Кондиционерден, яғный, салқынлатқыштан қашатуғын адам көп. Әсиресе, қасына отырып қалыўдан қорқады. Азырақ қосып, тезирек өширип таслағысы келип турады. Аўырып қаламыз деседи.
Өзимиз де кондиционерге жақын отырып, аўырып тымаў тартып қалған ўақытларымыз болған шығар. Буның сыры неде? Неге кондиционер турған бөлме «аўырыў тарқатқыш»? Соны қарастырып көрейик.
Усы жерде ескертип кететуғын нәрсе бар. Адамды аўыртатуғын кондиционерден шыққан суўық ҳаўа емес. Кондиционердиң техникалық жақтан буған байланысы жоқ. Адамды аўыртатуғын суўық ҳаўа емес, кондиционер турған бөлмениң ишиндеги микроб, бактерия ҳәм вируслар.
Кондиционер ҳаўаны айдаған, айландырғанда бөлме ишиндеги патогенлер де ҳаўа менен айланады. Салқынлатқыш пайда еткен ҳаўа айналысы, яғный, конденсат қубылысы патогенлердиң өсип-өниўи ушын таптырмас орталық. Жүдә қолай. Гейде кондиционердиң ишинде, ҳаўа шығар тусында микроорганизмлер қаплап кетиўи мүмкин. Сонлықтан оны тазалап, жуўып-шайған мақул.
Гейде салқын азайсын деп, «кондерди» әсте қосып қоятуғын ўақытлар болады. Бул да дурыс емес. Өйткени бундай температура – вирустың көбейиўине қолайлы орталық. Және мурынның силекей қабаты кеўип, инфекцияны тез тартып алады.
Кондиционердиң фильтрин ўақты-ўақты менен аўмастырсаңыз, тазалап жуўып турсаңыз ҳәм бөлмени ара-тура дезинфекциялап алсақ, аяқ асты шығатуғын аўырыўлар да азаяды.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…