НАЎҚАСТЫ БАРЫП КӨРИЎ

RA-img

Наўқасты барып көриўдиң өзине ылайықлы тәртип-қәделери бар.


Зыяратшы (яғный, наўқасты барып көриўши) дәслеп уялы телефонын өшириўи лазым — сыртқы дүньядан ҳешким де ярым саат даўамында зыяратқа кесент бермеўи тийис. Палатаға кириўден алдын, есигин әсте-ақырын қағыўы, ишке киргенде жатқанларға өзин таныстырыўы, палата ишине алақ-жулақ нәзер салмастан, нәзерин төменирек алыўы дәркар.

Палатаға көкирек сүтин емип жүрген нәрестени көтерип кирмеген мақул. Өйткени, нәресте өзи үйрениспеген шараятқа түсиўден-ақ, шырқырап жылай баслайды. Бул сәўбетлесиўге кесент береди, палатадағы басқа наўқаслардың да тынышын алады.

Наўқас тынышсызланбаўы ямаса оның денсаўлығына зыян келмеслиги ушын зыярат қолайлы ўақытта әмелге асырылыўы шәрт. Мәселен, әдетте, жаз айында, шаңқай түс ўақтында зыярат етилмейди. Сондай-ақ, зыяраттың наўқас дем алып атырған пайытларында («Тихий час») ямаса процедуралар ўақтында болмаслығы мақсетке муўапық. Өйткени, оның тынышы бузылады ямаса процедурасын өткерип алады. Усы ҳәр еки жағдай да наўқастың саламатлығына зыянын тийгизип, саўалыўын артқа сүйреп кетиўи мүмкин. Зыяратшының наўқас пенен телефон арқалы байланысып, анық бир ўақытты белгилеп болып, келгени дурыс. Сондай-ақ, зыярат ўақтын наўқастың шаңарағындағылар менен муўапықластырған ҳалда тайын қылғаны да мақул.

Наўқастың жүзине күлимсиреп  баққан ҳалда сәлем бериледи, қол берип, аман-есенлик соралады. Егер наўқас қәўипли, жуқпалы кеселлик пенен аўырған болса, қушақласып көрисилмейди. Наўқас пенен шын кеўилден, шийрин-шекер сәўбет қурылады. Зыяратшы наўқастан ҳал-аўҳал сорайды, өзиниң үмит бағышлайтуғын сөзлери менен наўқастың дәртин жеңиллетиўге, кеўлине шадлық орнатыўға ҳәрекет қылады.

Зыяратшы наўқасқа оны тынышсызландыратуғын, кейпиятын төмен түсиретуғын суўық ҳәм сум хабарларды айтпаўы шәрт. Мәселен, наўқас адам емлеўханада болғанында, үйинде қандай да бир жағымсыз, қәўетерли машқала жүз берген болса, зыяратшы бул ҳаққында сирә аўыз ашпаўы керек. Ямаса дәрти қәўипли кеселликлерден болса, бул ҳаққында еслетип,  жүрегин сықпаўы, жигерин қум қылмаўы, сондай-ақ мына тақылеттеги сөзлерди тилине алмаўы лазым:

— Реңкиң жүдә сарғайып кетипти-ғой!

— Қабырға сүйеклериң көринип қалыпты-ғой!

 

Бундай гәплер жараға дуз сепкендей тәсир етеди. Олар наўқастың ҳәсиретлерин және де күшейтип, уйқысын қашырып жибериўи мүмкин. Нәтийжеде кеселликтиң зуғымы беттер зорайып кетеди. Өйткени, сығылыў ҳәм нервтиң шығыўлары ақыбетинде денениң қорғаныў системасы ҳәлсирейтуғыны илимде дәлилленген. Мәбада наўқас инфаркт ямаса инсульт киби қәўипли кеселлик пенен жатырған болса, абайсызда айтып салған гәплериңниң салдарынан күтилмеген ҳәм оғада жағымсыз ақыбеттиң себепкерине айланып қалыўың мүмкин. Турмыста буған мысаллар баршылық.

Егер наўқас жатақлық болса (яғный, орнынан туралмайтуғын дәрежедеги кеселликке шатылса) ямаса шыпакер оның турып-жүриўин қадағанласа, онда зыяратшы бас тәрепинен наўқасқа жақын отырып, қолын оның маңлайына қойған ҳалда, ҳал-аўҳал сорайды. Наўқастан нени қәлейтуғынын, нелерди жегиси келетуғынын сораў ҳәм қандай тилеги болса оны ўажып қылыў нур үстине нур болады.

Зыяратшының наўқастан «Қалай, тәўирмисең?», «Аўҳалың қалай?», «Өзиңди қалай сезип атырсаң?» деген саўаллар менен ҳал-аўҳал сорағаны жүдә жақсы.

Зыяратшы наўқасты талықтырып, зериктирип қоймаў ямаса процедуралардан услап қалмаў ушын оның жанында узақ ўақыт отыра бермеўи тийис. Бирақ, наўқастың өзи зыяратшыны жақсы көргенликтен, оның менен көбирек сәўбетлескиси келгенлигинен және бираз қалыўын илтимас қылса, оның өтинишин жерде қалдырмаў абзалдур. Өйткени, наўқас гейде өзиниң жақсы көретуғын адамлары менен узағына сөйлесип, көңил түйинлерин жаздырғысы келеди. Қулласы, бул мәселеде жағдайға қарай отырып ис тутқаның мақул.

Зыяратшы наўқастың саўалланыўға болған үмитлерин күшейтиўи, оны кеселликти сабыр-тақат пенен жеңиўге шарлаўы ҳәм де үмитсизлик соқпағынан қайтарыўы лазым.

Егерде бирнеше зыяратшы наўқасты көриўге палатаға кирсе, олар наўқас алдында шаўқым-сүрен көтермеўи, бир-бири менен пикир   таласып-тартыспаўы, бир-бирине өкпе-гийнелерин айтысып кетпеўи лазым. Егерде усындай шараят жүз берсе, наўқас олардың кетиўлерин талап қылыўға ҳақлы болады.

Жуқпалы кеселликке ушыраған киси наўқасты зыярат қылыўдан сақланыўы лазым. Өйткени, бундай кисиниң кеселлиги, қандай да бир себеплерге гөре, жуғып қалса, онда наўқастың бир дәрти екеў болып, аўҳалы аўырласады.

«Адам — адамға ем» дейди халқымыз. Сениң зыяратыңнан кейин қәлбинде дөреген қуўаныш, көтериңки кейпият наўқастың ғайратын асырып, руўхын көтереди. Бул болса, өз гезегинде, иммунитеттиң күшейиўине себепкер. Иммунитет күшейсе,  кеселлик кейинге шегинеди — буны мудамы есте тутыўымыз керек.

 

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар