Күнделикли аўқатланыўды биологиялық ҳәм медициналық жақтан ҳәр тәреплеме дурыс, толық ҳәм бар болған гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда әмелге асырыў саламатлықты 75% ке дейин кепиллейди. Соның ушын да рационал аўқатланыў саламат турмыс тәризиниң принципи етип белгиленген.
Дурыс аўқатланыў бойынша әййемнен Аристотел, Гиппократ, Абу Али ибн Сина сыяқлы алым ҳәм ойшыллар көплеген зәрүрлик усынысларды берген.
Соған қарамастан, ҳәзирге дейин халық арасында надурыс аўқатланыўдың ол ямаса бул көринислери ушырайды.
Ҳәзирги заман адамларының надурыс аўқатланыўы менен байланыслы айырым қәте ҳәм кемшиликлери төмендеги көринислерде сәўлеленген.
1. Қабыл етилген күнлик тағамлар калориялық қунының сарыпланғанынан жоқары болыўы.
Аўқат пенен қабыл етилген артықша энергия жоғалып кетпейди, денеде биохимиялық процесслер себепли майларға айланып, тери астында, ишеклер әтирапында топланып баслайды. Артықша энергия қанда холестерин ҳәм қант муғдарын асырады.
2. Аўқатланыў тәртибине (режимине) әмел етпеў.
Егер ўақытлы-ўақытсыз аўқатланылса, шәртли рефлектор искелиги бузылып, ажыралған шире муғдары ҳәм қурам жағынан мақсетке муўапық болмайды. Нәтийжеде ас сиңириў процесин әмелге асыратуғын ағзаларға артықша жүклеме түседи, аўқат жақсы сиңбейди.
3. Аўқатланыў формуласына әмел етпеў.
Күнделикли аўқатланыўда белок, май ҳәм углеводлардың муғдары орташа 1:1:4 етип белгиленген. Бул муғдардың бузылыўы, мәселен белоктың тийисли муғдардан азайыўы тоқыма ҳәм клеткалардың өз ўақтында жаңаланыўы әззилеп, иммунитеттиң төменлеп кетиўи, улыўмалық аўҳалдың жаманласыўы сыяқлылар менен характерленеди.
4. Майлардан надурыс пайдаланыў.
Майларды нормадан көп қабыл етпең. Әсиресе, шарўа қуйрығы майы, маргарин сыяқлы трансмайларды аўқатта көп ислетиў қанда жаман сыпатлы холестеринди көбейтип, бөртпелер пайда болыўына се беп болады. Олар болса тамырларда шөкпе пайда етип, қан айланысына тосқынлық етеди, инсульт, инфаркт сыяқлы қәўипли кеселликлерге алып келеди.
5. Аўқат таярлаўда өнимлерди узақ ўақыт қайнатыў ямаса қуўырыў.
Жоқары температура тек өнимлердеги биологиялық актив элементлерди пәршелемей, ал олардың пайдалы қәсийетлерин жоққа шығарып жибереди. Узақ ўақыт қайнатыў ямаса қуўырыў белок молекулаларының қурамы ҳәм сапасын өзгертип, сиңиўин қыйынластырады, ҳәтте рак шақыратуғын бирикпелерге айландырып жиберер екен.
6. Ишимлик суўының қурамы ҳәм муғдарына итибар бермеў.
Таза суўды қыс ўақытлары патасланбаған таза қар ҳәм музлардан еритип алыў мүмкин.
Басқа мәўсимлерде болса әпиўайы трубадан келетуғын ишимлик суўын музлатып, кейин қайта еритиў жолы менен таза суў пайда етиледи.
Ишилетуғын суў таза, ҳәрқыйлы элементлер ҳәм араласпалар қосылмаған болса, сонша жақсы. Жаман суўдан таярланған тағамлардағы зыянлы элементлер орган, системалар ҳәм бир пүтин организмди тез истен шығарады, кеселликлерге алып келеди, өмирди қысқартады.
7. Суў ҳәм шай сыяқлы суйықлықларды аўқат пенен қосып қабыл етиў ямаса аўқаттан кейин дәрҳал ишиў.
Егер аўқат шай, суў менен қосып жутылса ямаса желингенинен кейин дәрҳал оның үстинен ишилсе, ажыралған шире суйықлықлар менен араласып, өз концентрациясын пәсейтип жибереди ҳәм оның тағамларды пәршелеў күши азайып кетеди. Нәтийжеде аўқат жақсы сиңбейди, ас сиңириў органларына қосымша жүклеме түседи, иш дем болады ҳәм басқалар.
8. Қурғақ клейковина қосылған музқаймақ сосиска, колбаса, конфет, йогурт, кетчуп сыяқлы кондитер өнимлерин көп қабыл етиў.
Ҳәзирги ўақытта ҳәрқыйлы азық-аўқат өнимлерин таярлаўда оларға майысқақлық ҳәм жақсы көринис бериў ушын қурғақ клейковина, яғный глютен қосылады. Бундай өнимлер (мәселен, нан) жумсақлығын узақ ўақыт сақлайды, алып жүриў ушын қолай,
қарыйдары көп болады.
Глютен бийдай, арпа туқымында ушырайтуғын проламин ҳәм глютелин резерв белок фракциялары есапланады.
Анықланыўынша, егер күнлик тағамлар менен көп муғдарда глютен қабыл етилсе, ас сиңириў ағзалары искерлиги бузылып, иш дем болыўы, шығындының суйылып кетиўи ямаса қатыўы, ишеклер моторикасының бузылыўы сыяқлы жағымсыз жағдайлар бақланады.
Нормадан көп желинген клейковина жиңишке ишек силекей қабаты жүзесин қаплап алады ҳәм ас сиңириў процесин бузады. Созылмалы даўам етип атырған бундай бузылыўлар болса анемия ямаса семирип кетиў жағдайларына алып келер екен.
9. Бүгин таярланған тағамды бирнеше күн қалдырып қабыл етиў.
Қалдырылған ҳәрқандай тағамда микроорганизмлер оғада көбейип кетип, организмниң иммун системасын кескин төменлетип жибереди, ҳәрқыйлы кеселликлерге тез берилиўшең қылады, ўақтынан алдын кекселик басланады. Бул бойынша ата-бабаларымыздан мийрас қалған бир әдетти еслеў тийис: олар бүгин писирилген аўқатты жын-жыпырлар тийеди, деп ертеңге қалдырмаған, қалса да жеместен ҳайўанларға берген.
10. Қант ҳәм дузды нормадан көп қабыл етиў.
Адамлар әсирлер даўамында ҳәзиргидей көп муғдарда таза қант ҳәм оннан таярланған шийринликлерди қабыл етпеген. Себеби сап қанттың пайда болғанына 200 жылдан асты, болғаны.
Көп шийринлик қабыл етиў қандағы қант муғдарын асырады. Нәтийжеде асқазан асты безинен артықша инсулин гормоны синтезленеди. Қанттың артықшасы бактериялардың тезлик пенен көбейиўине алып келеди. Оларға қарсы гүресиў ушын иммун системасы зорығып ислейди ҳәм шаршайды. Нәтийжеде бул системаның жумысы төменлеп, көплеген кеселликлер ушын жол ашылады. Қандағы артықша қант майларға айланады ҳәм адам семирип баслайды.
Орташа бир күнде 5 г дуз усыныс етиледи, бул муғдар ишине аўқат ҳәм түрли салатлар менен қабыл етилетуғын дуз да киреди.
Ҳәзирги ўақытта тағамлар менен қабыл етилип атырған ас дузы муғдары нормадан бирнеше мәрте көп.
Ҳәрқыйлы дузламалар денеде натрий муғдарын асырып, көп суў усланып қалыўына алып келеди. Бул жағдай улыўмалық элементлер алмасыўына унамсыз тәсир етеди, тийисли натрий ҳәм калий муғдарын бузып, жүрек, нерв системасы искерликлерин истен шығарады.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…