Көпшилигиңиз ҳәзирги сөз етпекши болған илимпазлар тәжирийбеси ҳаққында интернеттен көрген ямаса оқыған болсаңыз керек. Бул тәжирийбе америкалы социолог алымлар тәрепинен 1972-жылы сынақтан өткерилген. Нәтийжесине ҳайран қалған илимпазлар бул тәжирийбени 25 ирет қайталаған. Ол қандай тәжирийбе?
Илимпазлар тышқанлар ушын арнаўлы жасаў орнын жаратады. Бул Жер үстиндеги Жәннеттиң өзи еди: уялары ҳәптесине 2 мәрте тазаланады; тышқанлар ветеринарлар тәрепинен ҳәр ҳәпте көриктен өткериледи; азықланыўы ушын олар тутынатуғын барлық өнимлер, ишимлик суўы бар; ҳәттеки, тышқанлардың жақсы жасаўына имканият туўдыратуғын турақлы температура сақлап турылған. Тек ғана ишип-жеп, көбейиўи керек.
Дәслепки ўақытта тышқанлар жаратылған қолайлы шараяттан кеўли толып жасай баслайды. Бирақ, арадан көп ўақыт өтпей еркек тышқанлар өз ўазыйпаларын атқармай баслады. Яғный, жубайларына ғамхорлық еткенди тоқтатады. Өйткени, бул нәрсе шәрт емес те еди. Уя қазыўға, азықлық излеп табыўға қәжет жоқ. Ҳәттеки, өзлериниң сыртқы көринисине де итибар қаратқанды тоқтатты. Тийкарында еркек тышқанлар жубайының итибарын тартыў мақсетинде жүнлерин жылтыратып тазалап жүретуғын еди.
Урғашы тышқанлар болса ҳәдден тыс ашыўшақ бола баслады. Бир-бири менен тислесип, тырнасатуғын әдет шығарды. Өз балаларын да тислейтуғын болды. Тәжирийбеден алдын бул тышқанлар тийкарында тек ғана өзиниң жубайы менен шатылысатуғын еди. Бирақ, тәжирийбениң соңына қарай урғашы тышқанлар бәршеси менен араласып шатылысатуғынды шығарды. Ең соңында еркек тышқан менен еркек тышқан да шатылысыўға қарады ҳәм барлығы көп ўақыт өтпей қырылып, жоқ болды.
Бизлердиң ата-бабаларымыз мүтәжликте, жоқшылықта жасаған. Бирақ, бир-бирине мийрим-шәпәәтли, ғамхор ҳәм сабырлы болған. Ал, ҳәзирги заманжа адамлардың жасаў шараяты әдеўир жақсы. Тилекке қарсы, олар ушын қаншелли қолайлықлар жаратылған сайын соншелли ашыўшақ, шыдамсыз болып бармақта.
***
Көпшилик ата-аналар перзентлериниң қолын суўық суўға урғызғысы келмейди. Өзлери күни-түни жумыс ислесе де, перзентлериниң қыйналыўын көтере алмайды. Оларға барлық қолайлы шараятларды жаратыўға, ҳеш кимнен кем етпеўге, «Кишкенелигимде мен қыйналдым, балам қыйналмасын» деп, барлық тилеклерин булжытпай орынлаўға ҳәрекет етеди. Бундай шараятта өскен баланың жоқары да атап өтилген тәжирийбедеги тышқанлардан қандай айырмашылығы қалады? Адамды адам ететуғын нәрсе мийнет, турмыс машқалалары емес пе?! «Балаға қараған сайын ол төмен қарай береди» деген ушырма гәп бар екенин умытпаң.
Гәп сонда – ҳәмме нәрсе рабайы менен болыўы тийис. Перзент – ўақтында жақсы көрилиўи, ўақтында қул болыўы, ўақтында дос болыўы керек.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…