Еситиў аппараты туўралы

RA-img

Қулақтың тәсиршең клеткалары организм менен бирге қартайып барады. Тилекке қарсы, ҳәзирде еситиў менен байланыслы машқалалар тек ғана қартайыў процеси менен байланыслы болмай қалды. Бүгинги күнде еситиў аппаратларынан жаслар, ҳәттеки, балалар да пайдаланып атырғанлығын көриў мүмкин. Еситиў үскенесин неше жастан баслап тағыў усыныс етиледи? Ол зыянлы емес пе? Қандай түрлери бар?


– Еситиў аппараты дегенимиз не ҳәм ол қай тәризде ислейди?

– Еситиў аппаратлары жақсы еситпейтуғын инсанлар ушын сес толқынларын қолайлы дәрежеге шекем күшейтип беретуғын электрон үскене. Еситиў аппаратының түрлери оғада көп. Қулақтың артына, қулақтың ишине орнатылатуғын ҳәм хирургиялық жол менен имплантация етилетуғын түрлери бар.

– Бул үскенелер еситиў қәбилетин 100 процент тиклей ала ма?

– Яқ. Үскенени таққан адам жақсы есите баслайды, әтирапындағылар менен биймәлел сөйлесе алатуғын болады. Бирақ, еситиў қәбилети 100 процент тикленеди, деп ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Аппаратқа үйрениў ушын да ўақыт керек. Буннан тысқары, еки қулағында да машқаласы бар базы бир адамлар «алдын бир қулағыма тағып көрейин» деп, тек ғана бир аппарат алады. Бундай ўақытта еситиў қәбилети орташа 70 процентке шекем жақсыланады. Егер ол еки тәрепке де тағылса, 90 процентке көтерилиўи мүмкин.

Еситиў қәбилетин жоғалтып, соңынан оған қайта ерискен адам дүньяға жаңадан келгендей болады.

– Шыпакердиң мәсләҳәтисиз бул үскенени сатып алыўға бола ма?

– Яқ, шыпакердиң усынысы болмаса, берилмейди. Бәринен бурын, шыпакер қулақ кеселликлери бар ямаса жоқ екенлигин тексереди. Егер наўқасқа үскене керек, деп табылса, оған арнаўлы түрде қойылады. Сондай-ақ, оны қалайынша пайдаланыў кереклиги, үскенени таза услаў ҳаққында мағлыўматлар бериледи.

– Аппаратты неше жастан баслап тағыўға болады?

– Еситиў қәбилетиниң қай дәрежеде екенлигин неше жастан анықлаў имканияты болса, сол ўақыттан баслап. Ҳәттеки, бир жасар балаларға да тағыўға болады.

– Ол қулақты аўрытпай ма?

– Надурыс қойылса, аўырыў сезиледи. Соның ушын да қәнигеге көриниў шәрт.

– Еситиў үскенелерин таңлаўда не нәрселерге итибар қаратыў керек?

– Еситиў дәрежесине, қулақтың үлкен-кишилигине, аудиограмма нәтийжелерине қарап аппарат таңланады.

– Биреўдиң еситиў үскенесинен басқа адам пайдаланыўы мүмкин бе?

– Бундай ўақытта сол адамға бейимлестирилиўи шәрт. Егер буның имканияты болмаса, мүмкин емес.

– Еситиў қәбилетин жақсылаўдың аппараттан басқа да усыллары бар ма?

– Аўа. Мәселен, хирургиялық әмелият өткериўге болады. Ҳәзирги ўақытта туўма гереңлерди де операция жәрдеминде емлеп атыр. Бул операцияда қулақтың артына кохлеар имплантант орнатылады.

– Үскенелер инсан организмине қәўип туўдырыўы мүмкин бе?

– Шыпакердиң усынысысыз, қулағына туўра келмейтуғын, надурыс бейимлестирилген аппарат тағылса, әлбетте, қәўип туўдырады. Сондай-ақ, базы наўқаслар шыпакер буйырған даўыс бәлентлигине қанаатланбай, буннан да күшлирегин қәлейди. Тийкарында, саламат адам да шаўқым жерде 2 сааттан аслам турыўына болмайды. Бул оғада зыянлы. Бәринен бурын, аппарат орнатылып атырғанда ең төменги даўыстан баслаў керек. Соңынан, әсте-ақырын нормалық ҳалатқа шығарып барылады. Аппараттан дурыс пайдаланылмаса, еситиў қәбилети және де төменлеп кетиўи мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар