ЕҢ ЖАҚСЫ САРАЙ

RA-img

            Бул материаллық өмирде, адамлар өзлериниң данқы шыққанын қәлейди ҳәм буның ушын өзин-өзи мақтаў менен шуғылланады. Олар әтираптағыларға өзиниң «ийгиликли» ислери ҳаққында тынбай айтып турады, ҳәттеки бир тийин садақа берген болса да соны мақтаныш етип айтады.


            Әййемги заманның бир патшасы да сондай болған екен. Ол көп садақа тарқатқанын мақтанатуғын болған ҳәм өз данқы барлық жерге таралыўына умтылған.

            Күнлердиң биринде усы патша үлкен сарай салыпты ҳәм соның арқасында оның данқы пүткил дүньяға таралған. Сарайдың жанынан өтип баратырған адамларға патшаның өзи оны мақтап айтып беретуғын болған. Адамлар патшаның мәртебесине таң қалып ҳәм бул патшаның мақтанышын оннан да асырған.

            Бир күни патшаға бир әўлийе адам келипти ҳәм патша әдеттегидей сарайын көрсетип оның данқы ҳаққында мақтанып кетипти. Лекин данышпан бул сөзлерге ҳеш қандай итибар бермепти ҳәм патша буған қәҳәрленипти. Ол «Сен, не ушын мени мақтамайсаң? Мен бул сарайды салыў ушын сонша қәрежет сарыпладым, ал сен болса ҳайран болмадың да!?» деп данышпанға ғәзепленип айтыпты. Әўлийе инсан болса «Патша, мени есит, мен аспан менен жерге қарайман» деп жуўап берипти.

– Бул не дегениң?

– Сен үлкен сарай салдым деп ойлайсаң. Лекин бул дүньяда уллы патшалар тәрепинен салынған көплеген уллы имаратлар болды, бирақ ўақыт өтип олардың барлығы жердиң астына кеткен. Мен қарасам, сениң салған сарайың бурынғы заманларда салынған сарайлардың қасында ҳеш нәрсе емес. Сен жүдә қатты мақтанасаң, лекин жердиң астында көплеген ҳайран қаларлы дөретпелер бар.

 

Бул рәўияттың мәниси не? Көп адамлар уллы дөретпелерди қурды, лекин бул сарайлар ҳәм оларды салған адамлар қайда кетти?

Ҳәм данышпан мынадай жуўмақ жасады: «Мен бул өмирге материаллық нәрселерди қурыўға келмедим, ал өз жүрегимде пәк муҳаббат сарайын салыўға келдим».

 




Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар