АЎҚАТТЫҢ ЫССЫСЫ ЖАҚСЫ МА ЯМАСА МУЗДАЙЫ?

RA-img

Организмимиз, дене ағзалары ҳәм олардың силекейли қабығы оғада ыссы және ҳәдден тыс муздай температураға бейимлеспеген. Соның ушын, аўқатланыўда тағамның ыссы ямаса суўықлығына итибар қаратыў керек.


Оғада ыссы аўқат организмге зыян. Оғада ыссылай жеўге үйрениў де жақсы әдет емес. Өзи тийкарында суў ҳәм аўқатлар аўыз қуўыслығын күйдирмейтуғын ыссылықта қабыл етилиўи зәрүр.

Илимпазлардың атап өтиўинше, ыссы аўқат дәслеп қызыл өңештиң силекейли қабығын күйдиреди. Буның нәтийжесинде қызыл өңеш тарайып, түрли дәрежедеги жаралар, тыртықлар пайда болыўы ҳәм соңын ала жутыныўда машқалалар туўылыўы мүмкин. Аўқатты оғада ыссылай жеген ўақытта асқазан ҳәм ишеклердиң дийўалы да кеңейип барады. Буған ҳәр бир денениң ыссылықтан кеңейиў процеси мысал бола алады. Соңын ала бул жағдай ағзалар ҳәм қарын өлшемлериниң үлкейиўине себеп болыўы мүмкин. Ыссы аўқат тутыныўдың зыянлы тәрепи сонда, бунда ерин, таңлай, аўыз қуўыслығы күйип қалыўы, нәтийжеде жара пайда болыўы, аўыздан көп муғдарда силекей ажыралыўы ҳәм қайтарыўға себеп болыўы мүмкин. Асқазан ҳәм ишек жаралары бар наўқасларға, ишки қан кетиў қәўпи болғанлығы ушын аўқатты ыссы ҳалында жеў улыўма мүмкин емес.

Оғада муздай азықлық затлар да организмге жаман тәсир көрсетеди. Әсиресе, жас балаларда бездиң исиниўи, нәтийжеде болса дене температурасының артыўы, лимфа түйиншелериниң үлкейиўи сыяқлы бир қатар асқыныўларға себеп болыўы мүмкин. Муздай аўқатлардың ферментлер ҳәм өт суйықлығы менен қайта ислеўде қыйыншылық туўылады. Муздай суўды көп ишетуғын адамлардың тез-тез аш болыўы да соннан. Бундай ҳалда қарын желлесип, ас сиңириў қыйынласады. Бул жағдай асқазан жарасы, дисбактериоз ҳәм колитке алып келиўи мүмкин.

Көшеде муздай фастфуд азықлық затларын көп тутынатуғын, аўқат пенен муздай суў ишиўди жақсы көретуғын адамларда артықша салмақ топланыўы бақланады.

Десерт орнында музқаймақ тутыныў ҳәммеге де унаса керек. Бирақ, муздай нәрсениң де нормасы жақсы. 1969-жылы рус рентгенологлары тәжирийбе өткерип, буны тастыйықлаған еди. Олар клиентлерге муздай каша берип, оның асқазандағы жағдайын тексерип көрмекши болды. Бирақ, рентген аппаратын қосаман дегенше, клиенттиң асқазанындағы каша ишеклерге түсип кетти.

Усы сыяқлы тәжирийбелер жәрдеминде илимпазлар аўқаттан кейин муздай газли ямаса басқа да ишимликлердиң нәтийжесинде азықлық заттың асқазанда турыў ўақты 3-4 сааттан 30 минутқа шекем қысқарыўын анықлаған. Бул болса ас сиңириў ағзаларының ҳәдден тыс көп жумыс ислеўине себеп болады, организмди семизлик ҳәм басқа да кеселликлерге бейим етип қояды. Жуўмақлап айтқанда, муздай ҳалда қабыл етилген азықлықлар асқазан отының пәсейиўине ҳәм ақыбетте асқазан-ишек системасының хызметиниң бузылыўына алып келеди. Жылытпа жегенде де оны жылытыў дәркар.

Демек, оғада ыссы ҳәм ҳәдден тыс муздай ҳалаттағы өнимлерди тутыныў зыянлы. Усыдан келип шығып, аўқатларды норма менен тутыныўға әдетлениўимиз керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар