АҚЫЛЛЫЛЫҚТЫ ТӘРБИЯЛАЎҒА БОЛА МА?

RA-img

Көпшилик талантлы инсанларға ҳәўес етип ҳәм ҳайран болып қарайды. «Қалайынша усындай етип пикирлей алады екен?!» ямаса «Қалайынша буны орынлайды екен?!» деп таң қаламыз. Әлбетте, перзентлеримиз де усындай қәсийетке ийе болыўын қәлеймиз.


Бул нийетти әмелге асырыў ушын илимпазлар талантлы адамлардың турмыс тәризин үйренген. Олар талантлы болыўдың сырын уллылардың өмиринен излеген. Усы мақсетте олардың биографиясы ҳаққында көплеген китапларды баспадан шығарған. Бәлким, уллы инсанлардың өмириндеги гейбир жағдайлардың перзентимизди талантлы етип тәрбиялаўымызға пайдасы тийиўи мүмкин шығар. Келиң, илимпазлардың мәсләҳәтине қулақ салып, бала тәрбиясында уллы талант ийелериниң әдетлерине әмел етип көрейик.

 

БИРИНШИ УСЫНЫС

Бала менен, ҳәттеки, ол үш айлық болса да, «ути-мути» деп сөйлеспең. Оның менен ересек адамлардай етип сөйлесиң. Бул балаға кишкенелигинен тәртипли, қысқа ҳәм анық етип сөйлеўди және пикирлеўди үйретеди. Ақыллы баланы тәрбиялаўда ең жақсы усыл оны кишкенелигинен баслап нормаль пикирлеўге үйретиў.

Оған ойыншықлар ҳәм мультфильмлер таңлаўда алжаспаң. Унамсыз, ҳеш қандай мәни ҳәм мазмуны жоқ нәрселер оның пикирлеў дәрежесин төменлетип жибереди.

 

ЕКИНШИ УСЫНЫС

Баланы китап оқыўға үйретиң. Ерте жасында (1-4 жаста) китапты даўыслап оқып бериң. Оқып атырған китабыңыз қызықлы ҳәм үлги аларлық болыўы керек. Мысал ушын, әпиўайы ертеклер, әййемги грек мифологиясы, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясы ҳаққындағы китапларды оқың.

Бала оқыўды үйренгеннен кейин оны көбирек китап оқыўға руўхландырың. Егер ол бир китапты бир ҳәптеде оқып шықса, 15 жасында инсанияттың 99 процентине қарағанда артығырақ билим ийесине айланады.

 

ҮШИНШИ УСЫНЫС

Баланың раўажланыўын мектептеги баҳасына қарап өлшемең. Өйткени, бала базы бир пәнлерге қызықпаўы мүмкин. Егер онда қандай да бир қызығыўшылық сезсеңиз, оның бул қәбилетин раўажландырыў ушын қосымша дөгереклерге бериўиңиз лазым. Мәселен, балаңыз математикаға қызықса – жас математиклер ямаса шахмат дөгерегине алып барың.

 

ТӨРТИНШИ УСЫНЫС

Егер балаңызда қызығыўшылық болмаса, онда қызығыўшылығын оятың. Себеби, қызығыўшылық өмирде үлкен табысларға ерисиў ушын тийкарғы өлшем есапланады. Инсанның тәбияты жаңа нәрсени билиўге умтылады. Перзентиңиздиң жүрегинде жасырынған бул тәбийий сезимди жүзеге шығарыўға ҳәрекет етиң. Әлбетте, балаңыз сиз қызықтырмақшы болған нәрсени мәжбүрий емес, ал өз қәлеўине бола орынлаўы керек. Егер сиз мине усы қағыйдаларға әмел етсеңиз, сизиң перзентиңиз ҳақыйқый ойшыл болып жетилисиўи мүмкин.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар