Мәңги ядымызда қалады

RA-img

АЛЛАМБЕРГЕН НУРНИЯЗОВ


Усы жылдың 14-июнь күни Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими Нураныйлар комитети баслығы, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў ағласы, «Шуҳрат» медалының ийеси Нурниязов Алламберген Ешимбаевич 78 жасында қайтыс болды.

 

А.Нурниязов 1946-жылдың 10-май күни Кегейли районында туўылды. 1970-жылы Самарқанд мәмлекетлик медицина институтын тамамлап, дерматовенеролог-шыпакер қәнигелигине ийе болды ҳәм өзиниң мийнет жолын Республикалық тери кеселликлери диспансеринде ординатор шыпакер болып ислеўден баслады. Кейин ала усы диспансерде 1975-1979-жыллары бөлим баслығы, 1979-1982-жыллары бас шыпакердиң орынбасары, 1986-1992-жыллары бас шыпакер лаўазымларында нәтийжели мийнет етти. 1982-1986-жыллары болса ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги бас лепролог шыпакери болып хызмет атқарды.

 

1992-1995-жыллары ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Кадрлар ҳәм оқыў орынлары бөлими баслығы лаўазымында тараўды билимли кадрлар ҳәм қәнигелер менен тәмийинлеў жумысларына басшылық еткен болса, 1995-2015-жыллары Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында шыпакер сыпатында салмақлы мийнет етти.

 

Марҳум А.Нурниязов тараўдағы машақатлы мийнет жолы менен қатар жәмийетлик жумысларды қатар алып барыўы арқасында елимизге белгили жәмийетлик ғайраткер сыпатында танылды. Атап айтқанда, 2001-2023-жыллары Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры, 2023-жылдан болса усы бөлимниң Нураныйлар комитети баслығы сыпатында жәмийетимизде шыпакерлердиң абырайын ҳәм қәдир-қымбатын көтериўде, олардың мәмлекетимиз раўажланыў жолындағы белсендилигин асырыўда аянбай хызмет етти.

 

Улыўма 54 жыллық мийнет жолы даўамында А.Нурниязовтың басшылығы ҳәм басламасы менен 1988-1990-жыллары Республикалық тери кеселликлери диспансериниң еки қабатлы имараты пайдаланыўға тапсырылды, усы диспансерде Өзбекстан Республикасы бойынша бириншилерден болып жаңа заманагөй емлеў (ПУВО-терапия, лазер терапия) ҳәм диагнозлаў (экспресс-диагностик) усыллары әмелиятқа енгизилди, дерматовенеролог шыпакерлердиң кәсиплик квалификацион категория көрсеткиши 19,5 проценттен 58 процентке көтерилди. Сондай-ақ, республикада лепролог ҳәм дерматовенеролог шыпакерлерди таярлаўда, олардың билим ҳәм көнликпелерин асырыўда, жаңа мәкемелер ҳәм оқыў орынлары ашылыўында, оларды маман қәнигелер менен, медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеўде марҳум шыпакер айрықша белсендилик етти.

 

Белгили шыпакер болыўы менен қатар А.Нурниязов Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамы университетиниң сыртқы бөлимин 1991-жылы питкерди ҳәм медицина тараўын кең жәмийетшиликке жарытыўда өз алдына соқпақ салды. Шыпакер-журналист сыпатында 1991-2003-жыллары «Арал қызлары» журналыныың редакциялық кеңеси ағзасы, 2007-2011-жыллары «МЕД-О-СПИД» (Ташкент) газетасының Қарақалпақстандағы хабаршысы, 1998-жылдан республикалық «Шыпакер» газетасының жәмийетлик хабаршысы болды.

 

Ол баспасөзде ветеран шыпакерлер, медицина тараўы алымлары, белсендилери, белгили шыпакерлер, тарийхый тулғалар, медицина мәкемелери ҳәм хызметкерлериниң жетискенликлерин 30 ға жақын китаплары, брошюра ҳәм аўдармаларында, 800 ден аслам мақалалары, очерклери, көркем публицистикалық шығармаларында кең көлемде жарытып берди. Усы дөретиўшилик процесс даўамында 2004-жылы Өзбекстан Республикасында ҳәм 2005-2008-жыллары Қарақалпақстан Республикасында Журналистлер дөретиўшилик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген көрик таңлаўларда сыйлы биринши орынды алды.

 

Соның менен қатар, А.Нурниязов Республикада медицина тарийхы музейине материаллар, экспонатлар, фото ҳәм басқа тарийхый ҳүжжетлер таярлаўда белсенди қатнасты ҳәм бул музей 2014-жылы Нөкис қаласында ашылды. Ол Қарақалпақстан медицинасы тарийхы бойынша 2 монографияға редакторлық етти.

 

Ол қайсы лаўазымда ислесе де өзин мийнетсүйгиш, кишипейил, медицина тараўының алдынғы жетискенликлерин пуқта өзлестирген инсан, тәжирийбели устаз, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди ҳәм кең жәмийетшилик арасында үлкен ҳүрмет-абырайға еристи.

 

Оның медицина тараўын раўажландырыўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери жоқары баҳаланып, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў ағласы, «Шуҳрат» медалы ҳәм бир қатар естелик белгилери менен сыйлықланды.

 

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай хызмет еткен ҳәммемизге қәдирли инсан, тәжирийбели устаз, шебер шөлкемлестириўши, жетик шыпакер ҳәм журналист Алламберген Нурниязовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги,

Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими,

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қаракалпақстан Республикасы Кеңеси,

Республикалық тери кеселликлери диспансери,

Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы,

«Шыпакер» газетасы редакциясы.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар