НӘРЕСТЕ СУЎ ИШЕ МЕ?
«Жаңадан туўылған нәрестеге суў бериў керек пе?»
– Баланы илажы барынша көкирек сүти менен азықландырыў зәрүр. Себеби, ана сүтиниң қурамындағы суўдың өзи бала ушын жеткиликли есапланады. Жаз мәўсими болыўына қарамастан, бала суўсызланып қалмайды.
Африкада күн ыссы болса, балаға қалайынша суў бермеўге болады, деген даў-жәнжел себепли илимпазлар әжайып эксперимент өткерди. Бир топар балаларға тек ғана ана сүти, басқа топардағыларға ана сүти менен бирге емизиўлер аралығында суў да берилген.
Бир айдан кейин салыстырылғанда, еки топардағы балаларда да ҳеш қандай суўсызланыў белгилери бақланбаған. Бирақ, көкирек сүти менен бирге суў ишкен балаларда дене салмағының азайғаны бақланған. Себеби, нәрестениң асқазаны оғада кишкене болады. Асқазаны суў менен толған бала болса ана сүтин аз қабыл етеди.
ҚУРТЛАРДЫ МАЗАЛЫ ЗАТЛАР МЕНЕН БАҚПАҢ!
Организмдеги қуртларды арнаўлы аўқатланыў тәртибине әмел еткен ҳалда сапластырыў мүмкин. Неге десеңиз, олар инсан қабыл етип атырған барлық мазалы тағамларға ортақ болып, семириўди ҳәм көбейиўди баслайды. Сол себепли бул «тайынтамақлар»ды жоқ етиў ушын, ең жақсысы оларды бақпаў керек. Мәселен, тап олар унататуғын өнимлерди қабыл етпеў керек. Кейин олар керекли азықлықлыққа ийе болмағанлығы ушын өз-өзинен қырылып кетеди.
Аўқатланыў тәртибинен шығарамыз! Куртлар ақ нан, мазалы затлар, манний кашасы, макарон ҳәм қамырдан таярланған өнимлерди жүдә унатады. Әсиресе, мазалы затлар қуртлардың ең жақсы көретуғыны. Диета ўақтында музқаймақ, конфет, мазалы ишимликлер, шоколад, ҳәттеки палды да шеклеўге туўры келеди. Қалаберсе, банан, шабдал, жүзим, қаўынлар да олардың искерлигин күшейтиўи мүмкин.
Не жеймиз? Қуртлар хош көрмейтуғын тағамлар менен аўқатланыў ушын дыққатты ашқылтым палыз өнимлери ҳәм мийўелерге қаратамыз. Бундай ўақытта мазалы болмаған компотлар, қулпынай, цитрус мийўелер ҳәм ашқылтым түрдеги мийўе жең. Сүтти шеклегенимиз ушын кашаларды әпиўайы суўда таярлап жесеңиз болады.
Атап айтқанда, гүриш, гречка, жүўери жармасы менен рационды байытыў мүмкин. Барлық аўқатларды қайнатылған, пуўға писирилген ҳалда қабыл етиў қуртларға қарсы гүресиўдиң ең жақсы жолы есапланады
НЕГЕ ТҮНДЕ УЙҚЫЛАЎ КЕРЕК?
«Тигиўшилик цехинде тигиўшимен. Жумысшыларға жумыс жеткерип бериў ушын түнде ислеп, күндизи дем аламан. Бул күн тәртибиниң саламатлыққа тәсири жоқ па? Уйқы тәртибиниң өзгериўи қандай ақыбетлерге алып келеди? Мен нелерге итибарлы болыўым керек?»
Айнагүл, 50 жас
Экологиялық ҳәм генетикалық факторлар күн тәртибин дурыс шөлкемлестириўди талап етеди. Күн ҳәм түн ритми алмасыўы физиологиялық жағдайдың бузылыўына алып келиўи мүмкин. Түнде уйқылағанда инсанда мий нейрон ҳәм клетаткалары тикленеди. Әдетте ең пайдалы уйқы – түнги 22 тен азанғы 4 ке дейин. Базыда түнде ислеп, күндизи уйқылайтуғынлар тетик, саламат көриниўи яки өзин сондай тәртипке таярман деп есаплаўы мүмкин. Бирақ көп жағдайларда уйқы тәртиби бузылыўы нәтийжесинде шашқа ерте ақ аралап, тез қартайыў, сезимталлы-физикалық стресслер, депрессия, жумыс өнимдарлығы пәсейиўи сыяқлы машқалалар жүзеге келиўи мүмкин. Бундай күн тәртиби организм ушын зорығыў десек те болады. Усы тәртипте ислейтуғынлардың көпшилиги асқазан-ишек кеселликлери, қан басымы көтерилиўи, семизлик, қантлы диабет сыяқлылардан азап шегеди. Не ушын? Себеби инсан өмири тәбият биоритмине тийкарланады, яғный күнлик ҳәм мәўсимлик. Асқазан ферментлери ислеп шығарылыўы, қанда белгили бир гормонлар искерлиги, дене температурасының өзгериўи сыяқлы процесслер күнниң қайсыдур ўақты менен байланысды. Егер сол ритм бузылса, денениң қайсыдур бөлиминде машқала жүзеге келиўи анық.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…