НӘРЕСТЕЛЕР НЕ УШЫН ДУЗЛЫ СУЎДА ШОМЫЛДЫРЫЛАДЫ?

RA-img

Республикамыздың халқы арасында әййемнен сақланып киятырған сондай үрп-әдетлери бар, олардың медициналық ҳәм профилактикалық жақтан үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ойлап, ата-бабаларымыздың қаншелли дана болғанлығына ҳайран қаласаң. Усындай мийраслардың бири жаңадан туўылған нәрестелерди дузлы суўға шомылдырыў.


Бизиң халқымызға тән нәресте туўылғаннан соң қырқынан шығаман дегенше дузлы суўға шомылдырылыўы сырт елли изертлеўшилердиң де итибарын тартты. Олар бул процессти баланы инфекциялардан қорғаўдың ең қолай усылы, соның менен бирге, ҳәзирги дәўирде кең қолланылатуғын өзине тән ароматерапияның бир түри деп есаплайды.

 

Әййемги дәстүрдиң медициналық әҳмийети

Баланы дузлы суўға шомылдырыўдан тийкарғы мақсет, бәринен бурын, нәрестени микроб ҳәм инфекциялардан қорғаўға қаратылған. Сондай-ақ, баланың кейинги өмиринде дус келетуғын, аллергия қозғаўы мүмкин болған элементлерден аз муғдарда суўға салып шомылдырыў нәрестениң денесин әсте-ақырынлық пенен бул факторларға үйретиўге жәрдем береди.

Дузлы суўға шомылдырыў нәрестениң туўылғанының бесинши күни әмелге асырылады. Баланы шомылдырыў көпти көрген апаларға тапсырылады. Шомылдырған ҳаялға бир көйлеклик таўар инәм етиледи.

Баланы бундай усылда шомылдырыў 40 күн даўам етеди. Дузлы суўда шомылдырыўдың нәтийжеси узақ әсирлер даўамында өз дәлилин тапқан. Ҳәттеки, қолтығынан ямаса аўызынан унамсыз ийис шығатуғын адамларға кемпир апаларымыз «қырқының ишинде жақсы дузланбаған» деп «диагноз» қояды. Дузлы суўға жақсылап шомылдырылған баланың териси әдеўир шыдамлы болып, иммунитети беккем болады.

Бул дәстүрдиң усы күнге шекем жетип келгени тегин емес. Балықты да дузлап қойсаңыз тез айнымайды. Тери де қаншелли жақсы дузланса, соншелли шыдамлы болады. Оны жуўындырғанда тәбийий емес еритпелер менен әззилетип, аллергияға тәсиршең етпей, әзелден сыналған усыллар жәрдеминде түрли сыртқы тәсирлерден қорғаў керек.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар