Қорқынышлы жаңалықлар ағысына кирип кетсеңиз…

Қалжанова Наргиза Караматдиновна, Республикалық қәнийгелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикаси филиалы мийирбийкеси
RA-img

  


Егер социал тармақлардағы қорқынышлы жаңалықлар ағысына кирип кетсеңиз, ал досларыңыздың жиберип атырған хатлары оннан сайын ҳүрейлендирсе, сиз – жалғыз емессиз. Себеби бурын-соңлы дүнья тарийхында адамлар бундай көп информация қураллары қоршаған жерде өмир сүрген емес. Егер өзиңизди қолға алып, күнделикли жаңалықларды електен өткермесеңиз, ол организмиңизге қәўип дөндириўи мүмкин.

Изертлеўлер бойынша, санлы технология заманында шама менен төрт адамның үшеўи уйқылар алдында ҳәм уйқыдан турған ўақтында жаңалықларды/социал тармақларды тексереди: нәтийжеде өзин түскин сезинеди. Техас университетиниң профессоры Мэри Макнотон-Кассиллдиң айтыўынша, бул бизиң ақыл-ойымызға тәсир етип, депрессия, мазасызлық ҳәм ашыў сезимин шақырады. Психолог бул қысымды «тоқтаўсыз тәбийий апат пенен» салыстырады. Ал, «жаман» жаңалықларды үзликсиз оқыў физиологиялық дәрежеде неге әкеледи?

1. Удайы «жаман» жаңалықлар оқыўдан гүйзелис (стресс) созылмалы түрге айланады.

Гүйзелис (стресс) — адам ушын үйреншикли сезим. Оны арасында бастан кешириў – нормал нәрсе. Бул қысқа мүддетли эмоция, әдетте, жылдам кетеди. Бундай гүйзелис адамға қәўипли жағдайды бақлаўға көмеклеседи. Ол бир ҳәпте ямаса оннан да узаққа созылса, оны созылмалы гүйзелис деп атайды. Тез-тезден қорқынышлы жаңалықлар оқыў усы созылмалы гүйзелисти пайда етеди. Сиз оған үйренип кетсеңиз, ол қәўипли психикалық машқалаға айланады.

2. Удайы «жаман» жаңалықлар оқыўдан кортизол гормонлары бөлинеди.

Дене стресске гормонлар бөлиў арқалы тәсир береди. Бул гормонлар дәслеп мийиңизди өткир ҳәм сергек етеди, булшық етлерди тонусқа келтирип, жүрекке көбирек қан жибереди. Бул реакциялар қысқа мүддетли түрде жақсы. Дене усылай қорғанады. Бирақ күнделикли негатив жаңалықларға тәсирлениў гезинде усы реакциялар кортизол дәрежесиниң артыўына шақырады. Бул гормон бүйрек үсти безинде дүзиледи ҳәм тиккелей артериялық басым менен зат алмасыўға тәсир етеди. Нәтийжеде жоқары қан басымы, жүрек жетиспеўшилиги, ас сиңириўдиң бузылыўы, семизлик ҳәм ҳәтте, диабет пайда болыўы мүмкин.

3. Удайы «жаман» жаңалықлар оқыўдан есте сақлаў әззилейди.

Шыпакер Элмер Уэрттиң изертлеўи бақлаўсыз информациялық негативтен пайда болған стресс адамның есте сақлаўына тәсир ететуғынын көрсеткен. Соның ишинде, ол «кеңислик есте сақлаўға», яғный, бизиң кеңисликтеги затларды табыў ҳәм байланыстырыў қәбилетимизге жуўап беретуғын есте сақлаў типине тәсир етеди. Кеңислик есте сақлаўдың өзгериўиниң әпиўайы мысалына үйдиң ямаса көликтиң гилтин қайсы жерге қойғаныңызды умытып қалыўды келтириўге болады. Созылмалы гүйзелис қаншелли узақ созылса, есте сақлаў соншелли қысқара береди. Мий дүзилисиниң бундай өзгериўине де кортизол айыплы.

Ал, «жаман» жаңалықлар тәсири менен қалай гүресиўге болады?

Ўақытша уялы телефонды өширип таслаң. Тилекке қарсы, буны айтыў ғана аңсат. Себеби биз телефонды автомат түрде қолланамыз. Ең болмағанда, арасында хабарлама келиўин өширип қойыў керек. Сондай-ақ, уйқылаўға 1-2 саат қалғанда уялы телефонды «без звука» режимине қойыў усынылады.

Айрықша жағдайдың өзинде позитивли ойлаўға үйрениң. Ҳәр нәрседен үмит сәўлесин излең. Позитивли ойлаў стресс пенен гүресиўге көмеклесип ғана қоймай, депрессия дәрежесин төменлетиўге ҳәм иммунитетти көтериўге жәрдем береди. Стрессти басқара алыў әҳмийетли. Бул машқаланы шешиўге анық жоба менен кирисиң.

Ең көп оқылғанлар

Гигиена қағыйдалары

ШАҢАРАҚ БИР МОЧАЛКАДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ МҮМКИН БЕ? Ҳәр бир шаңарақтың өзине тән гигиеналық әдетлери болады. Айырым үйлерде ҳәмме бир мочалкадан пайдаланса, базылары ҳәтте мочалкадан бир мәртеден артық пайдаланбайды. Қайсы жағдай шынында да гигиена көзқарасынан туўры болса, базылары буған тек ғана әдетленип қалған, болғаны. «Шаңарақлық» мочалкадан пайдаланыў қаншелли дурыс? Буған микробиологлар жуўап береди. Гигиена қағыйдаларына гөре, ҳәр бир адамның жеке мочалкасы ҳәм сүлгиси болыўы шәрт. Тис щёткасын айтпаса да болады. Өйткени ҳәр ким өз микробиозы, бактерияларына ийе болып, олар өзи ушын ғана қәўипсиз. Бирақ басқаларға зыян жеткерип қойыўы мүмкин. Биз айырым микроорганизмлер менен «апақ-шапақ» болып жасаймыз. Олар бәрқулла бизиң микрофлорамызда болады. Егер де оған сырттан жат денелер түссе, ортада қарама-қарсылық келип шығады. Бул ақыбетинде қышыма ҳәм бөртпелер сыяқлы қолайсыз жағдайлардан үлкен кеселликлерге дейин себеп болыўы мүмкин. Әдетте мочалка қурғап үлгермейди, себеби ол ҳәрдайым ығал жерде турады. Сол тәризде ол бактериялар, соның ишинде Staphylococcus aureus (алтын рең стафилококк) көбейиўи ушын қолай шараят жаратады. Бул бактерия көплеген кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин: безеў (угри) сыяқлы жеңил тери инфекцияларынан баслап менингитге шекем. Кеселлик жуқтырыўдың алдын алыў ушын айрықша мочалкадан пайдаланыў, ислетип болғаннан кейин жақсылап жуўып кептириў талап етиледи.

Оптимистлер узақ жасайды

Замира Мадраимова, Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақ поликлиникасының улыўма әмелият шыпакери

Шадлық гормонлары туўралы

Шүкирлик етпеймиз…

  

Аёллар саҳифаси

  

ҲАҚЫЙҚЫЙ САЛАМАТЛЫҚ ДЕГЕН НЕ?

Ж. Данебаев

Денсаўлықтың дәрежелери

«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Қурал Жалғасбаевич Камалов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры аймақлық бөлими баслығы

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында  МАҒЛЫЎМАТ

ДӘРИ ҚАШАН ЗӘҲӘРГЕ АЙЛАНАДЫ?

Биз түрли кеселликлерге қарсы гүресиўде дәрилерге сүйенемиз. Сол себепли, ҳәр бир шаңарақта  үлкен бе, киши ме дәри қутысы болады. Ҳәтте дәрилер менен емлениўге қарсы адамлардың үйинде де биринши медициналық жәрдемди көрсетиўге мөлшерленген дәри қутысы бар. Олардан ең керек ўақытларда пайдаланып, дәртимизди жеңиллестиремиз. Усы дәри-дәрмақлардың биз билмеген қандай зыянлары бар? Бүгинги тема тап усы ҳаққында…

Категориялар