәм саламат. Сен жеңил ҳәм сулыў ҳәрекетленесең. Сен шыныққансаң".

3-БЛОК
Нерв ҳәм психикалық саламатлыққа, психикасының дурыс раўажланыўына бағдарлаў
"Балам (қызым), сен тынықсаң. Сениң нервлериң жақсы, беккем. Сен сабырлысаң, сен мийримлисең, сен адамлар менен жақсы тил алысасаң. Сен ақыллысаң. Сениң мийиң жақсы раўажланып атыр. Сен айтқанды тез түсинесең ҳәм еслеп қаласаң. Сен бәрқулла жақсы кейипте жүресең, сен күлгенди жақсы көресең. Сениң уйқың жақсы. Сен тез ҳәм аңсат уйқылап қаласаң, сен бәрқулла жақсы түслерди көресең. Сен уйқың қанып оянасаң, жақсылап дем аласаң. Сен тилиң тез ҳәм жақсы раўажланып атыр.


4-БЛОК – халық даналығын сәўлелендиреди
Ески заманларда ана баласын қойнына басып, өзиниң ишки күши менен перзентин кеселликтен тазалаған:
"Сениң аўырыўыңды мен алайын!"
"Мен сениң кеселиң, қыйналғаныңды өзиме аламан ҳәм таслап жиберемен. (Соң ана баласындағы бар кеселликлерди бирме-бир атап шыққан.)

Мен сениң уйқысызлығыңды өзиме аламан ҳәм оны таслап жиберемен (баланың уйқысы жаман болған жағдайда).

Мен сениң қорқынышлы түслериңди өзиме аламан ҳәм таслап жиберемен.

Мен сениң жылаўықлығыңды аламан ҳәм таслап жиберемен.

Мен сениң иштейсизлигиңди өзиме аламан ҳәм таслап жиберемен.

(Ең соңында…) Мен сени қатты-қатты жақсы көремен".

Егерде бала аўыр кесел болса, оны емлеў ушын шыпакер арнаўлы дәстүр ислеп шығады ҳәм тийкарғы төрт блокқа жеке емлеў блоги қосылады. 

 

Бул гәплерди балаңыз уйқылап атырғанда айтың ҳәм ол әлбетте дени саў, ақыллы ҳәм бахытлы болып өседи.

ЎАҚЫТ ҲӘМ ОРЫН

Бул усылдан пайдаланыў ушын ең жақсы ўақыт – баланың енди уйқыға кеткен ўақыты. Бала анасының түнде айтқанларын жақсы еслеп қалады. 
Солай етип, бала уйқылағаннан 20-30 минуттан соң оның бас ушына отырып усы текстеги ҳәр бир гәпти үш мәрте қайталаң, дәслеп ишиңизден өзиңиз ушын айтың, кейин ойыңызда балаңызға қарата айтың, ең соңында даўыслап айтың.

Буны ҳәр күни қайталаң, балаңыздың жағдайына қарап бир ай ямаса еки ай даўамында қайталаң. Ҳеш қандай денениң қызыўы ямаса кеселликтиң басқа да белгилери бул усылға қарсы көрсетпе бола алмайды.

 

 
ТИЙКАРҒЫ ДӘСТҮРГЕ МЫСАЛ РЕТИНДЕ:

«Мен сени жүдә жақсы көремен. Сен мениң ең қәдирли ҳәм ең жақын инсанымсаң. Сен күшли, саламатлы, шырайлысаң. Сениң иштейиң жақсы ҳәм жақсы раўажланып атырсаң. Сениң жүрегиң, көкирегиң, ишиң беккем ҳәм саламат. Сен жеңил ҳәм сулыў қыймылдайсаң. Сен ҳеш аязламайсаң. Сениң нервлериң беккем ҳәм саў-саламат. Сениң ақыл-есиң жақсы раўажланбақта. Сениң кеўил-кейипиң бәрқулла жақсы, сен тез-тезден күлип турасаң. Сен тез ҳәм аңсат уйқылап қаласаң, тек жақсы түслерди көресең. Сен уйқылағаныңда жақсы дем аласаң, күшке толасаң. Мен сени жүдә қатты жақсы көремен!»

 

Борис Зиновьевичтиң айтыўы бойынша, бул усыл менен емлеўди баслағанда өзиң ушын бир дәптер қойып ҳәм оның бетин екиге бөлип, оң тәрепине баладағы кеселликтиң барлық белгилерин жазып шығыў керек, ал шеп тәрепине барлық жақсы нәрселерди жазып барыў керек. Мысалы, иштейи жақсыланды, көбирек күлетуғын болды, жаңа дослар арттырды…

Былай қарағанда, ҳешқандай жаңалық нәрсе еместей. Көплеген психотерапевтлердиң пикирине қарай, ересек жастағы адамлардың машқалалары (мысалы, невроз) олар балалықта дыққат-итибарға ҳәм меҳир-муҳаббатқа тоймағанлығынан екен. Аналарға нәрестесин көбирек қолына көтериўди, мүләйим қушақлаўды, көкирек сүти менен узағырақ азықландырыўды мәсләҳәт етемиз. Әне сонда бала (кейин бул ересек адам) өзин қорғанышта сезинеди.

 

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар