Бул тест оны анықлаўда жәрдем береди!
1. Сиз унатқан адам жоқ жерден жәнжел шығарып атыр. Келиспеўшиликлерден соң қыялыңыздан биринши болып қандай пикирлер өтеди?
А) Усы ўақытқа шекем шыдап киятырған едим.
Б) Бирге өткерген жақсы демлеримиз.
В) Оннан өш алыў мақсетинде мениң де жәнжел шығарыўым.
2. Машқалаларыңыз ҳаққында айтып жүриўге әдетленгенбисиз?
А) Аўа, егер мүнәсип сәўбетлес болса.
Б) Гейде. Басқаларға өзлериниң тәшўишлери де жеткиликли.
В) Яқ, бул маған туўра келмейди.
3. Сизиң пикириңизше, тәғдир деген – …
А) маған жақсы мүнәсибетте.
Б) ҳәмийше мени сынайды.
В) маған әдалатсыз.
4. Қандай да бир нәрседен қатты ренжигениңизде не ислейсиз?
А) Өзимди аянышлы сеземен ҳәм бундай ўақытларда жалғыз қалыўды қәлеймен.
Б) Бәринен бурын, досларымнан жәрдем сорайман.
В) Әдеўир ўақыттан берли әрман етип жүрген шынығыўым менен шуғылланаман.
5. Бахытлы мәўритлериңизде сиз?...
А) өмирде кеўилсиз жағдайлар да көп болатуғынлығын умытпайман.
Б) толық қәтержам бола алмайман – көп өтпей, барлығының жуўмақланыўы ҳаққындағы қыяллар маған тынышлық бермейди.
В) өмирден қуўанып, бүгинги күн менен жасайман.
6. Сәтсизликлерден қатты қыйналасыз ба?
А) Сезимлерге берилген менен машқала шешилмейди, сол себепли түскинликке берилместен, қандай да бир илажын табыўға ҳәрекет етемен.
Б) Аўа, ҳәттеки майда-шүйде нәрселерге де қыйнала беремен.
В) Ҳәр биринде ҳәр қыйлы, бәршеси жағдайға байланыслы.
7. Жақын инсаныңыз сизди қатты ренжитти. Өзиңизди қандай тутасыз?
А) Буны түсиндирип бериўин талап етемен. Ашық-айдын сөйлесип алмағанша тыншымайман.
Б) Ҳәммесин ишиме салып, өкпелеп қаламан.
В) Унамсыз сезимлерди өзимде сақлап қалмаў ушын, ишимдегини басқа адамға айтаман.
8. Психотерапевтлерге мүнәсибетиңиз қандай?
А) Олар көплеген адамларға жәрдем береди.
Б) Адамның өз-өзине жәрдемлесиўге күши жетеди.
В) Қалыс, бирақ оларға жумысым түсиўин қәлемеймен.
Балларды улыўмаластырып, жуўмақ пенен танысың
|
|
1 |
2 |
3 |
4 |
5 |
6 |
7 |
8 |
|
А |
3 |
2 |
1 |
3 |
3 |
1 |
1 |
2 |
|
Б |
1 |
3 |
3 |
2 |
2 |
3 |
3 |
1 |
|
В |
2 |
1 |
2 |
1 |
1 |
2 |
2 |
3 |
8-12 балл. Әдетте, сиз кеўилсиз жағдайларды, ҳәттеки, мүсийбетлерди де қәтержам қабыл етесиз. Өйткени, оларды дурыс баҳалай аласыз. Егер қандай да бир қыйыншылықлар пайда болса, түскинликке берилмей, анық бир мақсетти гөзлеп, оларды сабыр менен жеңип өтесиз.
13-18 балл. Көпшилик жағдайларда сиз тәғдириңизден налынасыз. Өзиңизди қолға алыўға ҳәм сезимлерге берилмеўге ҳәрекет етиң. Әтирапыңыздағыларға дәртиңизди айтып, машқалаларыңызды оларға да билдире баслайсыз. Бирақ, өзгелер сизиң машқалаңызды шешип бере алмайды. Буны тек ғана өзиңиз шешиўиңиз керек.
19-24 балл. Сиз машқалаларыңызды ҳәмме ўақытта да өзиңиз шеше алмайсыз. Өзиңизге аянышлы көз бенен қараўды ҳәм қабығыңызға оралып алыўды тоқтатың. Қыйын жағдайлардан табыслы шығып кетиў ушын ерк-ықрар ҳәм ақылды иске қосыўға туўра келеди. Умытпаң, сәтсизликлер мәңгилик емес. Бул дүньяда машқаласыз адамның өзи жоқ.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…