Илимпазлар ол ямаса бул әдетлеримиз өмиримизди қаншелли қысқартыўы ҳәм узайтыўы мүмкинлигин анық есаплап шығыў ушын изертлеўлер алып барып, нәтийжеде күтилмеген жуўмаққа келди…
САРРАСлық – саламат инсанлардың әдети
Турақлы рәўиште жумысқа кешигиў карьера, өзара катнасықлар, базы ўақытларда болса, перзентлеримизге де кери тәсир етеди. Мысал ушын, перзентиңизди мектепке ямаса бақшаға алып барыўға кешиктиңиз. Нәтийжесин талқылап көриң.
Әлбетте, бундай жаман әдетлер өмирдиң даўамлылығына да өз тәсирин тийгизбей қалмайды. Кеш қалып атырған адам ҳеш қәтержам бола алмайды, себеби ол кешигип атыр, ол асығады. Оның ашыўланғаны, жол белгилеринен, транспорттың әстен жүриўинен налығаны аздай, ол өзин күтип отырғанлардың да наразылығына ушырайды. Англиялы илимпазлардың атап өтиўинше, бундай стресс «турақлы кешигиўшилер» диң өмирин 3 жылға қысқартады екен.
Басынан баслаўға ҳешқашан да кеш емес!
Пайдалы әдетлерге үйрениў ушын ҳешқашан кеш емес, деп есаплайды Уллы Британияның Бат университети изертлеўшилери. Олардың анықлаўынша, күнине 25 минут ўақтын физикалық ҳәрекет – тез жүриў, велосипедте сейил етиў, жүзиў менен шуғылланыўға ажырататуғын адамлар дерлик емлеўханаға түспейди ҳәм кемнен-кем жағдайларда шыпакерге мүрәжат етеди. Бул изертлеўдиң ең әжайып тәрепи сонда, көриктен өткенлердиң орташа жасы – 78 де.
Ҳәмме ашық ҳаўаға!
Шығыс Калифорния университети (АҚШ) ниң изертлеўшилери 55 жастан асқан адамлардың есте сақлаў, үйрениў ҳәм интеллектуаллық потенциалын баҳалап, төмендеги жуўмаққа келди: ҳәр күни ашық ҳаўада сейил ететуғынлардың ақылый жумысқа имканиятлары жаслық ўақыттағыдай сақланып қалады екен.
Улыўма алғанда, пайдалы әдетлер ҳәр тәреплеме пайдалы. Демек, оларға ийе болыўға ҳешқашан да кеш емес. Бирақ, бул ўақытты өткерип жибериў керек дегени емес.
Жумысқа ямаса қандай да бир жерге барыў ушын күндегиден 15 минут бурынырақ шықсаңыз, стресстиң өмириңиз минутларын урлаўына жол қоймаған боласыз.
Үш жыл даўамында күнине 25 минутлық физикалық ҳәрекет 70 жастан асқанлардың емлеўханаға түсиўин 2 есе азайтады.
Ҳәр күни ашық ҳаўада сейил етиў тек жүректиң жумысы ҳәм териниң реңи ушын ғана емес, ал еслеў қәбилети ҳәм мий жумысы ушын да оғада пайдалы.
ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.
Шадлық гормонлары туўралы
Денсаўлықтың дәрежелери
Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ
Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…