Күлкитерапия
Аспаз емлеўхана асханасына жумысқа кирмекши. Кадрлар бөлиминде оннан сорап атыр:
– Бурын судландыңыз ба?
– Яқ, ҳәзирше қолға түспедим.
*** *** ***
Муғаллим Дәниярдан сорады:
– «Урлаў» деген сөздиң өткен мәҳәли қандай болады?
– «Урлады».
– Келер мәҳәли не?
– Қамақта!
*** *** ***
Футбол шолыўшысы:
– Бизлердиң командамыз урған әжайып, супер бир голға қарсыласларымыз арзымаған үш гол менен жуўап қайтарды.
*** *** ***
Муғаллим оқыўшыларға «Егер мен фирма директоры болсам» темасында шығарма жазыўды буйырды. Ҳәмме шығарма жазыў менен бәнт. Тек ғана Балтабай ҳеш нәрсе жазбай отыр. Муғаллим Балтабайдан сорапты:
– Сен неге шығарма жазбай атырсаң?
– Секретарь қызды күтип отырман.
*** *** ***
– Тоқта! Неге емлеўханада бахилласыз жүрипсиз?
– Мен бас шыпакердиң әғайинимен.
– Буны микроблар да биле ме?
*** *** ***
Хызметкер азан менен баслығынан өтиниш етти:
– Ақсақал, бүгин жумыстан бир неше минут ертерек қайтсам бола ма?
– Неше минут?
– Шама менен 480 минут.
*** *** ***
– Жақсы қыз, сумкаңыздың аўзы ашылып қалыпты.
– Ўай, көп-көп рахмет! Сизге уқсағанлардың барына шүкир. Орныңызда басқа адам болғанда, ақшамды урлап, қашып кеткен болар еди.
– Яғаў, көп мақтай бермең. Еки жүз мың сум да пул ма?!
*** *** ***
Мектепте сабақ басланып, муғаллим оқыўшыларға былай депти:
– Ҳәзир аралық имтихан тапсырасыз!
Бир оқыўшы:
– Калькулятордан пайдалансақ бола ма?
Муғаллим:
– Аўа, болады.
Және бир оқыўшы:
– Менделеевтиң кестесинен ше?
Муғаллим:
– Оған да руқсат! Демек, жазып алың, имтихан темасы: «Екинши Жер жүзилик урыс».
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…