Депрессив бузылыўлар заманагөй психиатрияның ең әҳмийетли машқалаларынан бири есапланады. Жәҳан Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, депрессия пүткил дүньяда мийнет қәбилетин жоғалтыўдың жетекши себеплеринен бири. Кеселлик наўқаслардың өмир сыпатына, соматик кеселликлердиң кешиўине ҳәм өлим көрсеткишлерине үлкен тәсир көрсетеди. Халықаралық шөлкемлердиң баҳалаўы бойынша: Дүньяда 280-330 млн нан артық адам депрессия менен аўырады, үлкен жастағылар халық арасында орташа тарқалыўы 5-6% қурайды. Ҳаяллар депрессия менен еркеклерге салыстырғанда орташа 1,5 есе көбирек кеселленеди. Жас өспиримлер арасында клиникалық әҳмийетли симптомлар 3-4%те анықланады. Бурын қуўандырған нәрселер (мүнәсибет, музыка, жумыс, хобби, шаңарақ) қызығыўшылық ямаса эмоционал тәсир қалдырыўды тоқтатады. Адам үйреншикли ис-ҳәрекетлерди орынлаўды даўам еттириўи мүмкин, бирақ қанаатланыў сезими болмайды.
Уйқының бузылыўы ҳәр түрли көринисте болыўы мүмкин: уйқылаў қыйыншылығы, тез-тез түнги ояныўлар, азанда ерте турыў, жүзеки, қәўетерли, азырақ уйқы гүзетиледи. Көбинесе наўқаслар ерте таңда тынышсызланыў ямаса қәўетер сезими менен оянады. Иштейдиң өзгериўи – айырым наўқасларда иштейдиң пәсейиўи, азып кетиўи бақланады.
Психомоторлық тормозланыў – ҳәрекет, сөйлеў ҳәм пикирлеўдиң әстенлесиўи. Адам әсте, паузалар менен сөйлейди, берилген сораўларға иркилип, итибарсыз қысқа етип жуўап береди, базы да сораўды бир неше мәртебе қайталаўға туўра келеди. Ойлаў пикирлеўи әстелесип ҳәрекетлери босасады. Ажитация қарама-қарсы жағдай: ишки зорығыў, тынышсызланыў, бир жерде тыныш отыра алмаў, отырған жерин тез-тез өзгертип турыў, бөлмеде тынбастан жүриў жағдайлары гүзетиледи. Олардың еки варианты да депрессияда бақланыўы мүмкин.
Соматикалық арзылары: бир қатар жағдайларда эмоционал кеширмелер емес, ал физикалық симптомлар биринши орынға шығады. Бул болса өз ўақтында диагноз қойыўды қыйынластырады. Буннан тысқары көпшилик наўқасларда Протопопова үшлиги, яғный үш белги ушырасады: тахикардия – жүректиң нормадан тысқары тез соғыўы, мидриаз – көз қарашығының кеңейиўи ҳәм иш қаталаў болады. Диагноз клиникалық интервью ҳәм кеселликлердиң халықара классификациясы критериялары тийкарында анықланады.
Депрессияның ақыбетлери: Узақ ўақыт бир жағдайда жатыўы нәтийжесинде жатақ жаралардың, аўқаттан бас тартыўы ақыбетинде кахексияның пайда болыўы ҳәм аўыр аянышлы ақыбети – бул өз жанына қыянет қылыўы болып табылады.
Жуўмақ: Депрессив бузылыўлар үлкен медициналық-социаллық машқала болып есапланады. Халық аралық мағлыўматлар ҳәм аймақлық бақлаўлар кеселликтиң, әсиресе, ҳаяллар, жас өспиримлер ҳәм созылмалы соматикалық патологиясы бар наўқаслар арасында көп тарқалғанын тастыйықлайды. Ерте диагноз қойыў, стандартластырылған шкалаларды қолланыў, комплексли емлеў кеселлик ақыбетин ҳәм наўқаслардың өмир сыпатын сезилерли жақсылаў имканын береди.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…