ПСИХОЛОГ, ПСИХИАТР ҲӘМ ПСИХОТЕРАПЕВТ

RA-img

Барлық инсанларда түрли психологиялық машқалалар ушырасып турады. Олардың санаўлысы ғана қәнигеге мүрәжат етпекши болады. Бирақ, кимге мүрәжат етиўди билмей, екиленип турады.


Психолог – инсанның руўхый ҳалатын изертлеўши шыпакер. Ол төмендеги бағдарларда жумыс алып барады:

– илимий тексериўлер өткериў ҳәм оқытыўшылық етиў;

– түрли оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм алып барыў;

– кәсип таңлаўда жәрдемлесиў;

– исеним телефонлары арқалы мәсләҳәт бериў;

– интеллектуаллық дәрежени анықлаў бойынша тест өткериў;

– инсанлардың өзине тән қәсийетлерин анықлаў;

– мәсләҳәтшилик хызметлерин көрсетиў.

Психологлар түрли жоллар менен инсанның руўхыятына унамлы тәсир етиўди тийкарғы мақсет етип қояды. Бирақ, олар менен сөйлесиў шыпакерге барыўдың орнын баса алмайды. Ҳуқықый ҳәм нормативлик тәрептен алып қарайтуғын болсақ, психолог арнаўлы қайта таярлаўдан өтпей турып, психотерапия менен шуғыллана алмайды. Психолог пенен психиатрдың парқы сонда, бириншиси сөз бенен емлейди, екиншиси бул процесске дәри-дәрмақты да қосады.

Психиатр – инсандағы руўхый патологияларды емлеўши шыпакер. Бул шыпакер наўқасты әтирапындағылар ушын қәўипли деп тапса, оны мәжбүрий емлеўханаға жатқарыў ҳуқықына ийе.

Наўқастың өзин тутыўындағы өзгерислер: көтериңкилик ҳәм итибарсызлықтың күшейип барыўы, өз жанына қастыянлық етиў пикири, сөзлериндеги алжасық ҳәм көзине бир нәрселердиң көриниўи, күшли қәўетерлениў, ойындағы түсиниксиз идеялар психиатрға мүрәжат етиўге тийкар болады.

Психиатрлар жарақатланғаннан кейинги руўхый өзгерислерди де емлейди. Олар тек ғана психология емес, ал неврология ҳәм нейрологиядан да хабардар қәнигелер.

Гейде басқа сала қәнигелери наўқасты психиатр мәсләҳәтине жибериўи мүмкин. Бунда қәўетерлениўге қәжет жоқ. Бул қәниге өзи емлеп атырған инсанның руўхый қәсийетлери ҳаққында көбирек мағлыўматқа ийе болмақшы екенлигинен дәрек береди. Демек, психиатрдың қабыллаўына барыў оның дизимине түсип қалыў дегени емес. Психиатр наўқасқа диагноз қойыўы ушын көплеген тийкарлы тексериўлерден өткериўи лазым болады.

Психотерапевт – бул шыпакер бир қанша мүддет психиатр болып ислеген, соңынан және қосымша таярлықтан өткен қәниге. Психолог та, психиатр да психотерапевт орынлайтуғын жумысты ислей алмайды. Ол дәрисиз де, дәри менен де емлей алатуғын қәниге.

Ҳәзирде емлеўдиң арттерапия, гипноз, музыкатерапия ҳәм басқа да психотерапиялық усыллары қолланылмақта. Психотерапевт шыпакер олардан пайдаланыўы, түрли жағдайларда мәсләҳәт бериўи, қадағалаўға алыўы және наўқасларға дәри-дәрмақ буйырыўы ҳәм бийкар етиўи мүмкин.

 

ЖУЎМАҚ

– Психолог саламат инсанларға түрли тестлер, сәўбетлер ҳәм мәсләҳәтлер менен жәрдем көрсетеди. Бирақ, диагноз қоймайды ҳәм дәри-дәрмақ буйырмайды.

– Психиатр – руўхый машқалалары болған инсанларды дәри-дәрмақ жәрдеминде емлейди. Оның қабыллаўына барыўдан қорықпаў керек.

– Психотерапевт – бул универсал, яғный ҳәр тәреплеме раўажланған қәниге, ол психолог ҳәм психиатрдың имканиятларын жәмлей алған шыпакер.

Қайсы қәнигеге мүрәжат етиўди шешиўден алдын машқаланың қаншелли терең екенлигине итибар қаратыў керек. Ҳәр қандай жағдайда да руўхый машқалаларға шешим табыў ушын қәнигелерге исеним билдириў мақсетке муўапық.

Тек маман қәниге, өз жумысының ҳақыйқый шебери ғана сөзди оғада тәсиршең қуралға айландыра алады.

 

 

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар