САЛҚЫН ДУШТЫҢ 5 ПАЙДАСЫ

Сейтекова Гулайым Жолдасбаевна, Нѳкис қалалық медицина бирлеспеси 2-реабилитация бѳлими мийирбийкеси
RA-img

  


Салқын  душ  қабыллаған  соң  адам  эмоционаллық жақтан  жеңил  тартады.  Өйткени,  салқын  суўға  түскенде  қанға  түсетуғын  эндорфин  «қуўаныш  гормоны»ның муғдары көбейеди. Ал, 1-2 минут салқын суўдың астында турыў дем алыўды 6 есе жылдамлатып, жүрек  урыўын  19-15%  пәсеңлетеди  екен. Салқын душтың басқа қандай пайдасы бар?

 

Ерк-жигерди шынықтырады

Салқын  душ –  ерк-жигерди  раўажландырыўға арналған әжайып шынығыў. Жигерли адам ғана жетискенликке  ерисип,  табыслы  болады.  Оған  қоса ерк-жигерди  қатайтыў  арқалы  турмыс  тәризин  де дурыс жаққа қарай өзгертиўге имканият бар. Ал ерк-жигерди  шынықтырыў  ушын  күнине  1  минут  ғана жеткиликли. Ол ушын салқын душқа түсиў керек.

 

Шыдамлы болыўға үйретеди

Адам қолайсызлықты басынан өткизип ғана оған бейимли  болады.  Салқын  душ  арқалы  бойыңызды жағымсыз  сезимге  үйретиўге  болады.  Усының  арқа-сында  өмирде  де  қызбалыққа  берилмей,  шыдамлы болыўға үйренесиз.

 

Кишигирим медитация

Медитацияға  дем  алыў  шынығыўлары  киреди. Дем  алыўды  қадағаланда  ўақытты  да  қолға  аламыз. Салқын  душ  бул  тәсирди  күшейтеди.  Адам  салқын суўға түскенде жылдам тыныс алып, дем алыўды ғана  ойлайды.  Усылайынша  салқын  душқа  түсип,  машқаланы умытып, стресстен қутылыўға болады.

 

Бойсыныўға үйретеди

Салқын  душ  психологиялық  «тепки»  бериўдиң шебери.  Бойыңызды  салқын  суўға  үйретиў  ушын узақ  турыў  керек.  Салқын  душ  қабыллаўды  күнделикли  әдетке  айландырсаңыз,  өзиңиздиң  сабырлы, қуўатлы болып атырғаныңызды сезесиз.

 

Иммунитет күшейеди

Салқын  душ  иммунитетти  күшейтип,  организмди  түрли  аўырыўлардан  қорғайды.  Салқын  душ  бойға  қан  жуўыртып,  организмди  шынықтырады.  Сол арқалы организм бойдағы бактерия ҳәм вирусқа қарсы тура алады.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар