АТАМНЫҢ ТӘРБИЯСЫ

Сағындық АТАНАЗАРОВ
RA-img

Кишкене ўақтымызда жазғы дем алыс басланыўдан иним екеўимиз аўылдағы атам менен апамның үйине асығатуғын едик. Қаланың биздей балалары ушын аўыл жәннеттиң өзи: кең даланлық, сүт-қатық, қаймақ дегениң мол, алма, ериклер төселип жатыр.


Бизлерге ең унайтуғыны – атамның үлкен ҳәўизи. Бул ҳәўизге қуяш төбеге көтерилмесе шомыла алмайсаң. Өйткени, ҳәўиздиң қыр дөгереги қара тал менен қоршалған, суўға тал түске шекем теңгедей қуяш түспейди. Саратанның ыссысында да ҳәўиздиң иши сап-салқын. 

Бул ўақыяға жүдә көп жыллар болды. Мен сол ўақытта 10, иним болса 8 жасар бала едик. Ҳәр жылғыдай, жаз келиўден аўылға қарай шаптық. Апам бизлерди жерге, көкке исенбейди. Қандай еркеликлер ислесек те көтере береди. Бирақ, атамның минези қаталлаў. Оғада аз сөйлейди. Усы ўақытқа шекем күлгенин еслей алмайман, тек ғана бир мыйық тартып қойыўы мүмкин.

Усындай күнлердиң биринде кемпир апам еки күнге қаладағы әжапамның үйине кететуғын болды. Биз иним екеўимиз атам менен қалдық. Орнымызға жатқанымыз қашшан, бирақ бир-биримиз бенен айқасып, уйқылайтуғын түримиз жоқ. Сонда атам келип:

– Уйқылаң! Азанда ерте оятаман. Азанғы чай саат жети де, – деди.

Биз сол жатыстан түнниң ярымында зорға уйқыға кеттик. Жатқанымыз жаңа еди, атам есикти ашып:

– Турың! – деди де, кетип қалды. Саатқа қарасам таңғы 6:00 болыпты.

– Яқшы, – дедик те, саат 10:00 да зорға турдық.

Бет-қолымызды жуўып, дастурхан басына келсек, ҳеш нәрсе жоқ.

– Ата чай ишпеймиз бе?

– Азанғы чай жети де, – деди де, ешегин ертлей баслады.

– Ата, онда бизлер ҳәўизге кеттик.

– Түслик саат 13:00 де.

Бизлер ҳәўиздиң бойына барып, аяқларымызды суўға тықсақ, қара муз. Буннан кейин қармақ пенен балық усламақшы болдық. Соңынан суў жылый баслады, шомылыўға кирисип кеттик. Гәптиң қысқасы, саат 14:30 да аштан силемиз қурып, үйге зорға жетип бардық. Қарасақ, дастурханда ҳеш нәрсе жоқ.

– Ата, – дедик көзлеримиз жаўтаңлап.

– Кешки аўқат саат 19:00 де.

Биз барлығы бийпайда екенлигин билип турмыз. Бирақ, суўда шомыла бергеннен кейин қарын деген сырнай шертип атыр. Нан сындырып жейик десек, атам барлығын асханаға жайғастырып, есикти қулпырып, гилтти қалтаға урған. Бир ўақытта иним:

– Ҳәзир апам болғанында ма, билесең бе бизлерди аўылдың арғы шетинен шақырып алып келип, аўқатландыратуғын еди.

– Қырма толы сүтке нан батырып қоятуғынын айтпайсаң ба?! Нан дегениң сүтке жибип турады, жуўырып келип сындырып аласаң да, ҳәз етип жей бересең.

Буларды ойлап турып, аўызымыздан суўдың ағыўын көргениңиз де ме?! Ақыры шыдамай, алма жеўге кеттик. Бирақ, алмалар еле дурыслы писпеген, ерик таўысылып болды. Көк алманы әри-бери ғайзадық, тек тисимиздиң қамасқаны қалды.

Кешки саат жетиде екеўимиз де дастурханның басында тайын турдық. Атам алдымызға еки кесе мәшабаны алып келди. Мен дәрриў қасықты алып, тийисип кеттим. Иним сонда да тыржыйып атыр:

– Мен мәйек жеймен, бундай қап-қара аўқат ишпеймен.

Атам дым үндемей, кесени қолынан алды да:

– Азанғы чай жети де, – деди. Иним болса көзлери бақырайып:

– Ата тоқтаң, ишемен, – деў менен болды.

Ертеңине азанғы саат жети де екеўимиз де дастурхан басында жуўынып-шайынып, тайын турдық.

Мине, 24 сааттың ишинде атам бизлерди усылай тәрбиялай алды. Ҳеш қандай бақырған да жоқ, урған да жоқ, аўыр сөз де айтпады. Соннан берли мен ҳеш нәрсеге кешигип көрмедим, бәрқулла ўақтында жетип бараман.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар