Бәршеңиз де «Таў орнынан көшти десе исен, адам өзгерди десе исенбе!» деген даналық сөзди еситкен шығарсыз. Бул ҳақыйқат! Адамлар өзгермейди. Егер бир адамның жаман қәсийетлери бар болса, жыл өткен сайын сол қәсийети тек ғана өтлесип бара береди.
Мениң базы бир «дос»ларым бар. Оларды шама менен 10 жылдан берли таныйман, елеге шекем бир грамм да өзгерген жоқ. Сол унамсыз қәсийетлерин узақ жыллар сақлаў ушын арналған консерва банканың ишине салып қойғандай, елеге шекем өзлери менен бирге алып жүр. Физикалық жақтан да, руўхый жақтан да ҳеш қандай раўажланыў жоқ. Билесиз бе, Жер жүзиндеги адамлардың 95 проценти жылдан-жылға деградацияға ушырап, яғный бузылып барады екен.
Буның алдын алыўдың қандай да бир усыллары бар ма өзи? Бар! Булар: өзиңе сын көз-қараста қараў, өзиңе сырттан нәзер салыў, өзиңде унамсыз қәсийетлердиң бар екенлигин мойынлаў, гүна ислеп жүргениңди тән алыў. Бул нәрселер, бәринен бурын, өзиңиз ушын пайдалы, солай емес пе? Өйткени, сиз ишиңизде беккем тамыр урған сол жаман қәсийетлериңизди жоқ етип ғана раўажланыўыңыз мүмкин.
Бизлердиң көпшилигимизде мынандай пикир қәлиплескен: «Мен жақсы адамман! Мен деген периштемен десем де болады! Мен ҳәмме нәрсени билемен, ақыллыман. Тек ғана тәғдирим сәл аўырлаў. Бирақ, бул мениң айыбым емес, ал Пәленшениң, Төленшениң себебинен. Мениң таңлаған жолым дүзиў, тек ғана душпанларым жолымнан алжастыра береди, ҳәттеки, жораларым да мени бузады». Мине, усындай эгоистлерге тән ойлар бизлерди деградацияға алып келеди, раўажланыўымызға жол қоймайды. Бул унамсыз ойлар ўақыт өткен сайын денемизде де ҳәр қыйлы кеселликлер көринисинде пайда болады. Ўақыт өтип, өзиндеги жаман қәсийетлерди сапластырмағанлығы себепли хошкеўилли ҳәм өмирден қуўанып жасайтуғын адам орынсыз сөйлей беретуғын, наўқас адамға айланып қалады.
Енди бир ойланып көрейик: Сиз өзиңизди ең жақсы, ақыллы ҳәм парасатлы инсан деп есаплайсыз ба?
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…