АНАНЫҢ ҲӘДДЕН ТЫС ҒАМХОРЛЫҒЫ БАЛА ТӘРБИЯСЫНА ТӘСИР ЕТЕДИ

RA-img

Ана ҳәм бала мүнәсибети – кең көлемли, бир мақала менен барлығын сәўлелендирип болмайтуғын үлкен тема. Бүгин биз оның бир бөлегин ғана көрип шығамыз. Темамыз, ҳәдден тыс ғамхор аналар ҳаққында.

Егер сиз де ул бала тәрбиялап атырған болсаңыз, шексиз ғамхорлығыңыз арқалы оның өмирине қандай тәсир тийгизетуғыныңызды усы мақаланы оқып, түсинип жетесиз деген үмиттемиз. 


Оғада ғамхор ана қандай?

Тийкарында, бундай аналар жүдә жақсы болады. Ҳәттеки, жақсыдан да зыятырақ! Олар перзентине шын жүректен ғамхорлық етеди, кийимине, аўқатланыўына, денсаўлығына бәрқулла итибар қаратады, биргеликте ойнайды. Бирақ, бундай аналардың жүрегине тереңирек кирип қарасаңыз, ишинде оларды басқарып турған нәрсени көриўге болады. Яғный, оларды перзентин бәрқулла қайғырыў сезими басқарады. Соның ушын да, перзенти көз алдынан аз ғана узақласса, ҳәр кыйлы жаман қыялларға барып, уўайымға бериледи. Ананың ҳәдден тыс ғамхорлығы оның бәрқулла қәўетерленип жүриўинде айқын көринип турады. Олар перзентиниң ҳәр қандай майда-шүйде тилеклерин, қәлеўлерин де сөзсиз орынлаўға ҳәрекет етеди.

Жоқарыда сизге оғада ғамхор ана қандай болатуғынлығын сүўретлеп бердим. Енди бундай аналардың баласы қандай болатуғынлығы ҳаққындағы бөлимди оқың.

 

Олардың баласы қандай болады?

Тийкарында бундай психологиялық тәрбия балаға нәрестелигинен сиңдирилгенлиги себепли, ол үлкейген сайын өтлесип бара береди. Яғный, анасының ҳәдден тыс ғамхорлығында өскен бала өзи ҳәм анасының қәлеўлери қай жерде екенлигин билмейди.

Не себептен? Өйткени, анасы баласының алдында керек ҳәм керек емес ўақытта хызметине тақ турады. Өзиңиз ойлап көриң, усы дурыс па? Мәселен, перзентиңизге оның жанында сизиң болмағаныңыз унайды. Ол ара-тура сизден узағырақ болғанды да қәлейди. Бирақ, бул жағдай сизиң кеўилиңизге тийеди, ҳәттеки, ашыўыңызды да келтириўи мүмкин. Сиз бул жағдайды түсинбейсиз, бирақ сезип турасыз. Сол себепли, балаңыз дослары ямаса басқа да ағайинлери менен сизден узағырақта жүрген, соның менен бирге кеўили қәтержам болса да, бул жағдай сизге унамсыз тәсир етеди. «Балам менсиз қыйналып атыр» деп, өз-өзиңизди руўхый жақтан тергей баслайсыз.    

 

Бундай ананы не басқарады?

Жоқарыда атап өткенимдей, бундай аналарды руўхый түскинлик пенен байланыслы қәўетерлениў сезими басқарады. Олар меҳир-муҳаббатсыз қалыўдан, баласының өмиринде әҳмийетли орынды ийелей алмай қалыўдан, ҳеш кимге керек емес болып қалыўдан қорқады. Бул қорқыўды ҳәр сапары өзине меҳир менен қарап туратуғын көзлерди көрмегенде сезине береди:

– бәринен бурын, өз анасының меҳиринен;

– өмирлик жолдасының меҳиринен;

– баласының меҳиринен бийнесип қалыўдан қорқады.

Дүньяда ананың жаманы болмайды. Ана-баланың арасында сөз бенен жеткерип, қол менен услап болмайтуғын сондай бир сезим бар, оны муҳаббат басқарады. Биз сөз еткендей оғада ғамхор аналар болса, мине усы муҳаббаттан бос қалыўдан қорқады. Бирақ, психологлардың пикиринше, ана муҳаббаты ҳәм ғамхорлығында да норма және шегара болыўы керек. Өйткени, ата-бабамыз «Аяған көзге шөп түседи» деп тегин айтпаған.

Ҳәдден тыс ғамхорлық ететуғын аналар перзентлерин кишкенелигинен баслап өзлерине жипсиз байлап алады. Сол себепли, бундай балаларда ер жеткеннен кейин де перзентлик сезими раўажланғаны менен, еркеклик сезими дерлик қәлиплеспейди. Яғный, оларды үлкейгеннен кейин де анасы басқарады. Бундай перзентлер анасының жәрдемисиз ҳеш нәрсени еплей алмайды да.

 

Ер бала ЕРКЕК болып өсиўи керек

Демек, бундай балаларды келешекте не нәрсе күтеди? Ол ҳаялы ҳәм перзентлери менен жақсы жасай ала ма? Яқ. Себеби, олар үйленгеннен кейин ҳаялы менен де ашық-айдын сөйлесе алмай қыйналады. Ҳаялына «Яқ» деп айтыўды да келистире алмайды. Ҳаялы бир нәрсе алып бериўин сораса, яқ демейди. Бирақ, берген ўәдесин де орынламайды. Балалық ўақтында анасының айырым ғамхорлықларына «яқ» деп айта алмағаны, оны қапа етип қойыўдан қорыққаны ушын да оларда усындай характер қәлиплеседи. Яғный, Еркек болып емес, ал мамасының баласы болып ер жетеди. Ең өкинишлиси, буған басқалар емес, ал аналарының өзлери себепши болады.

 

Ананың ҳәдден тыс ғамхорлығы

Қандай аналар ҳәдден тыс ғамхор болып келеди? Қәнигелердиң пикиринше, өзлери кишкенелигинде меҳир көрмеген ҳаял-қызлар турмыс қурып, ана болғаннан кейин перзентлерине усындай мүнәсибетте болады екен. Бирақ, олар усы тәризде перзентиниң келешегине зыян тийгизип атырғанлығын сезбейди.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар