Исенимсизлик – иллеттиң бир түри

В. Жуманиязова
RA-img

«Қудайдың қәлеўисиз ҳәттеки бир кирпик те жерге түспейди»


Исенимсизлик ойыңда ҳәм исиңде гүман оятады – бул өз гезегинде өз күшиңе исенимиңди азайтады – адамды әззи, бийталап етеди, оның мийнетин қәдирсизлендиреди ҳәм бундай ҳәрекетлерден пайдасы 0 ге тең болады.

 

Мусылманларда мынадай әжайып сөз бар «Иншааллах», яғный «Егер Қудай қәлесе». Егерде бизиң нийетимиз пәк, исимиз ҳадал болса, Қудай ҳәмийше оның әмелге асыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратады. Гейде, ҳәттеки биз ойлағаннан да зыяда етип.

Өзиңе исенимсизлик – бул жүрегиңдеги Қудайдың сәўлесине исенимсизлик себепли пайда болатуғын төмен қәсийет. Яғный адам өзиниң күшине ҳәм мүмкиншиликлерине сол дәрежеде қатты исенбегенликтен, ол «яқ, мен буны еплей алмайман!» деп, ишинде Қудайға қарсы шығады. 

Ҳәм көпшилик жағдайда, Қудай бизди бәрқулла сүйиўши ҳәм ғамхоршы ата сыпатында «Яқшы, балам, сен айтқандай болсын» дейди ҳәм солай болады.

Ямаса, буған қарама-қарсы жағдай – өзиңе ҳәдден зыят исениў. Адам «Тек мен қәлегендей болады! Тек мен айтқандай болады!» деп, және Қудайға қарсы шығады ҳәм Қудай бунда да өз перзентине ғамхорлық етип «Яқшы, балам, урынып көр, бәлким солай болар» дейди. Көпшилик жағдайда бул ис әмелге асады, бирақ бәрибир кеўилдегидей болмайды. 

Бул дүньяда барлық нәрсе уйғынлыққа умтылады ҳәм бәрқулла Жоқары дүзилислердиң басқарыўында болады. Бирақ, бизлер белгили бир дәрежедеги саўатсызлығымыз себепли буны байқамаймыз. Ал бизлерди болса ҳешқашан умытпайды ҳәм бәрқулла ғамхорлық етеди, бағдарлап отырады.

Исенимсизлик – бул кем кеўиллик, ал кем кеўиллик – бул «утылыўдан» қорқыў.

Өзине исениў – бул гәрдишлик, ал гәрдишлик – бул басқалардан кем болыўдан қорқыў. Қорқыў – бул өлим, бул Қудайға деген муҳаббат ҳәм исенимниң жоқлығы, яғный Жаратыўшының ойына қарсы шығыў. Енди ойланып көриң, бундай адамды қандай нәтийже күтип тур?

 

 ⠀
«Не ексең соны орасаң» (с).
⠀
Исеним – бул уйғынлық, бул Қудайды сүйиў ҳәм оған исениў. Исеними кәмил адам орынсыз гүреспейди, ҳешкимге ҳештеңени дәлийллемейди ҳәм өз ўазыйпасын тыныш орынлайды. Ол өз жолының узақ ямаса қысқа болыўын ойлап отырмай, исеним менен жолын даўам етеди, себеби ерте ме – кеш пе өз мақсетине ерисиўин биледи, ал егерде билмесе «Иншааллах» дейди.

⠀Дыққатларыңыз ушын рахмет.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар