ӨЗИҢИЗДИ ҚЫЙНАМАҢ…

RA-img

Айырымлар өз тәбийий мүтәжликлерин әмелге асырыўға тартынады. Дурыс, жәмәәтлик орынларда булай ислеў әдеўир қолайсызлық туўдырыўы мүмкин. Бирақ, илимпазлардың атап өтиўинше, тәбийий мүтәжликлерди өз ўақтында қанаатландырмаў ямаса оларды белгили ўақыт сақлап турыў бир қанша кеселликлерге себеп болады екен.


Әлбетте, сизде «Бул қандай тәбийий мүтәжликлер екен?» деген сораў туўылыўы мүмкин. Бүгинги темамыз мине усылар ҳаққында.    

• Ашлыққа узақ ўақыт шыдаў ақыбетинде инсанның иштейи жоғалады, мийи айланады ҳәм соның ушын, саламат турмыс тәризине әмел етип, ўақтында сапалы аўқатланып барыўды әдетке айландырың.

• Узақ ўақыт шөллеп жүриў аўыз қуўыслығының кеўип кетиўине, мий айланыўына, жүрек соғысының тезлесиўине ҳәм күшли тәсиршеңликке себеп болады екен. Қәнигелер узақ ўақыт шөллеп жүриў организм ушын оғада унамсыз тәсир ететуғынлығын, шөллеместен-ақ суў ишип жүриў лазымлығын айтады. Өйткени, инсан денесиниң 65-70 проценти суўдан ибарат. Егер бул муғдар азайып кетсе, денениң суўсызланыўы жүзеге келеди.

• Қайтарыў. Айырымлар жәмәәтлик орынларда ямаса усыған уқсас көпшилик бар жерде кеўли айнып турса да, қайтарыўға тартынады. Дурыс, бул әдеўир қолайсыз ҳәм жағымсыз жағдай. Бирақ, инсанның кеўли айныса да қайтармай турыў да денсаўлық ушын жүдә зыянлы. Ол асқазан қуўыслығы кеселликлерине, иштейдиң жоғалыўына, дем алыўдың қыйынласыўына, ҳәттеки, көз кеселликлерине де алып келеди. Солай екен, организмнен шығыўы керек болған массаны, әлбетте, илажын таўып шығарып таслаң.

• Гейде түшкиргимиз келсе де иркип қаламыз. Түшкириў ямаса еснеўди өзинде иркип қалатуғынларда бас аўырыўы тез-тез бақланады екен. Егерде түшкиргиңиз келип, бирақ оны еплей алмасаңыз, қуяшқа бир қараң да түшкирип алың.

• Газды көп иркип турыў иштиң қатыўына себеп болады. Бул болса, өз гезегинде, және де көп газ топланыўына алып келеди, қарынның исиўине, оның шаншып аўырыўына, жүрек кеселликлерине де себепши болады.

• Узақ ўақыт уйқы менен гүресиў дене ҳәм бастың аўырласыўына (қан басымының төменлеўи), ойлаў, пикирлеў қәбилетиниң бузылыўына алып келеди. Соның ушын да, ўақтында дем алып, саламат турмыс тәризине, күнлик режимге әмел етиң.

• Сидикти көп ўақыт услап турыў сидик қалташасы менен бөтекеде тас пайда болыўына алып келеди. Сондай-ақ, бундай зыянлы әдет сидик ажыратыў системасының, жынысый ағзалардың наўқасланыўына кең жол ашады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар