Дүнья жүзи илимпазларының атап өтиўинше, келешекке үмит пенен қарайтуғын адамлардың узақ ҳәм саламат өмир сүриўи ушын имканиятлары көбирек болады екен.
Заманымыздың базы психологларының пикиринше, инсанлар өз өмирин орташа 70 жас деп белгилеп қойған. Соның ушын да, көпшилик бул жастан жоқарыға шыға алмайды, нийетлери оларға кесент етеди екен. Москвалы психотерапевт Евгений ТАРАСОВ, инсан қанша өмир сүриўи ҳаққында қарар шығарыўға асықпаў керек, деген пикирде. Бүгин Тарасовтың бул ҳаққындағы пикирлерин келтирип өтемиз.
УЗАҚ ӨМИР СҮРИЎ УШЫН ТАЯРЛАНЫҢ
– Бир неше жыл бурын Францияда көплеген шаңарақларды арнаўлы тексериўден өткерген. Олар еки топарға ажыратылған. Биринши топарға бир неше әсирлерден берли ата-бабасында узақ жасағанлар болған, яғный 80 жыл ҳәм оннан артық өмир сүрген, екинши топарға болса кемнен-кем 70 жасқа кирген шаңарақларға ажыратылды. Атап өтиў керек, Францияда орташа өмир 79 жыл деп белгиленген. Олардың турмыс тәризи, экологиялық шараяты дерлик бирдей болған.
Тексериўлерге бола, екинши топар ўәкиллериниң шаңарақларында өлимге себеп болатуғын ҳеш қандай қатаң нәсиллик кеселликлер анықланбаған. Соның менен бирге, зыянлы әдетлер ямаса тағамнаманың бузылыў ҳалатлары да бақланбаған. Алдын қәнигелер ҳайран қалды. Бирақ, психологлар тийкарғы себепти анықлаўға ҳәрекет етти. Белгили болыўынша, биринши ҳәм екинши топардағы шаңарақлар кеселлик және өлим ҳаққында ҳәр түрли пикирде екен.
Узақ жасағанлар өмирге ҳәмийше үмит пенен қараған ҳәм кеселликлер менен табыслы гүресе алыўына исенген. Екинши топар ўәкиллери болса, тынышсызланып ямаса ҳеш нәрсе ислемей, кеселликлерин аўырластырған. Бул болса аянышлы ақыбетлерге алып келген. Көрип турғаныңыздай, инсанның саламат болыўды қәлеўи де жақсы нәтийжеге алып келеди екен.
Солай етип, сиз де узақ өмир сүриўди қәлесеңиз, унамлы кейпият усылын санаңызға сиңдирип, оны жақсылық ушын қолланың. Буның ушын сизге төмендеги шынығыўлар усыныс етиледи.
Ояна сала, еле уйқыңыз ашылмастан бурын, сондай-ақ, жатардан алдын 10 мәрте күннен күнге денсаўлығыңыз беккемленип, физикалық ҳәм руўхый жақтан күшиңизге күш қосылып атырғанлығын исеним менен даўысыңызды шығарып айтың, бирнеше ирет тәкирарлаң. 2-3 ҳәптеден соң бул шынығыўдың нәтийжесин сезесиз.
Өткен әсирде америкалы илимпаз П. Малфорд мынадай сөзлерди жазып кеткен екен: «Егер денеңиз кеселликлерден қыйналса, кеселлик ҳаққында емес, ал өзиңди өзиң қәлегендей мини жоқ деп көз алдыңа келтир. Төсек тартып, аўырыўдан қыйналып атырған болсаң да ишки нәзериң менен өзиңди саламат ҳәм белсенди көриўиң керек.
Өзиңди жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен, тек ғана жеңиске қарай талпынып атырған спортшы деп көз алдыңа келтир. Сонда ишки күшиң кеселлик пенен гүресе баслайды. Сениң исенимиң ҳақыйқатқа айланаман дегенше ҳәр күни таңда кешеги күниңнен бүгин жақсы екенлигиңди қайтала».
Әҳмийетлиси – өз өмириңди қысқартпа. Узақ ҳәм қартаймай жасаў ушын денсаўлық керек. Бул усынысларға және оптимистлик философия қағыйдасын да киргизиў керек. Бир сөз бенен айтқанда – қартаймаң!
ГЕРОНТОЛОГЛАР НЕ ДЕЙДИ?
Британиялы илимпазлардың алып барған соңғы изертлеўлери нәтийжесинде саламатлықты узақ жыллар сақлап қалыў ушын мийди турақлы рәўиште шынықтырып турыў керек екен. Бул ақылды тынықластырып, еслеў қәбилетин беккемлеўге жәрдем береди. Соның ушын да, дүнья жүзинде кексе жастағылардың шет тиллерин үйрениўи модаға айланбақта. Ҳәттеки, әпиўайы басқатырмаларды шешиў де мий клеткаларын ҳәрекетке келтирип, олардың арасында миллионлаған қосымша байланысларды иске қосады.
Инсанның өз алдына қойған ўазыйпасы қаншелли қыйын ҳәм әпиўайы емес болса, соншелли жақсы. Мәселен, дөретиўши инсанларға логикалық, математиклерге болса акварель бояў менен сүўрет соғыў ямаса қосық жазыў жақсы тәсир етеди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…