«Балам газланған ишимликлерди жақсы көреди. Олардың пайдасыз екенлигин түсиндире алмай атырман. Бул ҳаққында диетологлар қандай пикирде? Газланған ишимликлердиң зыянлы қәсийетлери туўралы мағлыўмат берсеңиз…»
Замира, Шымбай
Артықша салмақ ҳәм семизлик. Ҳәр күни 1 литр мазалы лимонад ишсеңиз, бир айда 0,5 кг артықша салмаққа ийе боласыз.
Суўсызланыўға ҳәм бөтекеге қәўипли тәсири. Газланған ишимликлер күшли сидик шығарыўшы қурал есапланады. Яғный, олар организмнен суйықлықты шығарып жиберип, суўсызланыўға және бөтекелерде жүклемениң артыўына себеп болады.
Турақлы газланған ишимлик ишетуғын адамлардың бөтекесинде тас анықланады, бөтекениң шаншып аўырыўы бақланады. Буның тийкарғы себепшиси – олардың қурамында фосфор кислотасының көплиги. Ол тек ғана лимонадта емес, ал газлы суўда да болады.
Тислердиң жемирилиўи. Газланған ишимликлерде кислоталылық жоқары болады, сондай-ақ, қант та көп қосылады. Кислота тис эмалындағы минерал элементлерди еритип жибереди. Ақыбетте, тислер әззилеп, бузылыўға бейим болып қалады. Бундай ишимликлерди узақ ўақыт тутыныў тис эмалының бузылыўын келтирип шығарады. Егерде оларсыз тура алмасаңыз, ҳеш болмағанда арнаўлы трубка жәрдеминде ишиң. Сонда суйықлықтың тислерге тәсири азаяды. Газлы ишимликти ишкен ўақытта тислерди тазаламаң. Өйткени, кислота жәрдеминде тислердиң жемирилиўи күшейеди. Ең мақулы, аўыз қуўыслығын жыллы суў менен шайып, 20-30 минуттан соң щетка ҳәм паста менен тазалаң.
Ас сиңириў системасындағы машқалалар. Ишимликтеги ашқан ўақытта пысылдап көтерилетуғын майда-майда шарларды углерод диоксиди пайда етеди. Ол асқазан ширесиниң кислоталылығын арттырып, метеоризмди келтирип шығарады. Узақ ўақыт тутыныўдың ақыбетинде болса асқазан жарасы, кислоталылығы жоқары гастрит ҳәм басқа да асқазан кеселликлери келип шығады.
Баўыр, асқазан асты бези, жүрек ҳәм сүйек кеселликлериниң қәўпин арттырады. Статистикалық мағлыўматларға бола, күнине 1 литр газланған ишимлик ишетуғын адамларда баўырдың бузылыўы 5 есе көп бақланады. Бул лимонадлардың қурамындағы баўырды зыянлайтуғын химиялық элементлер себепли жүзеге келеди. Сондай-ақ, диабет ҳәм жүрек кеселликлерин арттырып алыў итималы да жоқ емес. Газланған ишимликлердеги нормадан артық қант асқазан асты безиниң жүклемесин арттырады. Нәтийжеде ол көп муғдарда инсулин ислеп шығара баслайды. Белгили ўақыттан соң қандағы қант муғдары бирден түсип кетеди. Бул болса диабет ҳәм зат алмасыўының бузылыўына алып келеди.
Буннан тысқары, газлы ишимликлер организмдеги темир, калий, кальций, магний сыяқлы элементлерди жуўып жибереди ҳәм ақыбетинде жүректиң жумысы бузылып, қанның қурамы патасланады, сүйеклер мортласып, остеопорозға жол ашылады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…