Медициналық юмор

RA-img

Күлкитерапия


- Доктор, менде депрессия.

- Ислеп атырған жумысыңызға басыңыз бенен сүңгисеңиз, депрессиядан қутыласыз. Өзи қандай жумыс пенен шуғылланасыз?

- Бетон араластыраман...

*** *** ***

- Апа, маған еки мың сум бериң.

- Не ислейсең?

-  Көшедеги бир кемпирге беремен!

- Ақылым өзимниң! Қәне, қай жерде отырыпты сол кемпир?

- Ана жерде. Музқаймақ сатып атыр!

*** *** ***

- Доктор қәўетерлене берип шашларым ағарып кетти.

- Неден қәўетерленип атырсыз?

- Шашларымның ағарып атырғанынан.

*** *** ***

Бир киси ҳаўа райын тыңлап атыр. «Сибирде -45 дәреже». Буған исенбеген ол Сибирдеги танысына қоңыраў етти:

– Сизлер тәрепте қатты суўық, деп еситтим.

– Яғаў, тек ғана -20-25 дәреже.

– Солай ма? Телевизорда -45 деп еди.

– Аааа, олар сырттағыны айтқан шығар.

*** *** ***

Ғарры кемпирден сорады:

– Кемпир, ертең туўылған күниң екен. Қандай саўға алып берейин?

– Маған қәбиристанның жақсы, ең салқын жеринен қәбир алып бериң!

Арадан бир жыл өтти.

– Ғарры, быйыл туўылған күниме не саўға етесиз?

– Ҳеш нәрсе. Былтырғы саўғамнан еле пайдаланғаның жоқ.

*** *** ***

– Жаным-аў, неге жылайсаң? Мен хызмет сапарына 10 жылға кетип баратырғаным жоқ. Бир айда қайтып келемен-ғой.

– Аўа, бир ай деп болып үш күнде қайтып келесиз.

*** *** ***

Өмирбек түнниң ортасында ҳаялын оятып:

– Тур, көзәйнегимди таўып кел, – депти.

– Усы қараңғыда көзәйнекти не қыласыз? – депти ҳаялы.

– Түсиме майда нәрселер кирип атыр, көзәйнексиз көриўге қыйналып атырман, – деген екен.

 *** *** ***

Мәсләҳәт:

– Диеталық салатыңыз күйеўиңизге унаўы ушын, оған бир табақ палаў, еки шөрек нан ҳәм еки ис кабап қосып бериң.

*** *** ***

– Доктор, не ушын мен басымды төменге ийсем, оған қан ағады, ал тик турғанымда аяғыма ақпайды?

– Себеби, аяғыңның иши бос емес-тә.

 

 

 

 

 

 

    

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар